Foydalanilgan adabiyotlar
1.Голиш Л.В., Хатттимова. Д.П. Таълим жараёнида интерфаол таълим услублари ва
замонавий ахборот-коммуникация технологияларидан фойдаланиш. - Тошкент: ТДИУ,
Иктисодиёт. 2013
2.Н. В. Чернова, Н. Н. Макарова. Наглядные методы обучения и проектные методики на
уроке истории. Перспективы Науки и Образования. 2018. № 6 стр107
Qaraqalpaqstan
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
183
“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
ГЕНДЕР ТЕҢЛИК– ТЕҢ ҲУҚЫҚЛЫЛЫҚ ТИЙКАРЫ
Муфтуллаева Наўбаҳар - НМПИ, «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық
тәлими» қәнигелиги 2 курс талабасы
Президентимиз басламасы ҳәм идеяларының тийкарында, елимиз турмысының
барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар негизинде, ең дәслеп,
халқымыз ушын, анығырақ қылып айтқанда, республикамызда тыныш ҳәм саламат
шаңарақлар ушын мүнәсип турмыс шәраятын жаратыў, шаңарақларды еледе
беккемлеў мәселелери жәмленген.
Шаңарақ бул инсан өмиринде тәрбиялаўшы басланғыш мектеп есапланады.
Перзентлеримиз шаңарақ мектеби арқалы дүньяны таныйды, миллетти таныйды,
жәмийетти таныйды. Ҳәр бир инсан шаңарақ арқалы ата-бабалар нәсиятын, миллий
қәдириятларды өзинде қәлиплестиреди, ата-ананың меҳрин, шексиз ғамқорлығын,
итибарын, меҳир-муҳаббат қандай нәзик сезим екенлигин түсинеди. Ата-аналарға,
жасы улкенлерге иззет-ҳүрметти үйренеди. Демек, келешек әўладлардың қандай инсан
болып қәлиплесип камалға келиўинде шаңарақ ҳәм мәҳәллениң орны гиреўли.
Бүгинги күнниң талабы, ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ислерге
белсендилигин асырыў, жаңа Өзбекстанды пидайы жаслар ҳәм де белсенди ҳаял-
қызларымыз қатнасында қурыўға мүмкиншиликлер жаратты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жылдың 2 февралдағы «Ҳаял-
қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институты тараўындағы хызметлерди еледе
тереңирек беккемлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-5325-санлы Пәрманы қабыл
етилди. Бул пәрман жәмийетте ҳаял-қызлардың искерлигин күшейтиў, оларға
имканиятлар жаратып бериў кереклигин, әсиресе аналардың шаңарақ тынышлығы,
оның беккемлиги ушын жуўапкершиликли болыўы, мәҳәллелерде ҳәр бир шаңарақтың
тынышлығы ушын ҳәр биримиз жуўапкер екенлигимизди белгилеп берди.
Сондай-ақ республикамызда 2019 жылы “Ҳаял-қызларға басым өткериў ҳәм
зорлықтан қорғаў ҳаққын”да нызам қабыл етилди. Бул нызамның қабыл етилиўи
елимизде ҳаял-қызларға болған физикалық, руўхый, жынысый, ямаса экономикалық
жақтан басым өткериў, ҳаял-қызлардың қәдир-қымбатын аяқ асты етиў, ар-намысына
тийиў ҳәрекетлерине тыйым салыў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин
тәмийинлеў болып табылады. Себеби ҳәр бир ҳаял-ол шаңарақ периштеси, ийбели қыз,
қәдирдан ана, сүйикли яр болып есапланады. Себеби шаңарақтың тынышлығы, ондағы
камалға келип атырған перзентлер тәрбиясынды ҳаялдың орны улкен. Бул талап
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26-статьясында «Ҳеш ким қыйнаўға
салыныўы, зорлыққа, аяўсызлыққа ямаса инсан қәдир-қымбатын кемситиўши басқа
түрдеги нызамсыз ҳәрекерлерге дуўшар етилиўи мүмкин емес»-деп көрсетилип
өтилген. Бул норма жәмийетте әсиресе ҳаял-қызларға қарсы исленип атырған зорлық
ҳәм аяўсыз кемситиўлерге нызамлы тыйым салыў болады.
Бул нызамга муўапық ҚҚР бойынша реабилитация орайлары ашылды. Ол жерде
зорлыкка ушыраған басым астында қалған, бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлармызға
психологиялық, медициналық ҳәм ҳуқықый жактан жәрдемлер берилип
имканиятымыз дәрежесинде саламат турмысқа, шаңарақларына кайтарылып атыр.
Соның менен бир ўақытта елимизде және бир нызам қабыл етилди. Бул Гендер
теңлик ҳаққындағы нызам. Бунда шаңарақта, жәмийетте еркеклер менен ҳаял-
қызлардың тең ҳуқықлығын тәмийинлеў тийкарғы мақсет есапланады. Өзбекстан
Республикасы Конституциясының 20-статьясында «Пухараның өз ҳуқықларын ҳәм
Qaraqalpaqstan
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
184
Do'stlaringiz bilan baham: |