Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   290
Bog'liq
ОМК

 
 



2-тема. Қурылыс материалларыныӊ тийкарғы қәсийетлери
 
Таяныш сөзлер:
 қурылыс материаллары ҳәм буйымлары, стандартлаў, сертификация, 
ГОСТлар, микроструктура, макроструктура, физикалық қәсийетлер, гидрофизикалық 
қәсийетлер, ыссылық-физикалық қәсийетлер, беккемлик, деформативлик, технологиялық 
қәсийетлер, радиацияға шыдамлылық. 
Жоба: 
2.1. Улыўма мағлыўматлар 
2.2. Материаллар қурамы, структурасы ҳәм қәсийетлериниӊ байланыслылығы 
2.3. Физикалық қәсийетлер 
2.4. Гидрофизикалық қәсийетлер 
2.5. Ыссылық-физикалық қәсийетлер 
2.6. Радиацияға шыдамлылық 
2.7. Механикалық қәсийетлер 
 
2.1. Улыўма мағлыўматлар 
Қурылыс материалларыныӊ ҳәр бир түри ӛзине тән физикалық, механикалық, 
химиялық ҳәм арнаўлы қәсийетлерге (радиацияға мүнасебети, технологиялық ислеў) ийе 
болады. 
Материаллардыӊ қурамы, структурасы физика-химиялық ҳәм технологиялық 
процесслер тәсиринде ӛзгериўи менен олардыӊ барлық қәсийет ҳәм ӛзгешеликлери ӛзгереди. 
Қурылыс материаллары келип шығыўына қарай тәбийий ҳәм жасалма болады. Олар 
қәсийетлерине салыстырғанда пластик (битум, гилтопырық) эластик (ағаш, полат, резина), 
морт (керамика, шийша, бетон, шойын), материал беккемлигине қарап- беккемлиги жоқары 
(полат, гранит, шийша, шийшапласт, ситалл, бетон-полимер), беккем (бетон, ағаш, 
полимербетон, пискен гербиш) ҳәм беккемлиги тӛмен (гипс, ҳәктас, шийки гербиш, кӛбикли 
бетон, газбетон) түрлерине бӛлинеди. 
Материаллардыӊ ислетилиў шараятына қарай конструктив (тәбийий тас материаллары, 
бетон, араласпа, керамика, ағаш, полимербетон, пластмасса ҳәм т.б.) ҳәм арнаўлы (ыссылық 
ҳәм даўыс изоляциясы, гидроизоляция, безеў, коррозияға шыдамлы, отқа шыдамлы, 
радиациядан қорғаўшы, биологиялық орталыққа шыдамлы ҳәм т.б.) түрлерге бӛлинеди. 
Қурылыс материаллары қәсийетлерин цифрлар менен баҳалаў мақсетинде Республика 
стандарты (РСт), Тармақ стандарты (ТСт), Кәрхана стандарты (КСт), Мәмлекетлер аралық 
стандарт (ДСт) лар енгизилген. Қурылыс материаллары стандартлары Мәмлекетлик стандарт 
комитети менен ӚзР Мәмлекетлик архитектура қурылыс комитети тәрепинен 
тастыйықланады. Бундай стандартлар техникалық шәртлер; техникалық талаплар; буйым 
түрлери ҳәм ӛлшемлери; қабыл етиў қағыйдалары; тамғалаў, ораў ҳәм тасыў қағыйдалары 
ҳәм т.б. жағдайларда болыўы мүмкин. 
Қурылыс материалларынан пайдаланып имарат ҳәм иншаатлар қурыў “Қурилиш 
меъѐрлари ва қоидаларида” (ҚМҚ) белгиленген болып, барлық шӛлкем ҳәм орынлар ушын 
мәжбүрий есапланады. Қурылыс материалларыныӊ 1947 жылда дүзилген “Стандартлаў 
ҳалықаралық шӛлкеми (МОС)” талапларына жуўап бериўши түрлери де бар. МОС қурылыс 
материалларын мәмлекетлер аралық тасыў ҳәм ислетиўге қолайлық туўдырады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish