IV-бап. ХАЛЫҚТЫ ЖУМЫС ПЕНЕН БӘНТЛИГИНИҢ ӘҲМИЙЕТИ ҲӘМ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ
4.1.Халықты жумыс пенен бәнтлигиниң социаллық-экономикалық әҳмийети
Халықты жумыс пенен бәнтлиги инсан социаллық раўажланыўының ең әҳмийетли тәреплеринен бири болып, ол мийнет мәселелери менен байланыслы машқалаларды ҳәмде мийнетке болған талап ҳәм усынысларды қанаатландырыў жолларын ашып береди. Жумыс пенен бәнтлик адамлардың жумыс орынлары қай жерде болыўына қарамай, социаллық пайдалы мийнетке қатнасыўы жағынан өз-ара кирисетуғын социаллық-экономикалық қатнасықлар. Жумыс пенен бәнтлик қатнасықлары, мийнетке жарамлы адамлардың қаншасы ҳәм қай дәрежеде социаллық пайдалы мийнетте қатнасыўын көрсететуғын социаллық- экономикалық көрсеткиш болып есапланады.
Конституцияның 37-статьясына муўапық, ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдил мийнет шараятларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Халықты жумыс пенен бәнтлиги топары тек ғана экономикалық компонентлер менен шекленбейди. Жумыс пенен бәнтлик, дәслеп, социаллық қатнасықлар. Соның ушын қандайда бир дәслеп, тиккелей жүзеге келетуғын ҳәдийсе сыпатындағы социаллық оның тийкарғы өзгешелиги есапланып, социаллық-экономикалық ҳәдийсе сыпатында сәўлеленеди.
Ҳақыйқаттанда, халықтың жумыс пенен бәнтлик концепциясы жәмийет социаллық-экономикалық раўажланыўының бул басқышындағы жумыс пенен тәмийинлениўдиң өзгешелигин ашып беретуғын қараслар системасы болып табылады. Өзбекстан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызамының 2-статьясында көрсетип өтилгениндей: «Жумыс пенен тәмийинлеў – пуқаралардың нызам ҳүжжетлерине қарсы келмейтуғын, өз жеке ҳәм социаллық мүтәжликлерин қанаатландырыў менен байланыслы болған, оларға мийнет ҳақы (мийнет дәраматы) келтиретуғын хызмет есапланады».
Экономиканың сапа жағынан алдыңғысынан ажыралыўшы ҳәр бир раўажланыў басқышы ушын жумыс пенен тәмийинлеўдиң бул модели сәйкес келеди, себеби оның тийкарғы өзгешеликлери жәмийет хызметлериниң әҳмийетли процесслерин ашып береди. Тәжирийбе соны көрсетеди, жәмийет машқалалары ишинде инсанның жеке ҳәм талап мүтәжликлерин есапқа алмай шешиўге урыныў әўметсизликке алып келеди. Соның ушын дәслеп алымлар жумыс пенен бәнтлик машқалаларын көрип шығып атырғанда тийкарынан, оның экономикалық тәреплерине итибар берген болса, кейинги ўақытларда жумыс пенен бәнтликтиң социаллық тәреплери ҳаққында көбирек айтылып келинбекте.
Белгили, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў халықтың жумыс пенен бәнтлик дәрежесин асырыўда әҳмийетли фактор болып есапланады. Сол тәрептен, республикамызда бул мәселеге айрықша итибар берилмекте. Соннан, 2015 жылда жаңадан жаратылған жумыс орынларының саны 520 мыңды қураған болса, 2020 жылда олардың саны 950 мыңдан асты (4.1-диаграмма қараң).
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў машқаласын шешиў 2011 жыл ҳәм жақын келешекте мәмлекетимизди табыслы ҳәм турақлы раўажландырыўдың айрықша баслы бағдары ҳәмде ең әҳмийетли шәрти есапланады.
Өзбекстан Республикасының “Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында”ғы нызамға муўапық төмендегилер жумыс пенен бәнт болғанлар қатарына киритиледи (4.1-сүўретке қараң):
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы «Мийнет кодекси»не муўапық төмендеги себеплерге қарай ўақтыншалық жумыс орнында болмаған пуқаралардың жумыс орны сақланып қалады ҳәм олар жумыс пенен тәмийинленген, деп есапланады:
- мәмлекет ҳәм жәмийет ўазыйпаларын орынлап атырған ўақытта;
- жумыс бериўши ҳәм мийнет жәмәәти мәплерине тийисли ўазыйпаларды орынлағанда;
- жәмийет мәплерине тийисли ҳәрекетлер ислегенде.
4.1-диаграмма
Республикада жаратылып атырған жумыс орынлары динамикасы, бирлик
Өзин жумыс пенен ғәрезсиз тәмийинлейтуғын пуқаралар топарына төмендегилер киреди:
исбилерменлер;
фермерлер ҳәм олардың өндиристе қатнасып атырған шаңарақ ағзалары;
дийхан хожалығының өндиристе қатнасып атырған шаңарақ ағзалары;
кооперативлердиң ағзалары;
жазыўшылар, сүўретшилер ҳәм басқалар.
4.1-сүўрет. Жумыс пенен бәнт болғанлар дүзилиси
Экономикалық жақтан актив болған халық ушын, соннан, жумыссызлар ушын жумыс пенен тәмийинлеў дәрежесин (лаўазымын) белгилеп алыў әҳмийетке ийе. Әдетте бес дәрежеге бөлинеди (4.2-сүўрет).
Do'stlaringiz bilan baham: |