15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


- кесте Халық дәраматларының классификацияланыўы



Download 0,79 Mb.
bet82/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   198
Bog'liq
Miynet

11.6- кесте
Халық дәраматларының классификацияланыўы

Белгилер

Дәрамат түрлери

1

Анықланыў формасына қарай

Пуллық; натурал

2

Алыўдың өзгешелиги

Мийнет дәраматлары; мийнетке тийисли болмаған дәраматлар

3

Алыўдың нызамлылығы

Нызамлы түрдеги дәраматлар; нызамсыз түрдеги дәраматлар

4

Ҳақыйқыйлық дәрежеси

Номинал дәрамат; реал дәрамат

5

Алыў итималлығы

Перманент (турақлы); ўақтыншалық

6

Мүлкшилик формасы

Мийнет ҳақы, рента, профцент ҳәм пайда

7

Мобиллик дәрежеси

Мобил; иммобил

8

Түсимниң турақлылығы

Турақлы; тосынарлы

9

Өзлестириў субъектлери

Физикалық шахслар; үй хожалықлары

10

Бөлистириў принципи бойынша

Мийнеттиң муғдары, сапасы ҳәм нәтийжелерине қарай; социаллық әдллик принципине қарай; орынлаўшы тәрепинен өзлестириў

11

Пайдаланыў варианты

Түрли байлық ҳәм хызметлер тутыныўына жумсалатуғын дәрамат; топлаўға жумсалатуғын дәрамат

12

Салыққа тартыў тәсирине байланыслы түрде

Улыўма дәраматлар; өз ийелигиндеги дәраматлар



Халықтың пул дәраматлары – бул мийнет ҳақы, исбилерменлик ҳәрекетинен алынатуғын дәрамат, напақа, пенсия, стипендия формасындағы барлық пул түсимлери, мүлктен үлес, дивиденд, рента, қымбат баҳалы қағазлар, көшпес мүлк, аўыл хожалығы өнимлери, өнерментшилик буйымларын сатыўдан ҳәм ҳәр қыйлы хызметлер көрсетиўден келип түсетуғын дәраматлар.
Натурал дәраматлар – бул тийкарынан үй хожалықлары тәрепинен жеке тутыныў ушын ислеп шығарылған өним (жеке жәрдемши хожалық, фермер хожалығынан), сондай-ақ, мәмлекет бюджети, кәрханалар фонды ҳәм түрли қайырхомлық жәрдеми қаржылары есабынан алынатуғын натурал түсимлер ҳәм бийпул хызметлер.
Алыў өзгешелигине байланыслы түрде халық дәраматлары төмендегилерге бөлинеди:

  • өндирис ҳәм исбилерменликтеги хызмети тийкар болыўшы мийнет дәраматлары. Мийнет дәраматларына жеке жәрдемши хожалық ҳәм үй хожалығы, жеке мийнет ҳәрекетинен келетуғын дәраматлар да сәйкес келеди;

  • мийнетке тийисли болмаған, бирақ нызамлы жол менен алынған дәраматлар (мүлктен, социаллық трансферттен дәраматлар).

Соның менен бирге, ҳәзирги экономикалық шараятта нызам көз-қарасынан дәраматларды нызамлы ҳәм нызамлы емес деп ажыратыў туўры болады. Егер, бириншисин бар нормаларға толық муўапықлықта алынса, екиншиси, үй хожалықлары тәрепинен мәмлекеттеги әмел ететуғын нызамларды бузыў жолы менен көбирек унамсыз ҳәм жынаят экономикасы тараўында алынады. Итималлық критериясына қарай, дәраматлар алыў үзликсиз ҳәм ўақтыншалыққа бөлинеди.
Перманент (турақлы) дәраматты экономист алым M.Фридмен тутыныўшы жетерлише узақ мүддет даўамында алыўды үмит еткен дәрамат сыпатында белгилейди. Оның қуны индивидтиң тутыныў көлемине, топланған капитал қунына, сондай-ақ, жасаў орны, жасы, кәсиби, мағлыўматы, расасы ҳәм миллетине байланыслы болады.
Тутыныў көлеми – бул ең аз ўақыт аралығы даўамында дәрамат турақлы дәрежеде қалады ҳәм тутыныўшы тәрепинен перманент сыпатында баҳаланады.
Ўақтыншалық ямаса тосынарлы дәрамат инсан тосынарлыққа кириўши барлық факторлар тәсирин көрсетеди, яғный олар, мәселен, жумыстағы активликтиң дәўирли өзгерислери сыяқлы күшлер ҳәрекетиниң прогнозланыўшы нәтийжелери болыўы мүмкин.
Дәраматлардың улыўма ҳәм ислетилип атырған дәраматларға бөлиниўи әҳмийетли есапланады. Улыўма дәраматлар халықтың жәми мобил дәраматлары бруттосын, олардан тийисли салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлер топланыўына қарай характерлейди. Қалған бөлими (халықтың ийелигиндеги жеке дәраматлары) мобил дәраматлар – олар қаржылардың ең жоқары болыўы мүмкин болған жамғармалардан пайдаланбаған ҳалда товар ҳәм хызметлердиң ақырғы тутыныўы муғдарларын белгилейди.
Дәраматлардың және бир топары – бул аманатлардан алынатуғын дәраматлар болып, оған дивидендлер, түрли финанслық мекемелерге қойылған аманатлар бойынша процентлер, мүлктен, соннан, ижараға берилген үй-жайдан дәраматлар ҳәм басқа структуралық бөлимлер киреди.
Халық дәраматлары қунына дәраматларды қәлиплестириў ҳәм басқарыў барысында система ишиндеги қатнасықлардан тысқары демографиялық, сиясий, ҳуқықый ҳәм басқа тараўларда жүзеге келиўши экзоген қатнасықлар да тәсир етеди.
Өндиристе жаратылған дәраматларды бөлистириў барысындағы қатнасықлар дәраматларды басқарыўдың базар механизми қуралында әмелге асырылады. Соның менен бирге, өндирис факторының ҳәр бир ийеси фирма ҳәрекетиниң ақырғы нәтийжелери үлесине муўапық келиўши жаңа қун бөлимине ҳуқык алады. Бөлистириў ўақтында факторлы дәраматлардың мийнет ҳақы, пайда, рента ҳәм исбилерменлик дәраматы сыяқлы формалары пайда болады. Дәраматлардың бөлиниўинде мәмлекет әҳмийетли роль ойнайды, ол фискал сиясат жәрдеминде мәмлекет бюджетиндеги пул қаржыларын аккумуляциялайды. Мәмлекеттиң бул дәраматлары бюджет тараўы хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеў ушын, социаллық трансфертлер ҳәм халыққа социаллық хызметлер көрсетиў төлемлери ушын қолланады.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish