Ўзбекистон республикаси олий мажлис сенати аграр, сув хўжалиги масалалари ва экология



Download 7,25 Mb.
Pdf ko'rish
bet215/368
Sana30.04.2022
Hajmi7,25 Mb.
#598631
1   ...   211   212   213   214   215   216   217   218   ...   368
Bog'liq
1 Toplam Senat 2018

 
 
Қарақалпақстан социал эканомикалық жағдайы салы жетистириў менен тығыз байланыслы 
екенлигин ҳеш ким бийкарлай алмайды.
Салы егини гектарына орташа 25 мың куб метр талап етиўин есапқа алып, оның ҳәзирги кҥнде 
егислик майданын анықлаў ҳәм жайластырыў мәселеси бойынша кӛп тартыслар илимпазлар ҳәм 
әмелиятшылар ортасында да болып елеге шекем бир шешимге келинбегенлиги мәлим болып қалмақта. 
Буның менен есапласыўдың ҳеш илажы жоқ деп есаплаймыз. 
Соның ушында Республикамызда егилип атырған егинлердиң оптимал егислик майданларын 
анықлаў керек, биринши гезекте инженерлик типтеги мелоратив жақтан проект нормаларға сәйкесленип 
жақсы таярланған салыгершилик системаларына жайластырылыўы керек. 
Салының зҥрәәтлигин жоқарылатыў ӛним сапасын жақсылаў ҳәм де Арал бассейнинде экологиялық 
тең салмақлықты сақлаўға бағдарланған жаңа технологияны ислеп шығыў ҳәм ӛндириске жедел енгизиў 
шәртли илажлар болып қалмақта.
Салыгершилик илимий жақтан тийкарланған агротехнологияны әмелге асырыў, әсиресе қолайсыз 
экологиялық жағдайларға бейимлескен жоқары зҥрәәт ҳәм сапалы ӛним топлайтуғын жҥдә тез писер салы 
сортларын жаратыўға ҳәм оны аўыл хожалығы ӛндирисине енгизиўге ҥлкен итибар қаратылыўы керек. 
Саланың жоқары зҥрәәтли жаңа сортларын ӛндириске енгизиў нәтийжесинде ҳеш қандай қосымша 
қәрежет жумсамастан зҥрәәтликти 20-35 % ке жоқарылатыўға мҥмкиншилик береди. Раўажланған 
мәмлекетлерде ғалле егинлериниң улыўма зҥрәәтлигиниң 50 % селекция ҳәм тухымгершилик есабынан 
болса, ал қалған 50 % ти жаңа технологияға ҳәм жумысты шӛлкемлестириў мәселелерине туўра келеди. 
Салыгершилик салы-жоңышқа алмаслап егиў ӛндириске енгизиў арқалы топырақтың қунарлылығын 
арттырып мал шарўашылғы ушын зәрҥр болған тойымлы от-жем базасын беккемлеўге болады. 
Салының жаңадан жаратылған сортларын ӛндириске енгизиў арқалы ӛнимге жумсалатуғын қәрежет 
ҳәм шығымлар муғдары кемейеди, сапасы жақсыланады, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығы 
жоқарылайды, қолайсыз экологиялық жағдайларға бейимлесиўи (қурғақшылыққа, нәл алыў алыў 
дәўиринде тӛмен температураға, топырақтың шорланыўына, терең суўдан шығыўына ) жақсыланады, 
топлаған зҥрәәти механизмлер жәрдеми менен орып жыйнап алыў процесси жеңиллеседи ҳәм оның 
нәтийжелиги артады. 
Аўыл хожалығы ӛндирисиниң сортқа болған талабын қанаатландырыў махсетинде 
Қарақалпақстанда салы селекциясы жумыслары системаллы тҥрде ҥзиликсиз 50-жылдан аслам ўақыт 
даўам етип келмекте. Булл кҥнге келип Республикамыздың жетекши селекционерлери тәрепинен салының 
«Нӛкис-2», «Гулзар», «Жайхун» ҳәм «Санам» ҳәм «Нӛкис-70» сортлары районласқан. «Гулистан» сорты 
мәмлекетлик сорт сынаў комиссиясының шешими менен 2017 жыл келешеги бар сорт деп табылған. 
Бул сортлардың тийкарғы ӛзгешелиги тез писерлиги, ҳәр қыйлы жағдайларда жоқары зҥрәәт ҳәм 
сапалы ӛним топлаўы менен ажыралып турады. Бул сортлар потенциаль зҥрәәтлиги 60-65 ҳәм 90-100 ц/га 
ҳәм оннанда кӛп зҥрәәт топлаў мҥмкиншилигине ийе. Ҳәттеки кҥшли шорланған топырақ жағдайларында 
ҳәм 40-45 ц/га муғдарында зҥрәәт алыў мҥмкиншилигин береди.
Бул сортларды жаратыў процессинде бизлер ӛз алдына айырықша методиканы қолланып унамлы 
пайдалы – хожалық белги ҳәм қәсийетлери жоқары болған формаларды топырактың шорланыўына, нәл 
алыў ўақтында тӛмен температураға, терең суўдан шығыў қәбилетине ҳәм салыда кең тарқалған 
пирикуляриоз (ақлап кетиў) кеселлигине шыдамлылығы бойынша баҳалап таңлап ажыратып алынды 
ҳәмде олардан шағылыстырыў процессинде ата-аналық комбинацияларын жаратыўға пайдаланылмақта. 
Бизиң елимиздиң базар эканомикасына ӛтиў жағдайына байланыслы ҳәзирги кҥнде мҥлкшиликтиң 
тҥрли формалары (жеке меншик, дийхан фермер хожалықлары, ширкет ассоциациялары) аўыл хожалығы 
турмысында унамлы жумыслар ислеп атырғаны ҳәм олардың нызамлы кепилликлерге ийе екенлиги 
белгили. Сол себепли олардың салының ҳәр қыйлы типтеги сортларына болған талабы бирдей емес 
екенлиги мәлим болып қалды, себеби бул хожалықларда салыны егип тәрбиялаў жағдайы дийханшылық 
мәденияты тҥрли мҥмкиншилик береди.


222 
Бул салы сортлары ӛндирис жағдайында 90-100 кҥн вегетация даўамында 60-70 ц/га сапалы ӛним 
топлаў мҥмкиншилигине ийе болып суўғарыўға сарпланатуғын суўдың нормасын 20-25 % ке кемейтип, 
гербицид ҳәм пестицитлерден пайдаланыўды азайтыў арқалы Арал бассейнинде экологиялық жағдайды 
жақсылаўға имкан береди. 
Кӛп жыллык селекция жумыслары нәтийжесинде бизлер салының турақлы жоқары зҥрәәт 
беретуғын топырақ ықлым жағдайымызға бейимлескен сортларын ҳәм ең тийкарғы экотиплерин 
жараттық. Булардан дәслепки материаллар жаратыўда донор ретинде пайдаланыўды усыныс етемиз. 
Бул жерде жаратылған салы сортлары ӛзиниң унамлы пайдалы-хожалық белгилери ҳәм қәсийетлери 
менен ажыралып турады. Олардың барлығы егиў агротехнологиясын жақсылағанда мәмлекетимиздиң 
барлық ўалаятларында бийдай егинин орып жыйнап алғаннан соң жоқары зҥрәәт топлаў қәсийетине ийе 
екенлиги дәлилленген. 
Республикамызда салыгершиликти раўажландырыў салының егислик майданларын кӛбейтиў 
арқалы емес, ал салының жоқары зҥрәәтли сортларын жаратыў ҳәм оны егип жетилистириў 
агротехнологиясын сол сорттың биологиялық ӛзгешеликлерин есапқа алып жетистириў арқалыерисиўге 
болады.

Download 7,25 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   211   212   213   214   215   216   217   218   ...   368




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish