2.2.-сүўрет. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў тийкарлары
Ҳуқықый тийкарлар - өндирис қатнасықларындағы мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўге хызмет ететуғын ҳуқықый критерияларды (пуқаралық, административлик, ийелик етиў ҳуқықлары, кәрхана өндириси менен байланыслы ҳуқықый ҳүжжетлер) өз ишине алады.
Руўхый-ағартыўшылық тийкарлар - бул мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўде өндирис қатнасықларында тәреплер ортасындағы өз-ара қатнасықлар ҳәм оларды қәлиплесиў процесси менен жүзеге келеди (бунда жалланба ислеўшилер ортасындағы өз-ара қатнас, басшы ямаса кәрхана ийеси менен жалланба ислеўши ортасындағы қатнас ямаса жәмәәт ортасындағы өз-ара қатнасықлар).
Экономикалық тийкарлар - мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң тийкарын қурайды. Бунда мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў критериялары (яғный шахстың материаллық мәпдарлығы, бул жерде мийнет ҳәрекетинен қанаатланыў дәрежеси нәзерде тутылады).
Социаллық тийкарлар - бул өндирис қатнасықларында, мийнет ҳәрекетиниң мазмуны - ҳәр бир шахстың профессионал маманлық дәрежеси, исбилерменлик, исбилерменлик қәбилети ҳәм басқаларда сәўлеленеди. 2.3-сүўретте ҳәр қандай кәрхана ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң негизи болған мийнет бөлистирилиўи кәрхана ҳәм хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жақтан тәмийинлеўден алдын әмелге асырылыўы лазым. Ҳәзирги шараятта инсан ҳәрекетиниң мийнеттеги буйымласқан элементлер менен өз-ара байланысын орнатып ғана қалмай, өз-ара биргеликтеги хызмет қатнасыўшылары болған «инсан-техника» ортасында мийнет қатнасықларын қәлиплестириў, жанлы мийнет нәтийжелилигин асырыў сыяқлы машқалаларды шешиў зәрүр болмақта.
Мийнет бөлистирилиўи мийнет ҳәрекетиниң сапа жағынан ҳәр қыйлы түрлерин ажыратыў ҳәм олар ортасында муғдарлы қатнаслар орнатыў. Мийнет кооперациясы мийнет бөлистирилиўи процессиниң ажыралмас тәрепи болып, ол мийнет ҳәрекетиниң айырым түрлери ортасындағы өндирис процессиниң өз-ара байланыслары сыпатында сәўлеленеди. Кәрхана көлеминде мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясы мәселелерин шешиў ҳәмде шөлкемлестириўшилик структураларын өндирис хызметкерлерин қәлиплестириўден алдын әмелге асырылыўы керек. Хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жағынан тәмийинлеўдиң мазмуны оның структуралық элементлери ҳәм бағдарлары менен белгиленеди. Хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик тәмийинлеў элементлери 2.3-сүўретте келтирилген болып, олардың ҳәр бири айрықша әҳмийетке ийе.
1. Мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясы. Кәрхана көлеминде мийнет бөлистирилиўин әмелге асырылып, оның кооперациясы пухта ойлап көрилгеннен кейин кәрхана ишинде мийнетти терең бөлистириў ҳәм кооперацияласыўды әмелге асырыў – айрықша участкалар, хызметкерлер ортасында мийнетти бөлистириў, хызметкерлерди орны-орнына қойыў, олар ҳәрекетиниң өз-ара байланысыў мүмкиншилигин береди.
2. Мийнет процесслерин шөлкемлестириў. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жағынан тәмийинлеў мийнет процесслерин шөлкемлестириў, яғный анық жумыс түрин орынлаўда қолланылатуғын усылларды белгилеп алыўды нәзерде тутады. Мийнет процесслерин үйренип шығыў ҳәм оны әмелге асырыўға қанша жумыс ўақты жумсалыўы зәрүрлигин анықлаў ең жақсы жумыс усылларын таңлаў, жумыс орынларын ақылға муўапық бөлистириў мүмкиншилигин береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |