Туребеков М


§ 2. Ерте орта әсирлердеги Қытай



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet27/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 2. Ерте орта әсирлердеги Қытай 
 
Феодаллық қатнаслардың пайда болыўы (III-VI әсирлер). 
400 жыл өмир 
сурген хан империясының қулаўы менен (220 жыл) ерте орта әсирлердиң пайда 
болыўы басланады. Империя ири халық көтерилиси нәтийжесинде қулайды. 
Социаллық теңсизликтиң өсиўи менен халық көтерилиси басланып оларға ири 
жер ийелери жәрдемлесиўи нәтийжесинде империяны қулатады. Бирақ жер 
ийелери өз-ара ҳәкимият ушын гүреседи. Бул ҳәрекетлер қул ийелеўшилик 
дүзимниң қулаўына ҳәм феодализмниң пайда болыўына қолайлы жағдай 
таярлады. Феодализмниң белгилери Қытайда 1-әсирлерден басланды. 
Феодаллық қатнаслар ири жер ийелериниң ҳәм оларға ғәрезли дийханлардың 
сиясий ҳәм экномикалық байланысларының күшейиўи менен қәлиплести. Бай 
жер ийелериниң қол астына өткен аўыл халықлары мәмлекетке салық төлемей 
ҳәм әскерий хызметти орынламады. Бундай "күшли хожалықлардың" пайда 
болыўы бирлескен бир мәмлекеттиң қулаўының сиясий экономикалық баслы 
себеплериниң бири болды. Қытайдың материаллық ҳәм руўхый мәдениятының 
ерте орта әсирлердеги дәрежеси жүдә жоқары еди. Суўғарыў дийханшылығы 
раўажланып, жоқары сапалы темир алынды. Жипекшилик, қағаз шығарыў 
(б.э.ш. I әсирден баслап), форфор, гүләл ыдысларын ислеў ҳ.т.б. белгили. 
Илим, әдебият ҳәм искусство жоқары дәрежеде раўажланды. Бирақта Хан 
империясының қулаўы менен хожалықтың ҳәм мәденияттың төменлеўи айқын 
көринеди. 
Тәбийғый 
апатшылықлардың 
ишки 
қарама-қарсылықлар 
нәтийжесинде мәмлекеттиң жери 56,5% қысқарады. Бул жағдайлар 
мәмлекеттиң бирлесиўин талап қыла баслады.


77 
Цезин империясы. Мәмлекетлик салық системасының киргизилиўи. 
"Күшли 
хожалықлардың" сын туқымынан шыққанлар жаңа Цезин (265-420-жыллары) 
династиясының басшылығында мәмлекетти қайтадан бирлестиреди. III әсирден 
баслап феодализмниң раўажланыўы да еки ағым пайда болды. 1."Күшли 
хожалықлар" жерлерин кеңейтип ҳәр қыйлы жоллар менен ол жердеги 
адамларды ғәрезсизликке мәжбүрлеў сиясатын апарды. Өз хызметин 
атқарғанларға пайдаланыў ушын азлап жерлер берген. 2.Жерге мәмлекетлик 
меншикти күшейтиў тәрепдарлары еди. 280-жылы арнаўлы пәрман шығып 
ҳәмме жер импиратор басқарған мәмлекеттиң қолына өтеди. Ол жерлерди 
пайдаланыўшылар мәмлекетке салық төлеўи белгиленеди. Мәмлекетте бос 
қалған жерлер көп еди. 
Оларды 16 - 60 жастағыларға бөлип берди. Оның 41,7% жерин ислеп 
өнимди мәмлекетке тапсырған. Қосымша дийхан жылына 20 күн мәмлекетлик 
жумысларды пулсыз ислеп бериўи ҳәм гезлеме ямаса тоқыў сабағын төлеўи 
шәрт 
болған. 
Бул 
реформаның 
нәтийжесинде 
мәмлекетке 
салық 
төлеўшилердиң саны III әcирлер ақырында еки есеге көбейди. Ўақыттың өтиўи 
менен мәмлекет айрым феодалларға мәмлекетке хызмети ушын сыйлыққа 
берген жерлерди онда отырғанлар менен қосып жиберген. Мәмлекеттиң бул 
реформасы "күшли хожалықлардың" нарийзалығын пайда етеди.
Көшпелилердиң топылысы. 
Ишки ала-аўызлық сыртқы көшпелилердиң 
топылысына қолайлы болды ҳәм дәслеп қытайға гуннлер, муюнер, тянь, 
Жуўжанлар, Тибет қәўимлери кирип келди. Булар әйемги общиналық дүзими 
ыдырап класслық дүзимниң пайда болыўы басқышында турған этник топарлар 
еди. Басып алыўшылар арқа Қытайда көплеген майда мәмлекетлер дүзди.
Бирақ олар соңғы жаўлап алыўшылар тәрепинен тез қулатылған. Бул 
ўақыяларға байланыслы арқаның бир топар халқы түсликке көшкен. (12,5%). 
Бул ол мәмлекет тарийхындағы ең үлкен көшиў еди. 
Олар өзи менен бирге арқада жақсы раўажланған жетискенликлерди 
түсликке таратты. Ол жердеги жергиликли таўлы юэ қәўимлери қытайлылар 
менен араласты. Түсликке "күшли хожалықлар" император семьясы ағзалары, 
ҳәм ески ақсақаллардың көбирек көшиўи болған. IV-VI әcирлерге келгенде 


