Жойбарластырылған тәлим нәтийжеси:
Үйрениўши:оқыўшыларда өз саламатлығына дурыс мүнәсибетти қәлиплестириў;
Коммуникатив: саламат турмыс тәризине муҳаббат, жәмәәтшилик, бир-биреӯге ҳүрмет, тәртип-интизам, еркин пикирлеӯди раӯажландырыӯ;
Норматив: класс саатының оқыў ўазыйпасын түсиниў, оқытыўшы басшылығында оқыў машқаласын шешиўди әмелге асырыў, класс саатының мақсетин анықлаў, топарда ислеў процесинде өз ҳәрекетлериңизди бақлаў, жуўмақлаўшы шешимге жуўап бериў, сораўлар.
Жеке:тәлим мотивациясын, өзин мүнәсип баҳалаўды, жаңа билимлерди алыў зәрүр екенлигин сезиндириӯ.
Класс сааты инновациялық усыллардан пайдаланған ҳалда өткериледи: информацион-коммуникация, топарлардаислеӯ, ойын технологиялары.
I. Шөлкемлестириӯши момент. Сәӯбет “Саламатлық дегенимиз не? "
II. Тәлим машқаласының баяны.
- Балалар, бүгинги сабақ темасын анықлаў ушын биз еки бөлектен ибарат нақыллар жасаўымыз керек. Столда
• “Саламатлықты сатып ала алмайсыз”.
• “Саламатлық байлықтан қымбатлырақ”,
• Саламатлық бар жерде гөззаллық бар.
• Саламатлық алтыннан қымбатлаў болып табылады.
• Таза жолда жүриў - мәңги саламат болыў есапланады.
• Жәнжел саламатлықтың душпаны.
• Кесел - шыпа тап, лекин саў –абайлы болың.
- Нақыллардың улыўма мазмуны ҳәм илажымыз темасы не ҳаққында? (Саламатлық )
- Дурыс.
- Бүгин не ҳаққында сәӯбетлесемиз деп ойлайсиз?
-Қандай ўазыйпаларды қоямыз?
-Саламатлық - инсанның өмириндеги тийкарғы қәдирият болып табылады. Биз сабағымызды саламатлықты қандай сақлаў керек ҳәм оның ушын нелер қылыў кереклигине бағышлаймыз.
III. Жаңа тема үстинде ислеў
Мен сизге бир ертекти дыққат менен тыңлаўды ҳәм сораўларға жуўап бериўди усыныс етемен.
ЕРТЕК
(Машқалалы жағдай )
Бир әжайып мәмлекетте гөззал теңиз бойында бир сарай бар еди. Ол сарайда уш баласы болған ҳүкимдар жасаған. Әке улларын жақсы көрер еди ҳәм олар өзара татыӯ еди. Балалар меҳрибан, тил алғыш ҳәм мийнеткеш болып өсти. Ҳүкимдарды бир нәрсе қапа етти - оның уллары көбинесе узақ ўақыт кесел болып қалды.
Ҳүкимдар мәмлекеттиң ең ойшылларын сарайға шақырып сорады: “Адамлар не ушын кесел болады? Адамлар ҳәзиргиден де бахытлы жасаўлары ушын не ислеў керек? ”Ойшыллар узақ ўақыт мәсләҳәтлести...
Ойшыллар не деп айтты, кейин билип аламыз, лекин ҳәзирше маған айтың:
- Не деп ойлайсыз, адамлар не ушын кесел болады?
(Бул сораўға оқыўшылардың пикирлери тыңланады).
Do'stlaringiz bilan baham: |