15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Бағыўшысын жоғалтқанлығы бойынша напақа



Download 0,79 Mb.
bet9/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   198
Bog'liq
Miynet

Бағыўшысын жоғалтқанлығы бойынша напақа. Пенсия тайынлаў ушын зәрүр болған жумыс стажына ийе болмаған шахс қайтыс болған жағдайда оның қарамағында болған шаңарақ ағзалары бағыўшысын жоғалтқанлығы бойынша напақа алыў ҳуқықына ийе. Қайтыс болғанның шаңарақ ағзаларына напақалар муғдары төмендегише белгиленеди:
– шаңарақтың үш ҳәм оннан артық мийнетке жарамсыз ағзасына – қайтыс болған пуқара алған ямаса алыў ҳуқықына ийе болған напақаның 100 проценти;
– шаңарақтың мийнетке жарамсыз еки ағзасына напақаның 75 проценти;
– шаңарақтың мийнетке жарамсыз бир ағзасына напақаның 50 проценти.
Бағыўшысые жоғалтқанлық бойынша напақа тайынлаўда район (қала) социаллық тәмийнат бөлимине бағыўшысының қайтыс болғанлығы ҳаққында гуўалықнама ҳәм балаларының туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалықнамалар нусхасы усынылады.
Ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы. Напақаның бул түри төмендеги жағдайларда бериледи:
– ўақтынша мийнетке қәбилетин жоғалтыў менен байланыслы кеселликте;
– санатория-курортларда емленгенде;
– кеселленгенде шаңарақ ағзасына қараў зәрүр болғанда;
– карантинде;
– туберкулез ямаса кәсип кеселлиги себепли ўақтынша басқа жумысқа өткерилгенде;
– мийнет қәбилетин тиклеў ямаса жасалма ағза (протез) қойдырыў ушын реабилитация мекемелерине жатқызылғанда.
Ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасын тайынлаў ушын тек ғана белгиленген тәртипте берилген ўақтынша мийнетке жарамсызлық (кеселлик) бети тийкар болады. Напақаның бул түри мийнет қәбилети жоғалтқан биринши күннен ол тикленгенше ямаса медициналық-мийнет экспертиза комиссиясы тәрепинен нәгиранлық берилгенге шекем бериледи.
Ислеп атырған нәгиранларға ўақтынша мийнетке жарамсызлық бойынша напақа мийнетте майып болыў ҳәдийселери ямаса кәсип кеселлигинен тысқары избе-из еки айдан ҳәм календарь жылда үш айдан аспаған мүддетке бериледи. Ислеп атырған жеңиллиги жағынан екинши жәҳән урысы нәгиранларына теңлестирилген нәгиранларға, Чернобыль АЭС теги апатшылық ямаса оның ақыбетлерин сапластырыў бойынша жумысларды орынлаў менен байланыслы себеплерге қарай нәгиран болған шахсларға ўақтынша мийнетке жарамсызлық бети избе-из төрт айға шекем ямаса календарь жылда бес айға шекем бериледи. Егер ислеп атырған нәгиранның ўақтынша мийнетке жарамсызлығы мийнетте майып болыў ямаса кәсип кеселлиги себепли жүз берсе, напақа ол толық тәўир болғанша ямаса мийнетте майып болыў ямаса кәсип кеселлиги менен нәгиранлық топары қайта көрип шығылғанға шекем төленеди. Туберкулёз кеселлиги ақыбетинде ўақтынша мийнетке жарамсызлық бойынша напақа шахс толық тәўир болғанға шекем, бирақ көби менен 10 айға бериледи. Жумысшы туберкулёз кеселлиги менен қайта аўырғанда ямаса туберкулёз кеселлиги ақыбетинде нәгиран деп таўылғанда напақа көби менен 6 айға бериледи.
Ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик төмендеги дәўирлерге туўры келгенде напақа төленбейди:

  • мийнет ҳақы сақланбаған дем алыс;

  • баланы бағыў бойынша дем алыс;

  • жумыс ўақтынша тоқтатылғанда;

  • жумысшы жумыс (лаўазым)тан шетлестирилип, мийнет ҳақы төлеў тоқтатылып қойылғанлығы себепли ислемегенде;

  • өндиристен ажыралмаған ҳалда оқыў орынларында оқыў қатнасығы менен берилген қосымша дем алыста.

Булардан тысқары, ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы жумыстан ямаса басқа ўазыйпалардан бас тартыў мақсетинде өз ден саўлығына биле-тура зыян жеткерген ямаса өзин кеселликке салғанда; нәшебентлик ямаса мәслик менен байланыслы ҳәрекетлер ақыбетинде, сондай-ақ, спиртли ҳәм нәшебентлик затларын тутыныў нәтийжесинде кеселликке шалынғанда; жынаят жүз бериў ўақтында жарақатланғанда; суд қарары тийкарында мәжбүрий емлениўге жиберилгенде; қамақта болған дәўирде; суд-медицина экспертизасынан өтиў дәўиринде берилмейди.
Ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы жумыс стажының даўамлығына қарамай мийнет ҳақының 100 проценти муғдарында ислеп атырған екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларына; интернационал жаўынгерлерге ҳәм оларға теңлестирилген басқа шахсларға; қарамағында 16 жасқа (оқыўшылар 18 жасқа) жетпеген үш ямаса оннан артық балалары болған жумысшылерге; Чернобыль АЭСтеги авария нәтийжесинде радиоактив зәҳәрлениў зонасынан эвакуацияланған ҳәм көширилген, қан пайда етиўши органлар кеселликлери ҳәм қәўипли өсимтелер менен байланыслы кеселликлерге шалынған жумысшылерге; мийнетте майып болыў ҳәм кәсип кеселлиги нәтийжесинде ўақтынша мийнетте жарамсыз болған хызметкерлерге төленеди.
Социаллық әҳмийетке ийе болған кеселликлер (туберкулёз кеселлиги, онкология кеселликлери, қәўипли өсимтелер, жынысый жол менен өтетуғын кеселликлер, ОИТС, мақаў кеселлиги, руўхый кеселликлер) бойынша есапта турған жумысшылерге олар тәрепинен мәмлекет социаллық қамсызландырыў взнослары төлеген дәўириниң (улыўма жумыс стажының) даўамлылығына байланыслы түрде ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы төмендеги муғдарда төленеди:

  • улыўма жумыс стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған жумысшылерге мийнет ҳақының 100 проценти муғдарында;

  • улыўма жумыс стажы 5 жылдан 8 жылға шекем болған жумысшылерге мийнет ҳақының 80 проценти муғдарында;

  • улыўма жумыс стажы 5 жылға шекем болған жумысшылерге мийнет ҳақының 60 проценти муғдарында.

Жоқарыда келтирилген жумысшылерден тысқары қалған жумысшылерге: улыўма жумыс стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған жумысшылерге ҳәмде 21 жасқа жетпеген шын жетимлерге ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы мийнет ҳақының 80 проценти муғдарында; улыўма жумыс стажы 8 жылға шекем болған жумысшылерге ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы мийнет ҳақының 60 проценти муғдарында төленеди.
Улыўма, ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик бойынша напақа барлық жағдайларда белгиленген ең кем мийнет ҳақыдан аз болмаўы ҳәм напақа есаплап шығарылған мийнет ҳақыдан жоқары болмаўы лазым.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish