ТЕМА №1
:
Кирисиў. AutoCAD тың исши столы. Бас меню, экран
менюси, меню функцияларын тарийплеў. График римитивлер. Туўры
сызық(Line). Туўры сызықты редакциялаў: ортогонал сызықлар сызыў
режимине өтиў, созыў(қолшалар), өлшем бойынша сызық сызыў,
кесиў(Trim), өшириў(Erase), белгилеп өшириў(Delete), параллел
сызықлар сызыў(Offset), сызықтың реңи, турлери ҳәм қалыңлығы.
Көринисти улкен киши қылып көриў(Zoom Realtime), сызылманы
экранда сүриў(Pan Realtime).
Визуал әмелий материаллар
1-сораў. Компьютер графикасының қураллары
Компьютер графикасы пәни төмендеги техникалық ҳәм программа
қураллары жәрдеминде оқытылады:
1) Техникалық қураллар:
1 – Сыртқы память қурылмасы- процессор;
2- Дисплей-монитор;
3 – Киритиў қурылмалары: клавиатура-кнопкалар панели, мишка,
Сакнер ҳәм басқалар;
4 – Қағазға шығарыў қурылмасы - принтер, плоттер ҳәм басқалар
5- Даўыс шығарыў қурылмалары– колонкалар
2) Программа қураллары:
Программалар: системалы –операцион ҳәм әмелий программаларға
бөлинеди. Операцион программалар-пайдаланыўшы компьютери менен
сәўбет қылыўшы қурал болып хизмет қылады. Олар, жәрдеминде тез
ислеўши памятьдан пайдаланыў, дискетлердеги информацияларды оқыў,
информацияларды дискетге жазыў, әмелий программаларды иске түсириў
сыяқлы әмеллер орынланады.
Әмелий программалар- ол ямаса булл график информациялар ушын
дүзиледи ҳәм компьютерге киритиледи. Программалар Beysik ямаса Paskal
тилинде дүзиледи. Усы оқыў қолланбада компьютер графикасында
жойбарлаўдың автоматластырылған системасы AutoCAD программаларынан
пайдаланып, график информацияларды компьютерде орынлаў ўйретиледи.
Бунда, пайдаланыў ушын ислеп шығылған AutoCAD тың ақырғ
версияларынан AutoCAD-2006 программаларынан пайдаланылады.
2-сораў. AutoCAD 2017 ни жүклеў.
Белгили, компьютер төмендеги избе-изликте электр тармағына
жалғанады, яғный жүкленеди: ПРОЦЕССОР-МОНИТОР-ПРИНТЕР ҳәм
басқалар. Оны өшириў болса, керисинше болады: ПРИНТЕР-МОНИТОР-
ПРОЦЕССОР. Компьютер тармаққа жалғанғаннан кейин, экраннаң шеп
тәрепинде колонна көринисинде оған киритилген тийкарғы программалар,
«Ярлык»-рамзий белги көринисинде жайласқан болады. Олар арасынан
«AutoCAD 2007» ге курсорды «мишка» жәрдеминде алып келип, оның шеп
кнопкасы избе-из еки мәрте жүкленеди. Экранда қум саат пенен курсорды
стрелкасы параллел пайда болады ҳам бираз ўақыт өткеннен кейин экранда
«AutoCAD 2007» түйнеги 2-сүўретте келтирилген көринисте пайда болады.
«OK» командасы басылады. Сонда, «Семинар по новым возможностьям»
түйнеги пайда болады.
Усы семинар AutoCAD 2007 программасын пайдаланыўға үйретиў ушын
арналған. Түйнектиң шеп төменги бөлиминде жайласқан «OK» кнопкасын
басып, кейинги түйнекке өтиледи, (3-сүўрет).
Гезекеги түйнекте үйрениўшилер ушын мағлыўматлар дизими
келтирилген. Егер, пайдаланыўшылардың оларға мүтәжлиги болмаса, булл
түйнек жоқары оң тәрепиндеги қызыл реңдеги өшириў– экраннан жоқ етиў
кнопкасы жүкленеди.
Нәтийжеде, экранда AutoCAD 2007 программасынан сол, 5-сүўретте
сәўлеленген сыяқлы исши стол яки пайдаланыў интерфейси пайда болады.
Негизинде, исши столдың ортадағы бөлими моделлер кеңислиги деп
аталыўшы тараў қара реңде болады. Қәнийгелердиң пикиринше, бундай
реңде сызылған оқ реңли сызықлар ҳәм оларға рең берилгенде,
пайдаланыўшыны шаршатпай, көринистеги түрли реңлерди аңсат ҳәм
қолайлы түсинип алыўды тәмийнлейди. Бирақ, экрандағы көринислерди
басқа программаларға көширилгенде (мәселен, Word)ға текст бетлериниң
қара реңде болыўы мақсетке муўапық болмайды. Соның ушын, экранды ақ
реңге өткериўге туўры келеди. Бунда, экранның «Түсиўши менюлар
қатар»ындағы «Сервис» буйрығын жүклеў арқалы «Настройка» буйрығының
айнасы ашылады, (4-сүўрет). Айнадағы жоқарыдан екинши болып жайласқан
«Экран» түйнек жүкленип, «ТЦвета»-реңлер кнопкасы басылады. Сонда,
экранда жаңа «Установка цветов»- реңлерин орнатыў түйнеги пайда болады.
Оннан «ТЦвет» бууйрығының кнопкасы жүкленип, усыныс етилген стандарт
реңлерден бири мәселен, ақ рең таңланады. Бул түйнектеги «Принят»
кнопкасы ҳәм дәслепки айнадағы «OK» кнопкасы жүкленеди. Нәтийжеде,
түйнек ҳәм айналар экраннан өшип, моделлер кеңислиги ақ реңде сәўлеленип
қалады.
4-сүўрет
Моделлер кеңислигин қара реңге өткериў ушын, жоқарыдағы әмеллер
такрарланып, усыныс етилген рең ушын қара рең белгиленеди.
3-сораў. Пайдаланыў интерфейси– исши столы ҳам оның
элементлери
Еки өлшемли жойбарлаў ушын AutoCAD программасының исши
столына төмендеги тийкарғы үскенелер панели киреди, 5- сүўрет:
5-rasm
1. Түсиўши меньюлар панели
2. Обьектлер қәсийетлери панели– СВОЙСТВО
3. Стандарт меньюлар панели– СТАНДАРТНОЕ
4. Сызыў үскенелер панели– ЧЕРЧЕНИЕ
5. Редакторлаў үскенелери панели- ИЗМЕНИТЬ
6. Обьектлерге байланысыў – ОБЬЕКТНАЯ ПРИВЯЗКА
7. Өлшем қойыў буйрықлар панели - РАЗМЕР
8. Байланыс айнасы
9. Шарайытлар қатары
1
2
5
4
8
9
3
6
7
Do'stlaringiz bilan baham: |