78 
түслик Қытайда көпшилик дийханлар жер ийелерине ғәрезли болған. Бул 
жерде қуллардың мийнетинен пайдаланыў жүдә аз болған. V әсир ақырына 
келгенде жаўлап алыўшылардың көпшилик бөлеги отырықшы халыққа 
айланды. Олардың мәмлекетлик басқарыўы Цезин дәўириндеги Қытай 
мәмлекетлик админстрациясынан алынды ҳәм әстелик пенен сырттан 
келгенлер менен арқаның феодаллары менен сиясий аўқам қәлиплести. Арқа 
қытайдағы 477-485-жыллардан Вей пәрманы менен жаңадан жерге меншиклик 
белгиленди. Енди ҳәр бир дийхан сүрим, бағлық, палызлық ҳәм үй қапталы 
жерлери киретуғын меншик жер алған. Дийханлар сүрим жерлерин сатыўға, 
биреўге бериўге, арендаға бериўге ҳақысы болмаған. Бағ палыз, үй қапталы 
жерлерин админстрация белгилеген муғдарда сатыўға ҳәм биреўге ҳәр қыйлы 
шәртте бериўге ҳақысы болған. Жерлерди дийханларға бөлиўде теңлик 
болмады. Жер ийесиниң қулы болса, жер айдаўға малы болса ямаса көп 
семьялы болса қосымша жер берилди. Бул айрым феодаллардың күшейиўине 
мүмкиншилик туўдырды. Цим Янның реформасына қарағанда бунда затлай 
рента төлеў формасы қолланылады. Дәслепкисинде ислеп бериў қолланылған 
еди. Аўылларда басқарыў системасы қәлиплести. 5 ҳәули бирикти(беслик) ҳәм 
бул бесликтиң бесеўи биригип орташа общинаны қурады. Бул ле деп аталды. 
Бес ле (125 ҳәўли) биригип аўыл общинасы қурады. Бирлеспе шериклик 
болмай бирге ислеўге тийкарланған. Аўыл общинасын ақсақал басқарды. 
Оның семья ағзалары мәмлекетлик миллионерлерден ҳәм салықтан азат 
етилген. Мәмлекетке тек императордың, оның семья ағзаларын ҳәм жоқары ақ 
сүйеклердиң жерлериниң көлеми шексиз болды. Пуқаралық ҳәм әскерий 
хызметкерлердиң белгили көлемдеги жерлери болды. Егерде олар хызметтен 
босаса ол жерлерди мәмлекет қайтарып алған. VI әсир екинши ярымында арқа 
ҳәм түсликтиң ортасындағы айрымашлық дерлик жоғалып кетеди. 
Мәмлекеттиң бирлесиўи әскерий жол менен болады. Әскерий басшы Ян 
Цезиньимператор болып Суй династиясына негиз салады. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish