Өзбекистан республикасы аўыл хожалығы министрлиги өзбекистан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги



Download 38,24 Kb.
bet1/7
Sana02.05.2022
Hajmi38,24 Kb.
#601711
TuriПротокол
  1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Багдарлама Хошниязова.БАХЫТ


ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ МИНИСТРЛИГИ
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА
АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ТАШКЕНТ МӘМЛЕКЕТЛИК АГРАР УНИВЕРСИТЕТИ
НӨКИС ФИЛИАЛЫ


«БАЛЫҚШЫЛЫҚ ҲӘМ ЖИПЕКШИЛИК» ФАКУЛЬТЕТИ «ЗООИНЖЕНЕРИЯ ҲӘМ ВЕТЕРИНАРИЯ» КАФЕДРАСЫ





Бағдарлама Факультет илимий кеңесинде тастыйқланды магистратура бөлими баслығы
Ешмуратов Э.___________
Протокол №__________
«____» ______________2020ж




Бағдарлама Кафедра мәжилисинде көрип шығылды ҳәм мақулланды кафедра баслығы Ажиниязов Б. _______
Протокол №____________
«____» ______________2020ж

«Зооинженерия ҳәм ветеринария» кафедрасы 5A410601 – «Қусшылық»
Қәнийгелиги магистранты Хошниязова Саўлат Жалгасбаевнаның
«Таўықларды бағыў ҳәм сақлаўдың жаңа технологиялық усыллары» атамасындағы магистр дәрежесин алыў ушын қорғайтуғын диссертация жумысының (2020-2021 жылларға мөлшерленген)


БАҒДАРЛАМАСЫ

Илимий басшы:


«Зооинженерия ҳәм ветеринария»
кафедрасы баслығы аўыл хожалығы
илимлериниң докторы (PhD): Ажиниязов Б. К.

Нөкис – 2020




КИРИСИЎ
Ҳәзирги күнде қусшылықтың өзине тийисли биологиялық қәсийетлеринен пайдаланыў усыллары арқалы азық-жемис өнимлерин жетистириў мәселелерин шешиўде көбирек нәсилшилик исине қуслардың ыссы климатына бийимлескен таза пародаларды жаратыў, қус өнимлерин қусшылык фабрикаларында болған жоқары заманагөй технология тийкарында ҳәм қусларын бир жайда сақлаўда, аўыр жумысларын механизациялаў автоматластырыў тийкарында алып барыў зәрүр.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006 жыл марттағы «Жеке жәрдемши, дийхан ҳәм фермер хожалықларында шарўа малларын көбейтиўди, хошаметлеў илажлары туўрысында»ғы қарары мәмлекетимде шарўашылықты раўажландырыўдың жаңа мүмкиншиликлерин ашып берди.
Усы қарарға қарай социаллық мәселе, яғный малларын бағыў менен шуғылланатуғын халықтың мийнет дәптершелери жумыс стажы жазылыўы, қарамаллар санын көбейтиў, зооветеринария ҳәм нәсилшилик хызметлерин көрсетиў, киши қусшылық фирмалары, дийхан, фермер ҳәм жеке жәрдемши хожалықларға нәсилдар маллар жеткизип бериў, маллар сатып алыў ушын банклер тәрепинен микрокредитлер ажыратыў, мүтажли ҳәм көп балалы шаңарақларға бийпул сыйыр ажыратыў, араласпа жжем менен тәмийнлеў. Республикаға алып келинип атырған нәсилли маллар, техника ҳәм үскенелер баж төлеўлеринен азат етилиўи нәзерде тутылған. Қарардың барлық бәнтлери мәмлекетимизде шарўашылықты раўажландырыўдың келешеклерин ашып берди. Сол себепли мүлк формасына қарамастан ҳәр бир шарўадар қарар жеңилликлеринен толық пайдаланыўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң   2008 жыл 21-апрельдеги «Жеке жәрдемши, дийхан ҳәм фермер хожалықларында шарўа малларын көбейтиўди, хошаметлеўди күшейтиў ҳәмде шарўашылық өнимлери өндиристи кеңейтиў бойынша қосымша илажлар туўрысында»ғы қарары көпшилик машқалаларды толық шешип бериў имканиятын берди. 
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң «Қусшылықты раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар» туўрысындағы 13-ноябрь 2018 жыл ПК– 4015 санлы қарары шықты. Мәмлекетимизде қусшылық тараўын раўажландырыў ҳәм экспортқа мөлшерленген таяр өнимди ислеп шығарыў көлемин асырыў ҳәм түрлерин кеңейттириў, сондай-ақ халықты жергиликли ислеп шығарылған сыпатлы ҳәм арзан қусшылық өнимлери менен тәмийнлеў бойынша басқышпа басқыш ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Көп жыллардан берли республикамызда гөш бағдарындағы (бройлер) қусшылық санаатында ҳәзирги заманагөй гөшбап жетекши кроссларынан Сибиряк, Смена-4 (Россия), РОСС-308 (Англия), Иза-Хабборт, Хабборт (Франция) Кобб-500 (АКШ), Арбор Айкрес (АҚШ) бройлер кроссларынан кең пайдаланылмақта. Бул таўықлар мәйегинен инкубацион сыпаты ҳәм шөже ашып шығарыўы оларды бағыў шараятына байланыслы екенлиги көринип тур, өндиристе бул үлкен әҳмийетке ийе.
Соның менен бирге тараўды жедел раўажландырыўға, соннан заманагөй технологияларды қолланыў, ислеп шығарыў процессин модернизация қылыў ҳәм таяр қус өнимлери экспортын кеңейтириўге тосқынлық қылып атырған қатар машқалалар ушыраспақта. Тийкарнан:
Бириншиден, қусшылық өнимлерин қайта ислеў дәрежеси төмен, тараў өшинлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт қылыўда ярым таяр өнимлер үлеси жоқары болып қалмақта, сондай ақ қус шығындыларын терең қайта ислеў дизими жолға қойылмай атыр;
Екиншиден, қусшылық тараўында тийкарынан таўық жетистириў менен шекленип қалмақта, басқа қус түрлерин (түйе таўық, бөдене) басқа қус түрлерин (түйетаўық, бөдене, ғаз, үйрек, түйеқус, кеклик ҳәм басқалар) жетистириўди көбейтиў ис илажлары көрилмей атыр;
Үшиншиден, қус кеселликлерин өз ўақтында анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша заманагой биолабораториялар шөлкемлестирилмегенлиги ақыбетинде қуслар арасында жуғымлы кеселликлер тарқалып бармақта;
Төртиншиден, тараўда жоқары маман кадр таярлаў, оларды өндиристиң заманагой усылларына оқытыў, тараў қәнийгеликлеринде инновацион көз қарас ҳәм де көникпелер пайда етиў, ислеп шығарыўда жоқары сыпатқа ерисиў ушын сырт ел қәнийгелерин алып келиўге жетерли итибар берилмей атыр;
Бесиншиден, қус азық базасын жаратыя, импорт орнын басыўшы азық өнимлерин ислеп шығарыў талап дәрежесинде жолға қойылмаған;
Алтыншыдан, қус өнимлери экпорт қылып атырған мәмлекетлер географиясын кеңейтиў, сол арқалы экспорт көлемин кескин асырыў ис илажлары көрилмеген;
Жетиншиден, тараўға туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын киритиў бойынша тәжирийбе жетерли емес, бул бойынша жетекши сырт ел қәнийгелер менен бирге ислесиў жолға қойылмай атыр.
Қусларға тек бир түрдеги азық берип бағыў жақсы нәтийже бермейди. Оның талабын қанаатландырып азықландырыў ушын бирнешше түрли азықларды араластырып бериў мақсетке муўапық болады. Себеби, бунда бир түрдеги азықтың қурамында болмаған яки талапты қанаатландырыў ушын жетиспеген азықлық затлар екинши түрдеги азықты араластырыў жолы менен толтырылады. Натийжеде азықландырыў пайдалылығы жоқары болады.
Кейинги жылларда қусларды майдаланған аралас жем менен азықландырыў қанаатландырарлы нәтийже бермекте. Бул усыл бойынша бағыўда жем қурамындағы бир неше түрли азықлар шарўа өнимлеринен ибарат азық компонентлери көк от, мийўе жапырақлы өсимликлер ҳәм де беде унлары, порошок ҳалатына келтирилген минерал затлар, микроэлементлер, витамин препоратлары премикслери ҳәм зәрүр болса антибиотиклер, биосимуляторлар киргизилди. Усындай араласпа қурамында қуслардың организмине зәрүр болған азықлық затлардың ҳәммеси бар болады.Ҳазирги санаат қусшылығында әсиресе таўықларды батерея клеткаларында сақлап бағыўда майдаланған аралас жем берипазықландырыў пайдалы нәтийже бермекте, яғный қусларға кем азық сарплап көп өним ислеп шығарыўға ерисилмекте.

Download 38,24 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish