Анар – issisu’yer өсимлик, пайдалы температура суммаси 5000 оС га жеткенде оннан жоқары сыпатлы мийўе алынады. Қубла аймақларда Анар теңиз қәддинен 1200 м бийкликте, қарийиб 700 мм жаўынгершилик түсетуғын лалмикор жерлерде жетистириледи. Анарзор бағлар бир жыллық нәллерден егиледи. Анарзор бағ жаратыў ушын жер басқа мийўе тереклер ушын таярланғандай, әдеттеги усылда таярланади. Анар суўық самаллардан қоршалған ҳәм қуяш қыздырып туратуғын өнимдарлы қумлақ боз жерлерде өседи.
Шорланған ҳәм батпақланған жерлерде жақсы өспейди. Анар нәллери бир-биринен 4 х 2 м аралықта, лалмикор жерлерде өстирилгенде болса 5 х 4 м аралатып отырғызылады. Анар шеттен шаңланатуғын өсимлик, бирақ өз-өзинен де шаңлана алады. Соның ушын, әнардың ҳәр түрли сортларын араластырып егиў өнимдарлықты асырады.
Анар нәллери тийкарынан бәҳәрде - март айы ақыры апрел айы басларында егиледи. Нәллер егилетуғын уралардың тереңлиги 60 см, кеңлиги 75 см ге шекем болады. Нәллер егиўден алдын жерлер терең 40-50 см тереңликте плантажли плуглар менен аўдарып сүрилиўи лазым. Нәллер егилгеннен соң қарықлап суўғарылады. Суўғарылғаннан 2-3 күн өткеннен соң, нәллер туўрылап шығылады ҳәм зәрүр болса, олар астына топырақ салынады.
Анар нәллери отырғызылған дәслепки жылы вегетация дәўири даўамында 10-12 мәрте (гектарина 600-700 м3 есабында) суўғарылады. Анарлар топырағының нәмлиги дала нәм сыйымлығына қарағанда 75-80 % да сақланади. Ақырғы суў октябрдиң биринши он күнлигинде бериледи. Ҳәр гезге суўғарыўдан соң топырақ жетилиўи менен суўғарыў қарықлари ҳәм өсимлик түплери ҳәмде қатар аралары жумсартылады. Өсимлик қатар аралары жаз даўамында 4-5 мәрте жумсартылады. Гүзде анар түплери дүмпешик алынып топырақ пенен көмиледи.
Қыста қатты суўық болмайтуғын ҳәм температура 15-16о тан төменге түспейтуғын, қубла аймақларда әнар түплери көмилмей өстириледи. Дәслепки еки жыл даўамында қатар аралары қара шүдгарлығынша қалдирилади, оннан кейинги жыллар қатар араларына сидерат егинлерди егиў мақсетке муўапық болады.
Өнимге кирген әнар өсиў дәўиринде 9-10 мәрте суўғарылады. Суўғарыў нормаси гектарина 800-900 м3, әнар түплерин қыста аңсат болыўы ушын өсиў дәўиринде бастырып суўғарылады. Шақалары моғорламаслығы ушын қыста суўғарылмайди, бирақ қыс жүдә қурғақ келгенде бир-еки мәрте гектарина 1500-2000 м3 нормада суўғарылады.
Жас әнарзарлар бағ жаратылғаннан соң үшинши жылдан баслап гектарина 25-30 т есабынан гөң берилип төгинленеди, бесинши жылдан
баслап болса ҳәр үш жылда бир мәрте 35-40 т дан гөң ислетиледи. Минерал төгинлерден дәслепки еки жылда ҳәр жылы гектарна тәсир етиўши зат есабында 30-35 кг дан азот, 20-25 кг дан фосфор ҳәм 7-8 кг дан калий салынады. Үшинши, төртинши жылда азот ҳәм калий муғдары еки есе, фосфорды болса 1,5 есе асырилади. Бес жаслы ҳәм оннан асқаннан кейин ҳәр гектарга азот нормаси 100-120 кг/га, фосфордикин 60-65 кг ҳәм калийдикин 25-30 кг/га жеткизиледи. Өнимдарлығы төмен жерлерде азот ҳәм фосфор муғдары 1,5-2 есе асырылады, солардан азоттың 50 % и жаз даўамындағы азықлантырыўда бериледи. Төгинлер жас бағларда 15-20 см тереңликте, ҳасылға кирген әнарзарларда болса 35-40 см ге шекем тереңликда салынады.
Гүзде әнар түплери қысқа көмилгеннен кейин, қатар аралары 25-30 см тереңликда сүриледи. Шүдигар қилинган жер бәҳәрде бороналанади, қатардаги өсимликлардиң қапталлары болса, өсиў дәўири даўамында 2-3 мәрте жумсартылады. Турақлы рәўиште суўғарып турыў әҳмийетли орын тутади, болмаса әнарлар жарылып кетеди. Ҳәр гезги яки ҳәр еки суўғарыўдан кейин аралары жумсартылады.
Әнжир. Бағты тәрбия қылыў агротехникаси да әнарзарлардағы
сыяқлы болады. Соның ушын, тек парқы айрим қәсийетлерине тоқталып өтемиз. Бағқа узынлығының 2/3 бөлимине шекем қисқартирилған бир жыллық нәллер отырғызылады. Азықланыў майданы әнарға қараганда үлкен 5х4 м болады. Әнжир түбине бойы 30-40 см ге жететуғын төмен денели терек көринисинде форма бериледи. Денеден жоқарыда 3-4 та тийкарғы шақа қалдырылып олардан екинчи ҳәм оннан кейинги тәртип шақалары формалантирилади. Әнжир түбине бул қыйлы форма берилсе, оны қыста көмиў қолай болады. Тийкарғы шақалары ҳәдден тысқары көп болып кетсе, әнжир түби де үлкенлеседи ҳәм ақыбетте түпти көмиў ҳәм ашыў жумыслары қыйынласады.
Әнжир түплери ашылғаннан кейин екинчи жылға қалдырылатуғын
тийкарғы шақалары таңланады, қалған шақалары кесип тасланады. Шақалары узынлығының шама менен үштен бирине (1,5 м ге жақын) қисқартирилади. Ҳәр қайси шақада 40-50 см қисқартирилған екинчи тәртип шақаларынан үш- бесеўи қалдырылады, қалған шақалары кесип тасланади яки өскен сайин шылпып барылады. Оннан кейинги жылларда жоқары тәртиплердеги шақалары шығарылады. Терек жақсы шақаланыўы көплеп, дәслепки еки-үш жылда ерте бәҳәрде тийкарғы шақаларының ушлары ҳәмде өткизиўши орайлық шақалары қисқартирилади. Жүдә көп путаб тасланбайды, себеби оның ақыбетинде көп бачки шақалар шығара береди, бирақ шақасы көбеймейди.
Төмен шақаланғаныда 40-60 см узынлықта шақалар ушы чилпинади. Әнжир сол жылғы шақаларыда, тийкарынан орташа узынлығы 40 см болған биринши-үшинши тәртип шақаларыда мийўе пайда қылады. Соның ушын, путаў пайтинда әсиресе әне сондай шақалары шығарыўға ерисиў лазым. Бирақ шақалар ҳәдден тысқары қалыңласып кетсе, бул ҳалда теректиң мийўе пайда қылыўына кери тәсир көрсетеди.
Әнжир өсимлиги топ мийўелерден еки мәрте өним береди.
Бириншиси июнь ақыры - июль басында жетиледи. Бул мийўелер кем шире болып, хожалық жағынан онша әҳмийетли емес. Августдан октябрь айы ярымына шекем көмиў пайтына шекем екинчи ҳасыл жетиледи. Бирақ, тийкарғы ҳасыл (70-75 %) августта толық писеди. Шақаға форма берилген болса, оның тәрбиясы қурыған, сынған ҳәм қалыңластырылатуғын шақаларын кесип таслаўдан ибарат болады. Қартайған әнжир тереги жасартирилади, буның ушын шақаның айрым бөлимлери путалып, жыл даўамында 2,5 м узынлыққа жететуғын шақалар шығарады. Жас шақалары ҳасыл қылыў мақсетинде бул шақалар жазда шылпынади.
Базы сортларында бачки шақалар пайда қылады. Бул болса, жүдә көп мийнет есапланған көмип өстириў орнына әнжирди бачки шақалардан өстириўге өтиў пикирин туўдарыда. Көпшилик аймақларда көмиў есапқа алынып 3 та тийкарғы шақа шығарып форма бериледи, көмиў пайтында шақалардан бири сынғанда ҳам әнжир түби сақланади. Вегетация дәўири даўамында тамыр бачкилари 2-3 мәрте алып тасланади, шақаны қалыңластырылатуғын ҳасылсыз сол жылғы шақалар, ғаўлап кетиўши шақалар ҳәм қуўраған ғарры шақалары июнь-июль айларында бир-еки мәрте путалады.
Әнжирзарларды жаратылған дәслепки жылы 10-12 мәрте; отырғызылғандан кейин дәслепки үш жыл даўамында 10-11 мәрте суўғарылады, ҳасылға кирген әнжирзарлар болса, қубла аймақларда 7-10 мәрте, арқа аймақларда 4-5 мәрте (гектарина 800 м3 есабында) суў бериледи. Шақалары моғорламаслығы ҳәм ширимеслиги ушын қыста суўғарылмайди. Вегетация дәўири даўамында топырақтың бир метр қабатындағы нәмлиги 18 % әтирапында болыўы керек. Оннан да көп нәмлик, гарчи ҳасылды (8,5-10 %) асырсада, мийўелердиң күшли өсиўине, олардың өсиўи кеш тамамланыўына себеп болады. Ақыбетте гузге барып шақалардың ушқы бөлимлери писпей қалады ҳәм қыста ҳәтте топырақ астына көмилген болыўына қарамай суўық урады.
Ҳасылға кирген әнжирзарлардың ҳәр гектарина: (сап ҳалда есабында) 120-180 кг азот, 90-120 кг фосфор ҳәм 45 кг калий бериледи. Жыл аралатып гектарига 10-12 т дан гөң салынады. Ҳасылға кирмеген әнжирзарға салынатуғын төгинлердиң муғдары еки-төрт мәрте кемейтириледи. Өзбекистанның арқа зонасында ҳасылдар жас әнжирзарларға 60 кг азот, 45 кг фосфор ҳәм 10 т шириген гөң бериледи.
Әнжир түплери октябрдиң екинчи ярми - ноябрдиң басларында жапырақтың төгилиўин күтип отырмай (олар узақ ўақытқа шекем төгилмей турабереди) көмиледи. Көмиў алдынан әнжир қатар аралары суўғарылады, сүриледи. Әнжир түплери ҳәр дайым бир таманға қаратып қатар бойлап ийледи ҳәм жерге жатқызып, жоқарысына пақал яки қамыс жайылады, соң жумсақ нәм топырақ салынады. Дене ҳәм шақалардың ҳәдден тысқары ийип жибермеслик ушын әнжир түби астына топырақтан «дүмпешик» қылынады.
Бәҳәрги суўықлар өткеннен соң (орташа апрелдиң дәслепки 5 күнлигинде) әнжир түплери ашылады. Кеш ашылғанға қараганда ерте ашылған әнжир түплеринен көбирек өним алынады. Бул бүртиклердиң моғорланыўдан кем набыт болыўы ҳәмде ерте өсе баслаўы ҳәм топмийўелериниң көбирек жетилиўи есабына ерисиледи. Түплери ашылғаннан кейин дүмпешиклер жайылады, шуқырлар толтырылады ҳәм майдан тегисленеди.
Хурма ушын қуяш бәрҳә түсип туратуғын, суўық самалдан қоршалған, изей суўлари қәдди 2 м дан терең өнимдарлы жерлер ажратилади. Хурма нәллери отырғызылатуғын жер әдеттеги усылда, басқа мийўе тереклери ушын белгиленген тәртипте исленеди. Хурманың Кавказ яки Виргин хурмаси сабыўшысына өстирилген бир яки еки жаслы нәллери ерте бәҳәрде 1 апрелге шекем азықланыў майданыни 6х6 м қылып отырғызылады. Шеттен шаңланатуғын сортларды егиўде шаңлаўшы сортлар ҳәр үшинши қатарға екеўден нәл аралатып отырғызылады.
Дәслепки жылы хурма бағлари 10-12 мәрте суўғарылады. Булардан ақырғысы 15 сентябрден кешиктирмей бериледи. Қатар араларына баў-бақша, картошка ҳәм собықлы дән егинлери егиледи. Ҳасылға кирген хурма бағларының қатар аралары отлар менен бәнт қылынады, себеби хурма тереклери жердиң қатты қызыўына шыдам бералмайды.
Өнимдарлы жерлердеги хурма тереклери, әдетте ҳасыл бергенше төгинлемейди. Ҳасыл бериў дәўиринде гектарина 120 кг, азот 90 кг фосфор ҳәм 60 кг калий (сап зат есабында) салынады. Ҳәр үш жылда бир мәрте гектарина 10-12 т гөң бериледи. Толық ҳасылға кирген ҳәм ҳасылдарлығы жоқары болған жыллар төгинлер нормаси асырылып, өсиў дәўири даўамында 8-10 мәрте суўғарылады.