NKK = T MА / Tхiz+ T ut ( 2.1 )
бунда:
NKK — көп станоклы хызмет көрсетиў нормасы;
T MА — бир станокта машина-автомат жумысының ўақты;
Tхiz — бир станокқа хызмет көрсетиў ўақты;
T ut — бир станоктан басқасына өтиў ўақты.
Жумыс орынлары турақлылық белгисине қарай: бир жумыс орнында жайласқан ҳәм қуралланған әҳмийетли жумыс орынлары (мәселен, станокшылар, жыйнаўшы аппаратшылардың жумыс орынлары); бәрқулла орнын алмастырып туратуғын көшпес жумыс орынларына (қурыўшылар, кән жумысшылары, нәўбетши ямаса ремонтлаўшы хызметкерлердиң жумыс орынлары) бөлинеди.
Жумыс орынларын классификациялаўдың басқа белгилери де енгизилиўи мүмкин. Мәселен, ашық ҳәм жер асты кән жумысшыларында тесиўшилердиң (пармовкалаўшылардың) жумыс орынлары ашық ҳәм жер асты жумыслары ушын, монтажшылар ушын болса – бәлентлик ҳәм жер үстиндеги монтаж бойынша бөлиниўи мүмкин ҳәм т.б.
Бирақ жумыс орынлары қанша ҳәр қыйлы болмасын, олар қандай топарларға бөлинбесин, жумыс орынларын шөлкемлестириў ушын улыўма, мәжбүрий талаплар да бар. Бул талапларды үш: тәмийинлеў, жобаластырыў ҳәм хызмет көрсетиў деген сөзлер менен сәўлелендириў мүмкин. Шөлкемлестириўдиң бул элементлери жүдә әҳмийетли ҳәм итибар бериўге ылайық.
Жумыс орнын тәмийинлеў дегенде онда жәмленген мийнет қураллары: тийкарғы технологиялық, жәрдемши әсбап-үскенелер, технологиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик үскенелер менен байланыс ҳәм сигнал бериў қураллары, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик техникасын биргеликте әмелге асырылыўы түсиниледи. Тийкарғы технологиялық үскенелерге: станоклар, жумыс машиналары, агрегатлар, автомат линиялар, технологиялық аппаратуралар ҳәм усы сыяқлылар, яғный өндирис процессине жәрдем беретуғын барлық нәрселер киритиледи.
Жәрдемши әсбап-үскенелер қатарына: транспортёрлар ҳәм басқа транспорт қуралларын жыйнаў, сварка ҳәм сынаў стендлери, түрли жүк көтериў қурылмалары ҳәм басқалар киреди.
Технологиялық үскене дүзилисине қырқыўшы ҳәм өлшеўши әсбаплар, түрли қурылмалар ҳәм техникалық ҳүжжетлер киреди. Шөлкемлестириўшилик үскенелер болса өндирис мебеллери, ыдыслар, сигнал бериў ҳәм байланыс қураллары, тосып турыўшы ҳәм сақлаўшы қурылмалар ҳәмде мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик техникасы қуралларын өз ишине алады. Санааттың ҳәр бир тармағында тийкарғы ҳәм жәрдемши жумысшылердиң, әсиресе машинасазлықтың жетекши тармақларындағы жумысшылердиң жумыс орынларын үскенелеўге киретуғын буйымлар дизими ислеп шығылған болады.
Тийкарғы ҳәм жәрдемши технологиялық әсбап-үскенелерге ҳәмде технологиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик үскенелеў предметлерине қатаң эргономикалық талаплар қойылады. Эргономика адамзаттың мийнет процесслериндеги функционаллық мүмкиншиликлерин үйренип, олардың исшеңлик қәбилети, жоқары мийнет өнимдарлығы ҳәм ислеўшилер санын тәмийинлейтуғын қағыйдаларды ислеп шығады.
Do'stlaringiz bilan baham: |