Инсан ресурслары дегенде, мәмлекет халқының пайдалы хызмет жүритиў ушын зәрүр болған физикалық раўажланыў, ақылый қәбилетлер ҳәм билимге ийе болған бөлими түсиниледи.
Жумыс пенен бәнт халықты ҳәм жумыс излеп атырған жумыссызларды аңлататуғын «экономикалық жақтан актив халық» түсиниги инсан ресурслары ҳаққындағы түсиниклерди сәўлелендиретуғын және бир басқа түсиник болып табылады. Бул түсиник экономикасы раўажланбаған мәмлекетте ислетилип келинбекте. Халық аралық стандартларға муўапық, «экономикалық жақтан актив халық» түсиниги БМШ миллий есап бетлери ҳәм баланслар системаларына киритилген товарлар ҳәм хызметлер, өндирис ушын белгили ўақыт даўамында өз мийнетин усынған еки жынысқа тийисли шахсларды өз ишине алады.
5.2. Мийнет ресурсларының қәлиплесиўи, бөлистирилиўи ҳәм олардан пайдаланыў
Мәмлекетимизде мийнет ресурсларын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў республикамызда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалардың баслы бағдарларынан бири есапланады. Мийнет ресурслары санының жедел түрде өсиўи, олар дүзилисинде жаслар көлеминиң көплиги, аўыл жерлерде көп балалы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың бар болыўы жумыссызлық машқаласына дурыслы қатнасты талап етеди30.
"Мийнет ресурсларының қәлиплесиўи" түсиниги бир қанша ўақытлардан берли экономикалық әдебиятларда ҳәм статистикалық әмелиятта қаралған болып, өзине сәйкес тар кәсиплик атама сыпатында ислетилип келинеди. Бул түсиниктиң неден ибарат екенлиги ҳаққында улыўма түрде қабыл етилген, дискуссияны талап етпейтуғын көринис жоқ. Биз болса "мийнет ресурсларын қәлиплестириў" дегенде мийнет ресурсларының турақлы түрде жаңаланып турыўы түсиниледи, деп есаплаймыз.
Мийнет ресурслары қандай қәлиплесиўин анықлаў ушын биз бириншиден, мийнет ресурсларының үш ири жас топарлары бойынша - мийнетке жарамлы адамлар, мийнетке жарамлы адамлардан жасырақ ҳәм мийнетке жарамлы жастан үлкенирек адамларды, екиншиден, ҳәр бир топар халық санына, оның өзгериўине тәсир етиўши факторларды, үшиншиден, мийнет ресурслары ҳәм халықтың тәбийий ҳәм механикалық өзгеристеги улыўма ҳәм өзине сәйкес тәреплерди көрип шығыўымыз керек.
Мийнет ресурсларының көпшилик бөлимин мийнетке жарамлы жастағы мийнетке қәбилетли халық қурайды. Мийнет етиўге жарамлы жастан үлкен адамлар, ислеўши пенсионерлер ҳәм әмелде "ноль" ўазыйпасын орынлаўшы шахслар, мийнетке жарамлы жастан киши адамлар, ислеўши өспиримлер мийнет ресурсларының көлеминде ол дәрежеде сезилерли роль ойнамайды.
Мийнетке жарамлы жастағы мийнетке қәбилетли халық. Мийнет ресурслары дүзилисине I ҳәм II топардағы ислемейтуғын нәгиранлар кирмеўин есте тутқан ҳалда, дәслеп биз мийнет етиўге жарамлы жастағы халықты, соң оның мийнет етиўге қәбилетли бөлимин қарап шығамыз.
Мийнетке жарамлы жастағы пуқаралар пүткил халықтың бир бөлими болып, олардың саны демографиялық фактор тәсиринде өзгерип турады. Олардың қанша болыўы тийисли жаслардағы өлимшилик дәрежесине байланыслы. Бул сондай-ақ, мийнет етиў жасына жеткен жаслар менен пенсия жасына жеткен пуқаралар менен саны ортасындағы қатнасыққа да байланыслы. Өлимшилик қанша кем болса ҳәм мийнет етиў жасына жеткен пуқаралар бул жастан шыққан адамлар ортасындағы айырмашылық қанша жоқары болса, мийнет етиў қәбилетине жеткен адамлар саны сонша көп болады ямаса керисинше.
Экономикада ҳәмийше пенсия жастағы адамлар мийнетинен пайдаланыў «ноқат»лары болады. Олар арасында жоқары ақылый маманлықты ислетиўди талап ететуғын хызмет түрлери де болады, олар инсаннан жоқары улыўма билимлендириў таярлығын ҳәм анық әмелий тәжирийбени талап етеди. Көплеген мектеп оқытыўшылары, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының оқытыўшылары, шыпакерлер, илимий хызметкерлер ҳәм басқа жоқары ақылый хызмет түрлери ўәкиллери бар, олар пенсия жасынан өткеннен кейин де жетискенликли түрде мийнет етип келмекте. Пенсия жасының дәслепки бес жылында (еркеклер ушын 60-64 жас, ҳаялларда 55-59 жаста) айрықша активлик сезиледи.
Өзбекстанда XX әсирдиң 80-жыллардың ақыры ҳәм 90-жыллары басындағы экономикалық өзгерислер өспиримлерге қандай тәсир еткен болса, пенсионерлерге де жоқарыдағы себеплерге қарай шама менен усындай тәсир етти. Пенсионерлердиң мийнет базары бир қанша көбейди. Келешекте узақ мүддетли принциплердиң тәсир етиўи көбирек сәўлеленип келмекте, олар жағдайды изге салып, пенсионерлердиң мийнет ресурсларын толтырыўға қосатуғын үлеслерин асырады.
Мийнет ресурслары саны (динамикасы)ның өзгериўи менен пүткил халық санының өзгериўи ортасында тәбийий, байланыслылық бар. Бирақ ол биринши қараста онша көзге тасланбайды. Мийнет ресурсларының саны ҳәмийше пүткил халық саны сыяқлы өзгере бермейди. Өзгерислер түрли бағдарларда болыўы да мүмкин. Биз «мийнет ресурслары» түсиниги ҳаққындағы түсиник кеңирек болыўы ушын олардың өз-ара байланыслылығын қарап шығамыз.
Мийнет ресурслары пүтинниң бөлими сыпатында халықтың қайта ислеп шығарылыўын (яғный оның турақлы түрде тикленип турыўы) сәўлелендиреди. Соның ушын мийнет ресурслары санының динамикасы халық саны динамикасын сәўлелендиреди.
Өспиримлер ҳәм пенсионерлердиң мийнет пенен бәнтлик дәрежесиндеги өзгерислер тек ғана мийнет ресурсларына емес, бәлким халықтың санына да байланыслы болады.
Туўылыўдағы парықлар дәрҳал халық санының өсиўине тәсир етеди, мийнет ресурсларында болса тек ғана 16 жылдан кейин көринеди. Қанша адам пенсия жасына жетиўи тек ғана мийнет ресурсларына тәсир етеди, пүткил халық санына байланыслы болмайды.
Мийнет ресурсларының көпшилик бөлимин мийнет етиўге жарамлы жастағы мийнетке қәбилетли халық қурайды. Соның ушын да мийнет ресурсларының динамикасына сәйкес өзгешеликлер көбирек дәрежеде мийнетке жарамлы жастағы халық пенен байланыслы.
Пүткил халықтың ҳәм оның мийнетке жарамлы бөлиминдеги динамиканың ҳәр қыйлы бағдарда өзгериўи ҳәдийселердиң нормал барыўдан шетке шығыў деп қаралады. Мине усы себепли нормал социаллық-экономикалық раўажланыў ушын қолайсыз шараят жаратады.
Солай етип, биз мийнет ресурслары пүткил халыққа тийисли процесслер менен тиккелей байланыслылығын айтқан ҳалда, мийнет ресурслары динамикасының белгили дәрежеде салыстырмалы «ғәрезсизлиги»не итибарды қаратамыз. Ол мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы менен байланыслы болған демографиялық тийкарды жақсырақ түсиниўге жәрдем береди. Усы мәнисте «мийнет ресурслары» социаллық ҳәм демографиялық раўажланыўды анализлеў ҳәм тийкарлап бериўдиң өзине сәйкес методикалық қуралы болып қатнасады.
Мийнет ресурслары ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў процесинде базар экономикасы менен байланыслы бир қатар түсиниклер де бар болып, оларды айрықша үйрениў әҳмийетли орын тутады.
Жалланба хызметкерлерге кәрхана баслығы ямаса айырым шахс пенен мийнет шәртнамасы (питими) дүзген пуқаралар киреди.
Жумыс бериўшилерге ғәрезсиз жумыс алып баратуғын ҳәм бир ямаса бир неше шахсты ислеў ушын турақлы жаллап туратуғын хызметкерлер киреди.
Өз есабынан ислейтуғын шахсларға турақлы тийкарда жалланба хызметкерлер жалланбайтуғын пуқаралар киреди.
Өндирис кооперативлери ағзаларына кооперативлердиң актив (ислеўши) ағзалары есапланатуғын шахслар киреди.
Шаңарақтың жәрдем бериўши ағзаларына шаңарақлық бизнестеги шаңарақлардың ағзалары киреди, бул бизнеске усы үй хожалығында ислейтуғын ағайинлериниң бири басшылық етеди.
Мотив бойынша классификацияланбайтуғын хызметкерлерге сондай пуқаралар киреди, олар түрли себеплерге қарай өзлериниң қайсы топарларға киретуғынлығын жақсы билмейди.
Халықтың бундай классификацияланыўы айырым позициялар ортасындағы қатнас, яғный структура демографиялық факторларды, шаңарақлар абаданшылығын, экономика структурасын, мийнет базарының жағдайын, мүлкшиликтеги шөлкемлестириўшилик өзгерислерди ҳәм басқа факторларды сәўлелендиреди.
Әлбетте, мийнет ресурсларын бөлистириўдиң басқа түрлери де бар. Булар жынысы, жасы, мағлыўмат дәрежеси, ден-саўлығы бойынша бөлистириў болып есапланады. Барлық адамлар өз қәбилети ҳәм зәрүрликлери бойынша ҳәр қыйлылығын бир неше рет айтып өттик. Соның ушын да экономиканың қандайда бир тараўындағы нәтийжелик те, жумысқа болған мүтәжлик те бирдей емес. Жоқарыда айтып өткен тәрийплер бул ҳәр қыйлылықты белгили дәрежеде ажыратып алыў ҳәм оның ақыбетлерин түсиниў мүмкиншилигин береди.
Мийнет ресурсларынан пайдаланыўдың регионаллық өзгешеликлери ҳәм демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық факторлардың әмел етиўи менен байланыслы. Мийнет ресурсларынан пайдаланыў тәреплеринен бири мийнет ресурсларын бөлистириў болса, екинши тәрепи мийнетти енгизиў нәтийжелилиги.
Мийнет ресурсларын бөлистириў демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўының регионаллық шараятлары тәсирине бир қанша көбирек ушырайды. Демографиялық факторлардың тәсири халықтың жас дүзилиси арқалы сәўлеленеди, ол, әдетте, түрли регионларда ҳәр қыйлы болады. Мийнетке жарамлы жастағы адамлардың ислейтуғын ҳәм ислемейтуғын бөлимлерине бөлиниўи белгили дәрежеде соның менен белгиленеди. Халық дүзилисиндеги киши жастағы балалар санының көбейиўи, өзлерин үй-жай жумысларына бағышлайтуғын ҳаяллар санына тәсир көрсетеди. Тәжирийбе соннан дерек береди, бул еки көрсеткиш ортасында тиккелей байланыслылық бар. Ислемейтуғынлардың бир қанша бөлимин мийнет етиў жасындағы оқыўшылар қурайды. Олардың қанша болыўы тийисли жастағы жаслардың санына байланыслы.
“Мийнет ресурсларынан пайдаланыў” ҳәм “мәмлекеттиң мийнет потенциалы” түсиниклери бир-бири менен өз-ара байланыслы.
Биз бул жерде пайдаланыў дегенде экономиканың ресурсларынан бири болған мийнет ресурсларын тәрийплеўши еки бағдарды түсинемиз. Бул, бириншиден, мийнет ресурсларының бөлиниўи ҳәм екиншиден, олардың мийнетинен экономика тармақларында пайдаланыў нәтийжелилиги есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |