Тема: Экономиканы модеринизациялауда финанслык корсеткишлерди


Түрли дебиторлар ҳәм кредиторлар менен есапласыўдың бухгалтериялық жазыўларда көрсетилиўи (мың сумда)



Download 153 Kb.
bet7/8
Sana09.07.2022
Hajmi153 Kb.
#759996
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
Темирбеков А.Фин корсеткиш есап

Түрли дебиторлар ҳәм кредиторлар менен есапласыўдың бухгалтериялық жазыўларда көрсетилиўи (мың сумда)

Дт. 6010 Кт. Дт. 4860 Кт. Дт. 2010 Кт.






33009

(1)

33009

33009

(2)

33009




























Дт. 5110 Кт.




Дт. 6910 Кт.













17118

(3)

17118

17118

(4)

17118





























Хожалық операцияларының мазмуны
1). Жеткерип бериўшилерге келип түскен материаллық байлықлар бойынша наразылық суммасы есапланған.
2). Қанаатландырылмаған наразылық суммалары өндирис шығынларына есапланған.
3). Қысқа мүддеттеги ижара бойынша қарыз өндирис шығынларына есапланған.
4). Қысқа мүддеттеги ижара бойынша қарыз төленген.


4. Кәрхананың финанс нәтийжесиниң есабы
Өним (жумыслар, хызметлер) лерди сатыўдан алынған жалпы пайда (зыянлар) ҳәм дәўир қәрежетлериниң есабы. Финанслық нәтийжелердиң дүзилиўи счетлар жобасының 9- бөлиминде төмендеги синтетик счетларда есапқа алынады.
Өнимлерди, жумыс ҳәм хызметлерди сатыўдан алынған жалпы пайда (зыян) есабат дәўирдиң ақырында сатыўдан түскен сап түсим менен сатылған өнимлер, жумыс ҳәм хызметлердиң ҳақықый өзине түсер баҳасы арасындағы айырмашылығы муғдарында анықланады.
Таяр өнимлер, товарлар, орынланған жумыс ҳәм көрсетилген хызметлер, алынған дәраматлар, сондай-ақ сатылған товарлардың қайтарылыўы, сатыў қунынан шегирмелер ҳаққындағы мағлыўматлар төмендеги счетларда сәўлеленеди:
Кәрхананың жуўмақланыўшы баланслық пайдасы (зыяны) есабат дәўириниң ақырында 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже» счетында анықланады. 9010, 9020 ҳәм 9030 - счетларының кредит қалдықлары есабат дәўириниң ақырында төмендеги проводкалар менен 9900 счетына өткериледи.
Дт. 9010, 9020, 9030 - счетлар
Кт. 9900 «Ақырқы финанслық нәтийже»
9040 ҳәм 9050 - счетлар сатылған товарлардың қайтарылыўы, шәртнама шәртлерине сәйкес сатыўдан шегирме, сондай-ақ сатылған өнимлерден брак өнимниң анықланыўы нәтийжесинде қунынан шегирме ҳәм соған уқсағанларды есапқа алыў ушын белгиленген.
9040 - счеттың дебетинде операциялар төмендеги жағдайларда сәўлеленеди:
- буйыртпашы ҳәм қарыйдарларға усы товарлар қуны қайтарылғанда:
Дт. 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы»
Кт. 5010, 5110, 5210 - счетлары.
- кредитке сатылған товарлар қайтарып алынғанда:
Дт. 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы»
Кт. 4010 «Қарыйдарлар ҳәм буйыртпашылардан алынатуғын счетлар» ямаса 4110 «Айрықша балансқа ажыратылған бөлимлерден алынатуғын счетлар»
Дт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже».
Кт. 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы:
Сатылған таяр өним, товарлар, орынланған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлердиң өзине түсер баҳасы ҳаққындағы мағлыўматлар төмендеги счетларда сәўлеленеди:
9110 «Сатылған таяр өнимлердиң өзине түсер баҳасы»
9120 «Сатылған товарлардың өзине түсер баҳасы»
9130 «Орынланған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлердиң өзине түсер баҳасы.

Тийкарғы хызметтен алынған басқада дәраматлардың есабы. Кәрханаларда өнимлерди, жумыслар ҳәм хызметлерди сатыўдан алынған жалпы пайдадан тысқары тийкарғы хызметтен алынатуғын басқа да дәраматлар да болыўы мүмкин. Бундай дәраматлардың келип түсиў дерегине қарап төмендеги счетларда есапқа алынады:


9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда» cчетында тийкарғы қуралларды сатыў ҳәм басқа көринистеги есаптан шығарылыўдан алынған пайда есапқа алынады. Бул ўақытта төмендеги проводка бериледи:
Дт. 9210 « Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўы».
Кт. 9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда.
9320 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўынан алынған пайда» счетында материаллық емес активлер, баҳалы қағазлар ҳәм соған усаған басқа да активлерди сатыўдан алынған пайда суммасы төмендеги проводка менен сәўлеленеди:
Дт. 9220 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўы».
Кт. 9320 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўынан алынған пайда».
9330 «Өндирип алынған пения, жәрийма, неустойка» счетында шәрнама шәртлерин бузғанлығы ушын өндирилген ямаса қарыздар тәрепинен келип түскен жәриймалар, пениялар, ўақтында төленбеген қарызлар ҳәм басқа түрдеги жаза жәриймалары, сондай-ақ келтирилген зыянларды өндириў бойынша дәраматлар сәўлеленеди.
Бул түрдеги дәраматлар есабат дәўири ақырында төмендеги проводкалар менен жуўмақлаўшы финанслық нәтийжеге өткериледи:
Дт. 9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда».
Дт. 9320 «Басқа активлерди сатыў ҳәм түрли шығымлардан алынған пайда»
Дт. 9330 «Өндирилип алынған пения ҳәм неустойки
Дт. 9340 «Өткен жыллардағы пайдасы»
Дт. 9350 «Қысқа мүддетли ижаралардан алынған дәрамат»
Дт. 93у0 «Кредиторлық ҳәм депонентлик қарызларды есаптан шығарыўдан түскен дәраматлар».
Дт. 9370 «Хызмет көрсетиўши хожалықлардан алынған дәраматлар»
Дт. 9380 «Қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем»
Дт. 9390 «Басқа да операцион дәраматлар»
Кт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже»
Финанслық хызметден алынатуғын дәраматлардың есабы. Финанслық хызметден алынатуғын пайда ҳәм зыянлар айрықша дәрамат ҳәм қәрежетлер бөлимине киргизиледи. Бул пайда ҳәм зыянлар кәрхананың тийкарғы хызмети менен тиккелей байланыслы емес.
Бухгалтерия есабында финанслық хызметтен алынатуғын пайда өз алдына ҳәм зыянлар өз алдына счетларда есапланады.
Роялти - бул сатыўшыға (лицензияларға) лицензия шәртнама буйымнан пайдаланыў ҳуқықы ушын ўақты-ўақты менен ажыралып турылатуғын сумма.
Алыўға тийисли болған роялти ҳәм гонорарлар суммасына төмендеги проводка бериледи:
Дт. 4850 « Алынған роялти».
Кт. 9510 «Роялти көринисиндеги дәраматлар».
9520 «Диведентлер көринисиндеги дәраматлар» счетында Өзбекстан Республикасы территориясында ҳәм шет еллерде өзиниң үлесин қосыў жолы менен басқа кәрханалар хызметинде қатнасыўдан алынған дәраматлар, акциялар бойынша дивидентлер, облигация ҳәм басқа да баҳалы қағазлар бойынша дәраматлар сәўлеленеди.
Бундай дәраматлар есапланғанда 9520 «Дивидентлер көринисиндеги дәраматлар» счеты кредитленип төмендеги счетлар дебетленеди:
5110 «Есапласыў счеты», 5210 «Мәмлекет ишиндеги валюта счетлары» кәрхананың есапласыў счетындағы пул қаржыларын пайдаланғаны ушын банк тәрепинен өткерип берилген суммаға:
4840 «Алынатуғын дивидентлер» счеты кәрхана тәрепинен сатып алынған акциялар ҳәм басқа да баҳалы қағазлар бойынша есапланған дивидентлер суммасына. Усы дивидентлер есапласыў счетына өткерип берилсе, 5110 «Есапласыў счеты» дебетленип 4840 счет кредитлерди.
9530 «Процентлер көринисиндеги дәраматлар» счетында узақ ҳәм қысқа мүддетли инвестициялар бойынша есапланған процентлер сәўлеленеди.
9550 «Узақ мүддетке ижараға бериўден алынған дәраматлар» счетында мүлкди узақ мүддетли ижәраға бериўден алынған дәрамат сәўлеленип төмендеги проводкалар менен рәсмийлестириледи:
Есабат дәўири соңында жоқарыдағы счетлардың кредит айланыслары төмендеги проводкалар менен ақырғы финанслық нәтийжеге өткериледи.
Финанслық хызмет бойынша қәрежетлердиң есабы ҳәм пайданы пайдаланыў. Кәрхананың тийкарғы хызмети менен тиккелей байланыслы болмаған финанслық қәрежетлер төмендеги счетларда есапқа алынады:
9610 «Процент түриндеги қәрежетлер»
9620 «Валюта курсы парқынан көрилген зыянлар»
9630 «Баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм тарқатыў бойынша қәрежетлер».
9690 «Финанслық хызмет бойынша басқа да қәрежетлер».
Булар транзит счетлар болып актив счетларға уқсас болып есапланады.
Финанслық хызметтен пайда болатуғын қәрежетлердиң есабы у санлы «Лизинг есабы», 12 санлы «Финанслық инвестициялар есабы» Бухгалтерия есабының миллий стандартлары менен тәртипке салынады.
9610 «Процентлер көринисиндеги қәрежетлер» счетында банк кредитлери, товар жибериўшилерге ҳәм қарызлар бойынша төленетуғын процент қәрежетлери есапқа алынады. Бундай процентлер есапланғанда 9у10 «Процентлер көринисиндеги қәрежетлер» счеты дебетленип төмендеги счетлар кредитленеди.
- 6920 «Есапланған процентлер» счеты қысқа ҳәм узақ мүддетли банк кредитлери бойынша есапланған процент суммасына;
- 6920 «Есапланған процентлер» тийкарғы қураллардың узақ мүддетли ижара шәртнамасы бойынша төлеўге тийисли процент суммасына;
- 6920 «Төленетуғын процентлер» счеты мүддетинде қайтарылмаған кредитлери бойынша есапланған процент cуммасына. Усы есапланған процентлер өткерип берилсе, у920 счеты дебетленип пул қаржыларын есапқа алатуғын счетлар кредитленеди.
9620 «Валюта курсы парқларынан зыянлар» счетында шет ел валюталарының курслық унамсыз парқы ҳәм шет ел валютасы операциялары бойынша зыянлар есапқа алынады.
Бундай шет ел валютасы курсындағы унамсыз парқлары пайда болғанда 9620 «Курс парқларындағы зыянлар» счеты дебетленип төмендеги счетлар кредитленеди.
-6810 «Қысқа мүддетли банк кредитлери» счеты - шет ел валютасында алынған қысқа мүддетли банк кредити бойынша валюта курсының унамсыз парқы суммасына;
-7810 «Узақ мүддетли банк кредитлери» счеты - шет ел валютасында алынған узақ мүддетли банк кредити бойынша валюта курсының унамсыз парқы суммасына;
6830 «Төленетуғын облигациялар» счеты шет ел валютасында алынған қықа мүддетли қарызлар бойынша валюта курсының унамсыз парқы суммасына;
0610 - 0690 Узақ мүддетли инвестицияларды есапқа алатуғын счетлар - шет ел валютасындағы узақ мүддетли операциялары бойынша жыл даўамында валюта курсындағы унамсыз парқ суммасының сәўлелениўи:
4110 «Өз алдына балансқа ажыратылған бөлимлерден алынатуғын счетлар» счеты филиаллар менен алып барылатуғын есапласыўлар бойынша жүзеге келген курстың унамсыз парқына;
5210 «Мәмлекет ишиндеги валюта счетлары» - валюта счетындағы шет ел валюталар курсындағы унамсыз парқ суммасына;
0610 «Баҳалы қағазлар» счеты баҳалы қағазларды номинал қуны менен сатып алыў баҳасы арасындағы парқтың (сатып алыў баҳасы жоқары) жыл соңында сәўлелениўи;
6410 «Бюджетке төлемлер бойынша қарыздарлық» счеты - шет ел валюталарда салық ҳәм салықсыз төлемлер бойынша курслардың унамсыз парқының сәўлелениўи ҳ.т.б.
9630 «Баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм тарқатыў бойынша қәрежетлер» счетында баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм тарқатыў қәрежетлери сәўлеленеди.
9690 «Финанслық хызметлер бойынша басқада қәрежетлер» счетында финаслық қойылмалар, пул қаржылары ҳәм есапласыўларды есапқа алатуғын счетлар менен корреспондентленген жағдайда баҳалы қағазлар сыңар кәрханалар ҳәм соған усаған қаржыларды қайтадан баҳалаўдан көрилеген зыянлар ҳәм финанслық хызмет бойынша басқада кредитлер есапқа алынады.
Бундай зыянлар есапқа алынғанда 9у90 «Финанслық хызмет бойынша басқада қәрежетлер» счеты дебетленип төмендеги счетлар кредитленеди:
8610 «Сатып алынған меншик акциялар - әпиўайы». 8у20 «Сатып алынған меншик акциялар жеңилликли» счетлары сатып алынған меншик акцияларды екилемши сатыўда сатып алыў баҳасы менен сатыў баҳасы арасындағы унамсыз парқ суммасына;
8610, 8620 счетлары - номинал қунынан артық суммаға сатып алынған меншик акцияларды бийкарлаўда номинал қуны менен сатып алыў баҳасы арасындағы парқ суммасы;
0610 - 0690, 5810 – 5890 счетлар узақ ҳәм қысқа мүддетли финанслық инвестицияларға қойылған қаржыларды қайтадан баҳалаўдан көрилген зыянлар суммасына.
Есабат дәўири соңында жоқарыдағы счетлардың дебет тәрепиндеги айланыслары төмендеги проводкалар менен ақырғы финанслық нәтийжеге өткериледи:
Дт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже» счеты
Кт. 9610 «Процентлер көринисиндеги қәрежетлер» счеты
Кт. 9620 «Валюта курсы парқынан көрилген зыянлар»счеты
Кт.9630 «Баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм тарқатыў бойынша қәрежетлер» счеты
Кт. 9690 «Финанслық хызмет бойынша басқа да қәрежетлер» счеты.
Пайда кәрханалар тәрепинен жыл даўамында бюджет алдындағы пайда (дәрамат)дан ажыратпа бойынша миннетлемелерди орынлаў ушын ислетиледи.
Жыл даўамында бюджетге дәраматтан (пайдадан) ажыратпа бойынша аванс төлемлери ҳәм ҳақыйқый пайдадан қайтадан есаплаў бойынша төлемлери төмендеги счетларда есапқа алынады.
9810 «Дәрамат (пайда) салығы бойынша қәрежетлер».
9820 «Пайдадан төленетуғын басқа салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қәрежетлер».
Жыл даўамында бюджетге пайдадан ажыратпа, жыйым ҳәм басқа да ажыратпалар есапланғанда 9810, 9820, 9890 счетлары дебетленип 6410 «Бюджетке төлемлер бойынша қарыздарлық» счеты кредитленеди. Усы пайдадан ажыратпа, жыйым ҳәм басқа да ажыратпалар бюджетке өткерилип берилгенде 6410 счет дебетленип ақша қаржылары есапқа алынатуғын счетлар кредитленеди.
Есабат жылынын ақырында төмендеги проводка менен бул счетлар жабылады:
Дт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже»
Кт. 9810, 9820, - cчетлар.
Пайдадан ажыратпа, жыйым ҳәм басқа да ажыратпаларды есапқа алатуғын 9810, 9820, 9890 счетлардың синтетик ҳәм аналитик есаплары банктиң есапласыў счетынан берилген көширмесине ҳәм басқа да ҳүжжетлерге тийкарланып 15 санлы журнал - ордерде жүргизиледи.

Download 153 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish