4-МОДУЛ. ШИЙША. ШИЙША БУЙЫМЛАР ҲӘМ СИТАЛЛАРДЫҢ
ТИЙКАРҒЫ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ
6-тема. Шийша. шийша буйымлар ҳәм ситаллар
Таяныш сөзлер:
кварц қумы, ҳәктас, сода, шийша, шийша буйымлар, нур
өткизиўшеӊлик, беккемлик, шийша пакетлер, киши эмиссиялы айналар, безеў айналары,
ситаллар, шлак ҳәм тас еритпелери буйымлары.
Жоба:
6.1 Улыўма мағлыўматлар
6.2 Шийша ислеп шығарыў
6.3 Шийшаныӊ дүзилиси ҳәм тийкарғы қәсийетлери
6.4 Шийшаныӊ түрлери
6.5 Безеў айнасы
6.6 Шийша буйымлар ҳәм конструкциялар
6.7 Шлак ҳәм тас еритпесинен исленген буйымлар
6.8 Ситаллар ҳәм олар тийкарындағы буйымлар
6.1 Улыўма мағлыўматлар
Шийша ҳәм шийша таярлаў процесси антик Египет, Месопотамия, Греция ҳәм Римда
эрамыздан алдыӊғы 30-40 әсирлерде белгили болған. Кейинирек Қытай ҳәм Орайлық Азия
мәмлекетлерине шийша таярлаў технологиясы түрли аймақлардан кириб келген.
Ӛзбекстанда ғәрезсизлик себепли шийша ҳәм шийша буйымлар ислеп шығарыўшы заводлар,
цехлар кӛбеймекте. Олар қатарына 1996 жылда қурып иске түсирилген Чирчиқ, Қувасой
шийша заводларын киритиў мүмкин. Буннан тысқары бир тәреплеме нур ӛткизиўши, шийша
пакет, реӊли ҳәм автомобилсазлық ушын үш қатламлы шийшалар ислеп шығарыў жолға
қойылмақда.
Шийша ҳәм шийша буйымлар тӛмендеги тәреплери менен классларға бӛлинеди:
химиялық қурамына қарай: оксидли (силикатлы, кварцлы, боратлы, фосфатлы ҳәм т.б.);
кислородсыз (галогенли, нитратлы ҳәм т.б.); ислетилиў тараўына қарай: қурылыс,
меъморчилик, техникалық, шийша ыдыслар ҳәм шийша талшықлар.
6.2 Шийша ислеп шығарыў
Шийша ислеп шығарыўда тийкарғы шийки зат сыпатында кварц қумы ҳәктас, сода ҳәм
натрий сулфаты ислетиледи. Шийша араласпасын писириў температурасын тӛменлетиў
ушын оған сода, натрий сулфаты қосылады. Егер кварц қумы ҳәм содадан ибарат
араласпадан шийша алынса, ярым шаффоф суўда ериўши шийша болады (Na
2
Si0
3
). Араласпа
қурамына ҳәктас ямаса доломитти киритиў шийшаныӊ суўда еримеслигин тәмийинлейди.
Силикатлы шийша 1500
0
С температурада арнаўлы шийша еритиў хумдонларида
алынады. Масса температурасы 800-900
0
С қа жеткенде силикатлар пайда болыў процесси
басланады. Температура 1150-1200
0
С болғанда масса шаффофлашади, бирақ қурамында кӛп
ҳаўа пуфакчалари болады. Шийша массасындағы ҳаўа араласпалары 1500
0
С қа шығып
кетеди ҳәм шийша қиѐмига жетеди. Массаны қәлиплеў температурасы 200-300
0
С
әтирапында болып, қойыўлығы химиялық қурамына байланыслы. SiO
2
, Al
2
O
3
, ZrO
2
оксидлери массаны қойыўластырса, Na
2
O,
CaO,
Li
2
O
оксидлери керисинше,
суйықластырады. Шийша массасын ериген ҳалатда узақ мүддет услаў оныӊ структурасын
аморф ҳалатынан кристалл ҳалатқа қайта ӛтиўге алып келади.
Силикат шишаныӊ оксид қурамы, % масса бойынша:
SiO
2
-64-73; Al
2
O
3
-0,5-7,2; K
2
O-0-5; Na
2
O-10-15; CaO-2,5-26,5; MgO-0-4; Fe
2
O
3
-0-0,4;
SO
3
-0-0,5; В
2
O
3
-0-5.
43
Шийша массасына каолин, дала шпаты (Al
2
O
3
) киритилиўи оныӊ механикалық
беккемлигин, термик ҳәм химиялық шыдамлығын асырады. Шийша шийки заты қурамына
B
2
O
3
қосылса, оныӊ шийшаланыўы тезлеседи ҳәм кристалланыўы кемейеди. Цинк оксиди
(ZnO) шийшаныӊ температурадан сызықлы кеӊейиш коэффициентин кемейттиреди ҳәм
термик шыдамлығын асырады. Қорғасын оксиди (РbО) оптик шийша ҳәм хрусталл таярлаўда
ислетиледи.
Шийша алыў “қайық” усылында болып, шексиз шийша лентасын тартыў демакдир.
Шийша қалыӊлығы тартыў тезлиги менен басқарылады. Витрина ҳәм кўзгу айналары
тегисленеди ҳәм шаффофланади.
Do'stlaringiz bilan baham: |