Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet162/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   158   159   160   161   162   163   164   165   ...   290
Bog'liq
ОМК

Нефт (жасалма) битумлары
-нефт шийки затының органикалық синтез процессинен 
пайда болатуғын ӛнимлер есапланады. Нефтти қайта ислеў технологиясына қарап битумлар 
тӛмендеги түрлерге бӛлинеди: нефтден (гудрондан) бензин, керосин ҳәм майлар айдаў жолы 
менен алынған қалдық битумлар; гудронға арнаўлы аппаратларда ҳаўа үплеп (оксидлеп) 
алынған оксидленген битумлар; нефт ҳәм нефт майларының жоқары температурада 
крекинглениўи (бӛлиниўи) нәтийжесинде пайда болған крекинг битумлар. 
Гудрон
-нефтден алынған мазут қурамынан майлы фракцияларды айдаў нәтийжесинде 
пайда болған қалдық ӛним. Гудрон битум алыўда тийкарғы шийки зат ўазыйпасын ӛтейди 
ямаса мустақил равишда жол қурылысында ислетилетуғын араласпа ҳәм бетонлар таярлаўда 
байланыстырыўшы сыпатында қолланылады. 
Қатрон материалларға таскӛмир, ағаш, торф, жаныўшы сланец сыяқлыларды ҳаўасыз 
орталықта қурғақ айдаў нәтийжесинде пайда болған қатронлар ҳәм пеклар киреди. 
Битум ҳәм қатронлар тийкарындағы гидроизоляция ҳәм композицион материаллар 
турақжай, санаат, гидротехникалық сооружениелер, автомобил ҳәм аэродромлар 
қурылысында кең кӛлемде ислетиледи. 
Битум ҳәм қатронлар полимерлер менен аралас байланыстырыўшылар ҳәм олар 
тийкарында композицион материаллар таярлаўда ислетип келинбекте. 
Олар қурамына резина, дисперс арматуралаўшылар ҳәм басқа модификаторлар киритип 
қәсийетлерин жақсылаў мүмкин. 
22.2 Битумлы байланыстырыўшы затлар 
22.2.1. Битумлар қурамы ҳәм дүзилиси 
Битумның элементар қурамы тӛмендегише: углерод 70-80%, водород 10-15%, күкирт 2-
9%, кислород 1-5%, азот 0-2%. Битум қурамында бул элементлер углеводород радикаллары 
ҳәм олардың күкирт, кислород ҳәм азотлы бирикпелери кӛринисинде болады. 
Битум қурамы асфалтенлерден (қатты жыныслар), смолалар ҳәм майлардан ибарат 
болып, битумның барлық қәсийет ҳәм ӛзгешеликлерин белгилейди. 
Асфалтенлер жоқары молекулалы углеводородлар ҳәм олардыӊ 
ҳосилаларидан
ибарат 
болған, молекуляр массасы 1000-5000, тығызлығы 1 г

см
3
жоқары затлар есапланады. 
Асфалтенлер қурамында карбенлер ҳәм майларда ҳәм органикалық еритиўшилерде 
еримейтуғын карбоидлар болады. Битумның қатты бӛлегин углеводородлар-парафинлер де 
қураўы мүмкин. 
Смолалар молекуляр массасы 500-1000, тығызлығы 1 г

см
3
әтирапында болған тоқ 
жигар реӊли аморф затлар есапланады. 
Майлар молекуляр массасы 100-500, тығызлығы 1 г

см
3
қа шекем болған 
углеводородлардан ибарат затлар есапланады. 
Битум қурамы жағынан коллоид система болып, асфалтенлер, смолалар ҳәм майларда 
дисперсия ҳалатында болады. Битум қурамында асфалтенлер (18-20 мкм) ядролар пайда 
етеди, әтирапында болса смолалар ҳәм майлардан қабықлар жайласқан. 


152 
Битум қурамында асфалтенлер кӛп бӛлегин қураса, оныӊ қаттылығы, жумсаў 
температурасы ҳәм мортлығы жоқары болады. 
Битум қурамында майлар ҳәм смолалар кӛп бӛлекти қураса, керисинше битум жумсақ 
ҳәм тез ериўшең болады. Майлар ҳәм смолалардың молекуляр массасы тӛмен болса, 
битумның пластиклиги жоқары болады. 
Битум қурамында парафин муғдарыныӊ 5% артыўы тӛмен температураларда 
мортлығын кӛбейттиреди. 
Битумнан қурылыс материаллары алыўда тӛмендеги усыллар менен ислеў бериледи: 
140-170
0
С қыздырылып смолалар жумсартылады ҳәм майларда жақсы ериўи тәмийинленеди; 
битумлар жасыл нефт майы, лакойл, техникалық керосин ҳәм басқа органикалық 
еритиўшилерде еритиледи ҳәм суўық ҳалдағы ӛнимлер таярлаў имканияты жаратылады; 
битум арнаўлы эмулгаторлар жәрдеминде битум эмулсиялары ҳәм пасталарына 
айландырылады ҳәм композицион материаллар таярлаўда ислетиледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   158   159   160   161   162   163   164   165   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish