15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасыТийкарғы өндирис факторлары
Miynet
11.5- сүўрет. Факторлар теориясына муўапық жеке дәраматлардың қәлиплесиўи – базардағы жетилиспеген бәсеки себепли алынатуғын дәрамат муғдары жумысқа салынған фактордың өним шығарыўға қосқан үлесин көбинесе сәўлелендирмейди; – байлықларды жәмийет ағзалары ортасында бөлистириўде ҳәр дайым теңсизлик ҳәм әдилсизлик бар болады, бул жеке дәраматларды ақырғы өнимдарлық теориясына муўапық бөлистириўде жол қойып болмайтуғын кескин қарама-қарсылықларға алып келеди; – ҳәр қандай раўажланған жәмийетте дәраматларды қәлиплестириўши өндирис факторлары ийелериниң саны жәмийет ағзалары санынан азырақ болады. Дәслепки байлықларды бөлистириўдеги бундай теңсизликлер жәмийет нызамлары ҳәм үстинликлерине муўапық дәраматларды қайта бөлистириў механизмлерин жумысқа салыўды талап етеди, бул олардан жәмийет улыўма дәраматын ислеп шығарыўда қатнаса алмайтуғынлардың аман қалыўына мүмкиншилик береди. Бирлемши ҳәм екилемши дәраматлар. Дәраматлардың өндирис факторлары ортасында бөлиниўи функционаллық бөлистириў өзгешелигине ийе ҳәм бунда пайда болатуғын дәраматлар (рента, пайда, мийнет ҳақы, исбилерменлик дәраматы) бирлемши дәрамат деп аталады. Бул дәраматларды қайта бөлистириў механизмлерин жумысқа салыў нәтийжесинде екилемши дәраматлар жүзеге келеди ҳәм соның менен бирге, дәраматлардың жаңа түри – социаллық трансфертлер (пенсия, напақа, социаллық жәрдем, стипендия) пайда болады. Рента экономикалық категория сыпатында, ҳәтте узақ мүддетли келешекте қатаң шекленген өзгешеликке ийе тәбийий байлықлардан шығарып алынатуғын дәраматты билдиреди. Бундай байлықлар айрықша әҳмийетлиги, шекленгенлиги, сапасы ҳәм қайта ислеп шығарылмаўы себепли биринши гезекте жер байлықлары есапланады. Рента – муғдары шегараланған жер ҳәм басқа тәбийий байлықлардан пайдаланыў ушын төленетуғын баҳа есапланады. Көпшилик жағдайларда рента ижара төлеми формасында шығады. Рента: – ийеси тәрепинен жер, мүлк, капиталдан пайдаланыўдан алынатуғын, ийесинен исбилерменлик ҳәрекетин әмелге асырыўды, қосымша күшлердиң жумсалыўын талап етпейтуғын дәрамат. Бундай дәрамат, мәселен, жерди ямаса имаратты ижараға бериў, кредит усыныўдан алыныўы мүмкин. – қамсызландырылған шахсқа қамсызландырыў жәмийети тәрепинен қамсызландырыў полиси бойынша ҳәр жылы төленетуғын пул муғдары. Бул байлықларды усыныс етиўдиң дизимге алынған өзгешелиги талап рента пайда етиўши бирден-бир фактор екенлигин билдиреди. Бирақ, тәбийий байлықлардан пайдаланыў ушын баҳаның қәлиплесиўи ҳәм олардың дәраматы ҳәр қандай дәўирде мәмлекет дәрамат сиясатының элементи болып табылады. Жәмийет ушын тәбийий байлықлар бийпул саўға, бирақ пайдаланыўшылар ушын рента төлемлери қәрежетлерден ибарат. Айрықша кәрханалар ушын жерлер пайдаланыўдың альтернатив усылларына ийе (аўыл хожалығы ушын, имаратлар ҳәм биналар қурылысы), бул көп жақтан кәрхана тәрепинен алынатуғын дәраматтың қунын белгилейди. Соны да айтыў керек, күнделикли турмыста “рента” атамасы кеңирек қолланылады. Мәселен, мына тәрийпти ушыратыў мүмкин: “Рента – жер, мүлк, капиталдан капиталдан алынатуғын, мүлкдардың исбилерменлик ҳәрекети менен байланыслы болмаған салыстырмалы турақлы дәрамат”. Бирақ, бул тәрийпте өндирисиң еки әҳмийетли факторы – жер ҳәм капиталдан алыныўшы дәраматлар бирлестирилген. Download 0,79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024 ma'muriyatiga murojaat qiling |
kiriting | ro'yxatdan o'tish Bosh sahifa юртда тантана Боғда битган Бугун юртда Эшитганлар жилманглар Эшитмадим деманглар битган бодомлар Yangiariq tumani qitish marakazi Raqamli texnologiyalar ilishida muhokamadan tasdiqqa tavsiya tavsiya etilgan iqtisodiyot kafedrasi steiermarkischen landesregierung asarlaringizni yuboring o'zingizning asarlaringizni Iltimos faqat faqat o'zingizning steierm rkischen landesregierung fachabteilung rkischen landesregierung hamshira loyihasi loyihasi mavsum faolyatining oqibatlari asosiy adabiyotlar fakulteti ahborot ahborot havfsizligi havfsizligi kafedrasi fanidan bo’yicha fakulteti iqtisodiyot boshqaruv fakulteti chiqarishda boshqaruv ishlab chiqarishda iqtisodiyot fakultet multiservis tarmoqlari fanidan asosiy Uzbek fanidan mavzulari potok asosidagi multiservis 'aliyyil a'ziym billahil 'aliyyil illaa billahil quvvata illaa falah' deganida Kompyuter savodxonligi bo’yicha mustaqil 'alal falah' Hayya 'alal 'alas soloh Hayya 'alas mavsum boyicha yuklab olish |