15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жумыссызлық бойынша напақа



Download 0,79 Mb.
bet13/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   198
Bog'liq
Miynet

Жумыссызлық бойынша напақа. Нызамда белгиленген тәртипте жумыссыз деп тән алынған пуқараларға жумыссызлық бойынша напақа бериледи. Жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан (мийнет дәраматынан) айырылған шахслар ушын жумыссызлық напақасы алдыңғы жумыс орнындағы ақырғы бир жылғы орташа мийнет ҳақыға процент қатнасында белгиленеди. Басқа жағдайларда жумыссызлық напақасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем мийнет ҳақы муғдарына процент қатнасында белгиленеди. Қарамағында 16 жасқа толмаған балалары ҳәм басқа адамлар болған жумыссыз шахсларға напақа муғдары 10%ке асырылады. Мийнет ҳақыға коэффициентлер белгиленген орынларда жасаўшы шахсларға берилетуғын жумыссызлық напақасы муғдарлары олардың усы орынларда жасаған дәўири ушын бул орында өндирислик емес тармақларының жумысшылерине белгиленген коэффициентти қоллаған ҳалда анықланады. Жумыссызлық напақасы мәмлекет бәнтликке жәрдемлесиў жамғармасы есабынан бериледи.
Жумыссызлық напақасының төмендеги түрлери ажыралады:

  1. Биринши мәрте жумыс излеп атырғанлар шахсларға мөлшерленген жумыссызлық напақасы;

  2. Узақ дем алыстан кейин жумыс излеп атырған шахсларға мөлшерленген жумыссызлық напақасы.

Биринши мәрте жумыс излеп атырған шахсларға мөлшерленген жумыссызлық напақасы алдыңғы ислемеген ҳәм жумыссызлық напақасы алыў ҳуқықына ийе болған шахсларға жергиликли мийнет органы тәрепинен кәсипке таярлаў ямаса жумысқа жайласыў мүмкиншилиги берилмеген жағдайда, оларда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем мийнет ҳақының кеминде 75 проценти муғдарында напақа төлеў кепилленеди.
Узақ дем алыстан кейин жумыс излеп атырған шахсларға мөлшерленген жумыссызлық бойынша напақа узақ (бир жылдан артық) дем алыстан кейин мийнет ҳәрекетин қайта баслаўға ҳәрекет етип атырған жумыссыз пуқараларға төленеди. Бул төмендеги түрде әмелге асырылады:
– қәнигелиги болған шахслар ушын, сондай-ақ, 12 ай даўамында ҳақы төленетуғын жумыс пенен бәнтлиги 12 календарь ҳәптеден аз болмаған шахслар ушын, егер олардың жумысқа жайласыўы ушын кәсипке қайта үйретиў ямаса маманлығын асырыў талап етилмесе, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем мийнет ҳақыдан аз болмаған муғдарда;
– басқа жағдайларда, соннан, қәнигелиги болмаған шахсларға, жергиликли мийнет органы тәрепинен кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлық асырыў мүмкиншилиги берилмеген жағдайда, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем мийнет ҳақының 75 проценти муғдарында.
Жумыссыз деп тән алынған шахсларды кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың маманлығын асырыў төмендеги жағдайларда әмелге асырылады:

  • жумыссыз шахс зәрүр кәсип маманлығына ийе болмағанлығы себепли оған мақул келетуғын жумыс таңлаў мүмкин болмаса;

  • жумыссыз шахстың кәсип көнликпелерине сәйкес келетуғын жумыс жоқлығы себепли оның кәсибин өзгертиў зәрүр болса;

  • жумыссыз пуқара алдыңғы кәсиби бойынша жумыс орынлаў қәбилетин жоғалтқан болса.

Жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың маманлығын асырыў оқыў орынларында мийнет органларыниң жолламалары бойынша мәмлекет бәнтликке жәрдемлесиў жамғармасының қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish