Социаллық факторлар. Социаллық тараўдың (илим, тәлим, ден саўлықты сақлаў, мәденият) раўажланыўы халықтың социаллық (руўхый, мәдений) мүтәжликлерин қанаатландырыўды шәрт етип қояды, миллет ой-пикириниң раўажланыўына жәрдемлеседи, миллеттиң ден саўлығын сақлайды ҳәм беккемлейди, жәмийеттиң экономикалық раўажланыўына тәсир көрсетеди.
Илимий-техникалық раўажланыў өним ҳәм хызметлер, технология, өндиристи шөлкемлестириў, мийнет ҳәм басқарыў, тәлим, кадрларды кәсиплик таярлаў өзгешеликлерине өзгерислер киритеди. Бул мийнет ҳәм байлықлардың қәрежетлер өзгермей ямаса кемейген ўақытта өндирис көлемин асырыў мүмкиншилигин береди, мийнет өнимдарлығының өсиўине жәрдемлеседи.
Социаллық-руўхый ықлымның жағдайы инсан турмыс шараятларының өзгешелиги, ол халық турмысының руўхый қолайлық дәрежесин белгилейди. Оған инсанның өз-өзин жүзеге шығарыў (жумыс пенен тәмийинлениў, соннан, қәнигелиги бойынша мийнет ҳәрекетине ийе бола алыўы), турмыстың қәўипсизлик дәрежеси (орталықтың криминогенлиги, әскерий қарама-қарсылықлардың бар болыўы), социаллық қәўиплер (қашшақлық дәрежеси, мағлыўмат ала алыў, еркин пикирлеў ҳуқықы) мүмкиншилигин есапқа алыўшы материаллық, финанслық ҳәм басқа факторлар тәсир етеди.
11.2. Халықтың турмыс дәрежесин анықлаўшы көрсеткишлер системасы
“Турмыс дәрежеси” атамасына қәнигелер ҳәр қыйлы қарайды ҳәм оның ҳәр қыйлы түсинигинен пайдаланады. Хақыйқаттан, турмыс дәрежеси өте қурамалы, көп тармақлы түсиник болып, ол улыўма мәнисте де, айрықша түсиниклерде де анықлықты талап етеди.
“Турмыс дәрежеси” түсиниги мәнисине қарай, халық абаданшылығы, турмыс сапасы, хызметкерлердиң материаллық ҳәм руўхый талапларының қанаатланыў дәрежеси, халықтың аўҳалы сыяқлы қатар атамаларының пүткил бир шаңарағы менен бирге бар.
“Турмыс дәрежеси”не берилген экономикалық әдебиятлардағы бар тәрийплер ислеп шығарыў, дәраматларды тутыныў, дәраматлар, турмысы, тутыныў нормалары ҳәм критериялар сыяқлы түрли басланғыш түсиниклерди айтып көрсетеди ямаса оларды бийкарлайды я болмаса комплекс түрдеги көп тәрепли өзгешеликке ийе болады.
“Өндирис”тен турмыс дәрежесиниң өндириўши күшлер, социаллық өндирис дүзилиси ҳәм нәтийжелилигиниң раўажланыў дәрежесине байланыслығынан келип шығады.
Турмыс дәрежеси ҳәм социаллық өндирис ортасында кери байланыс бар. Бул ең дәслеп, турмыс дәрежесине ҳәм мийнет ресурсларының сапа өзгешеликлерине ҳәмде бәнт болған халық мийнети нәтийжелилигине байланыслы ҳәм хызметкердиң тутыныў мүмкиншиликлериниң өсиўи менен жоқары мийнет өнимдарлығынан мәпдарлығының өсиўи болып табылады.
Рәсмий статистикалық мағлыўматларда дәраматлар, мийнет ҳақы, пенсия, социаллық жәрдем, трансфертлер турмыс дәрежесине киритиледи ҳәм төмендегилерди өз ишине алады:
– пуллық дәраматлар, олардың көлеми, дүзилисин ҳәмде олардан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарларын характерлеўши тийкарғы көрсеткишлер;
– пуллық дәраматлардың бөлистирилиўин көрсетиўши көрсеткишлер;
– социаллық тәмийнат ҳәм социаллық жәрдемниң тийкарғы көрсеткишлери;
– үй-жай фонды ҳәм халықтың үй-жай шараятлары көрсеткишлери.
Do'stlaringiz bilan baham: |