Январь 2021 10-қисм
Тошкент
мийнет искерлигинен ажыралмаған ҳалда билим алыўы, өз қәнигеликлерин асырыў, соның
менен бирге бир ўақыттың өзине бир неше курсларда тәлим алыў имканиятын береди[1].
Аралықтан оқытыў системасында төмендеги ўазыйпалардың орынлаўына итибар
берилиўи керек:
- дистанцион, электрон ҳәм аралас билимлендириў арқалы оқыўшылар санының сези-
лерли дәрежеде артыўына ерисиў,
- оқыўшылардың қандай да бир тараўдағы қәбилетин анықлаў имканиятын бериўши,
анық ҳәм ҳәр тәреплеме диагностикасын әмелге асырыў тийкарында дистанцион курслар-
ды жаратыў,
- оқыўшыларды оқытыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың сыпатлы орынланыўын
тәмийинлеў,
- дистанцион ҳәм дәстүрий оқытыў системаларын интеграциялаў арқалы оқыў процес-
си нәтийжелилигин асырыўға ерисиў,
- билимлендириўде информация-коммуникациялық ҳәм дистанцион оқытыў технологи-
яларын ен жайдырыў.
Билимлендириў тараўындағы оқытыў формаларына қысқаша анықлама берип өтемиз.
- аралықтан оқытыў – бул оқыўшылар тәлим процессине тийисли болған барлық компо-
нентлерди (мақсет, мазмун, усыл, методлар, шөлкемлестириў формалары, қурылмалар) ин-
тернет технологияларынан актив пайдаланған ҳалда аралықтан турып әмелге асырылатуғын
оқытыў формасы есапланады.
- электрон оқытыў – информация-коммуникация технологиялары, қурылмалары, элек-
трон билимлендириў ресурслары жәрдеминде әмелге асырылатуғын оқытыў системасы.
- аралас оқытыў – бул дәстүрий оқыў менен электрон формада өз бетинше оқыўдың ин-
теграциясы болып, оқыў процессиниң айырым элементлери электрон тәлим орталығында
алып барылады.
- адаптив оқытыў - бул оқыўшылардың таярлығы, қәбилети, мақсетлери, мотивациясы
ҳәм басқа қәсийетлерин есапқа алған ҳалда индивидуал үйрениўге тийкарланған оқытыў
модели.
- on-line режиминде (синхрон) оқытыў- аралықтан турып реал ўақыт өлшем бирлигинде
оқыў шынығыўларын алып барыў.
- off-line режиминде (асинхрон) оқытыў – аралықтан турып электрон оқыў ресурсларын
өз бетинше ғәрезсиз өзлестириў.
- әмелий шынығыўлар – улыўмаластырыўшы қәсийетке ийе болған әмелий шынығыўлар,
лаборатория жумыслары, семинар-тренинглер, интерактив шынығыўлар көринисинде
алып барылады.
- ғалабалық ашық онлайн курслар – бул интернет арқалы көпшилик кириў имканияты
бар болған онлайн курслар.
Жоқарыда келтирилген пикирлерди жуўмақластырып алғанымызда аралықтан оқытыў,
дистанцион тәлимди дәстүрий тәлим менен биргеликте алып барып, оқыўшыларда дис-
танцион тәлим алыў қәбилетин қәлиплестирип, раўажландырып барыўымыз зәрүр.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Корнеев А.Н., Толоконникова Е.В. Дистанционное обучение: будущее развития об-
разования. Учебно-методическое пособие – М.: Мир науки, 2019. – Режим доступа: http://
izdmn.com/PDF/13MNNPU19.pdf — Загл. с экрана.
2. Корнеев А.Н., Котельникова В.Е. Тенденции в области дистанционного обучения:
методы и технологии // Интернет-журнал «НАУКОВЕДЕНИЕ» Том 9, №6 (2017) https://
naukovedenie.ru/ PDF/30EVN617.pdf (доступ свободный). Загл. с экрана. Яз. рус., англ.
3. Маматов, А. В. Методика применения дистанционных образовательных технологий
преподавателями вуза / А.В. Маматов, А.Н. Немцев, А.Г. Клепикова, А.И. Штифанов. -
Белгород: Изд-во БелГУ, 2006. - 206 с.
71
Do'stlaringiz bilan baham: |