15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы



Download 0,79 Mb.
bet182/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   178   179   180   181   182   183   184   185   ...   198
Bog'liq
Miynet

Эргономика - „Инсан - машина - орталық" системасын үйренетуғын, инсанның денеси антропометрикалық критерияларын физиологиялық ҳәм психофизиологиялық өзгешеликлерин, сондай-ақ өндириске қойылатуғын санитария-гигиена талапларын белгилеп береди.
Машина, әсбап-үскене ҳәм үскенелерди жойбарлаў ҳәм жайластырыў ушын жумыс орны ҳәм жумыс зонасының мүмкиншиликлери менен жумыс орнында сәйкес келиўи (дене ағзаларының) жетиўи мүмкин болған зоналарын анықлаў, жумыс ҳәрекетлери траекториясы, мийнет процесинде жумыс алмастырыў ҳәм усы сыяқлылар) әҳмийетке ийе.

2.6-сүўрет. Эргономикалық талаплар белгилери


Бул мәселедеги ең әҳмийетли нәрсе инсан ҳәрекетлери ҳәм энергиясын тежеў принципи есапланады. Мине усы ўазыйпаларды шешиў ушын инсанның антропометрикалық белгилери, яғный инсан денесиниң тийкарғы өлшемлери ҳаққындағы мағлыўматларды есапқа алыў зәрүр. Әсбап-үскенелер ҳәм жумыс орынларын жойбарлаўға физиологиялық жағынан ақылға муўапық болған жумыс жағдайын тәмийинлейтуғын тәреплери инсанның антропометрикалық тәрепи сәйкес келиў принципи (оның денеси ҳәм жумысшы ағзаларының муўапықлығы) ҳәм жумыс орынларын ҳәмде әсбап-үскенелерди үскенелеўдиң материаллық буйымлары сәйкеслиги тийкар етип алынады.
Жумыс орнын жобаластырыў дегенде өндиристиң өз-ара бир-бири менен функционаллық жақтан байланысқан барлық қураллары, мийнет буйымлары ҳәм хызметкердиң өзи үш өлшемли көлемде (мәкан) мақсетке муўапық жайласыўы түсиниледи. Бунда мийнет қураллары ҳәм буйымлардың жайласыўы екиге тийкарғы талапқа жуўап бериўи лазым: бир тәрептен жумыс орнында барлық нәрсениң бир жерде топланып қалыўына, екинши тәрептен, артықша ҳәрекетлерге мийнет буйымлары үскенелер ҳәм таяр өнимлер ортасында бийкар жүрислерге жол қойылмаўы керек. Мийнет қураллары ҳәм буйымларын жайластырыў қағыйдаларының бузылыўы әдетте жумыс ўақтының унамсыз жумсалыўына ҳәм хызметкер күш-ғайратының бийкар кетиўине, ертерек шаршап қалыўы ҳәм нәтийжеде мийнет өнимдарлығының пәсейиўине алып келеди. Жумыс орнын ақылға муўапық жобаластырыўды тәмийинлеў ушын төмендеги принциплерге әмел етиў зәрүр:

  • жумыс орны ең киши болыўы, бирақ жумыс жағдайларында антропометрикалық көрсеткишлерди есапқа алған ҳалда барлық мийнет ҳәрекетлериниң еркин әмелге асырылыўы ушын жетерли болыўы лазым;

  • әсбап-үскенелердиң жайластырылыўы тийкарғы жумыс зонасында әмелге асырылыўы, олардың басқарыў органлары болса хызметкердиң қолы жететуғын көлемде болыўы керек;

  • хызметкер ушын қолай жумыс жағдайының жаратылыўы ол артықша ҳәрекетлерден , яғный айланыў, бурылыў, ийилиў сыяқлы қосымша шаршаўды келтирип шығаратуғын артықша күш-ғайрат жумсамаў лазым;

  • барлық жағдайларда жумыс жағдайы геўде, бас ҳәм қол-аяқлардың қолай ҳәрекет етиўди тәмийинлеўи лазым;

  • жумыс зонасының жақсы көзге тасланыўын, мийнет қураллары, әсбап, механизм ҳәм приборлардың жақсы басқарылғанлығын тәмийинлеўи керек;

  • ҳәр бир жумыс орнының технологиялық жақтан өз-ара байланыслылығын, мийнет буйымлары ортасында аралық ҳәм олардың жайластырылыўының мийнет қураллары ҳәмде хызметкерлер мийнет ҳәрекети мазмунын үйрениў лазым;

  • жумыс орынланатуғын майданның бәлентлиги ҳәм хызметкердиң отырыў бәлентлиги ямаса аяқлар астындағы нәрсениң (түбилдириклер) бәлентлигин (тик турып ислегенде) есапқа алыў әҳмийетке ийе. Бул бәлентликлер тәртипке салып турылыўы керек, бул болса бойы ҳәр түрли болған жумысшылердиң ҳәрекети ушын қолайлық туўдырады;

  • жумыс орнын, жумыс жағдайын ҳәм өндирис мебелин сондай жобаластырыў керек, хызметкердиң көзи менен мийнет буйымы ортасындағы физиологиялық жақтан қолайлы болған аралық айрықша анық орынланатуғын жумысларда - 25 см, анық жумысларда - 25-35 см; көриўи онша жоқары талаплар қойылмайтуғын жумыслар топарында 35-50 см, жумыс орынлаўда көриў фокусы екинши дәрежели әҳмийетке ийе болған жумыслар тараўында 50 см.ден артық болыўы әҳмийетли.

Жумыс орынларына хызмет көрсетиў өндирис шараятларында мийнетти шөлкемлестириўдиң әҳмийетли элементи есапланады. Ол жумыс орынларын мийнет қураллары, буйымлары менен тәмийинлеў ҳәм өндирис өзгешелигине ийе болған түрли хызметлер көрсетиў бойынша пүткил бир илажлар системасын қамрап алады.
Хызмет көрсетиў системасы - бул тийкарғы жумысшылердиң жумыс орынларын узақ ўақыт даўамында - бир сменадан бир ҳәптеге шекем, ҳәтте бир жылға шекем жоқары өнимли, бирдей ислеў ушын зәрүр болған барлық керекли нәрселер менен тәмийинлейтуғын жәрдемши жумысларды орынлаў тараўындағы пүткил бир илажлар комплекси есапланады. Раўажланған ири ҳәм жақсы шөлкемлестирилген өндиристе хызмет көрсетиўдиң төмендеги функцияларынан пайдаланылады (2.7- сүўрет):

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   178   179   180   181   182   183   184   185   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish