Стандартластырылатуғын буйымлардың параметрлик қатарларын таңлаў ҳәм тийкарлаў



Download 186,92 Kb.
bet2/3
Sana24.02.2022
Hajmi186,92 Kb.
#225370
1   2   3
Bog'liq
Стандартластырылатуғын буйымлардың параметрлик қатарларын

5.2. Параметрлерди таңлаў

Бас ҳәм тийкарғы параметрлерди таңлаўда төмендегилер есапқа алынады:


 бул параметрлер жетерли дәрежеде буйымның техникалық ҳәм эксплуатациялық қәсийетлерин ямаса имканиятларын тәреплеўи керек;
 бул параметрлер саны буйымның конструкциясы ҳәм ислеп шығарыў раўажландырыў имканиятларын шегараламаслығы ушын оптимал болыўы керек;
 бул параметрлер буйымның модификацияланыўы, раўажланыўы менен өзгермес болыўы керек;
 уқсас машина ҳәм буйымлар ушын бас ҳәм тийкарғы парамтерлердиң түрлери мүмкиншилиги болғанша бирдей (унификацияланған) болыўы керек;
 ҳәмме таңлап алынған парамтерлер өз-ара функционал байланыспаған болыўы менен түсиндирилмеўлиги керек;
 бас параметрлердиң мәнислери абзал санларға тең болыўы керек.
Буйымның бас ҳәм тийкарғы параметрлериниң түрлерин анықлағаннан соң параметрлик қатарының диапозоны ҳәм градациясы анықланады.
Диапозон – ең үлкен ҳәм ең киши қатар ағзаларының айырмасы. Параметрлик қатардың диапозоны усы буйымға болған талапқа байланыслы. Қатардың шегаралық ағзалары белгиленгенде талаптың тийкарғы бөлими қанаатландырылыўы керек. Диапозонды таңлап алыўда төмендегилерди есапқа алыў керек:
 буйымлар қолланылатуғын ўақытта ислеп шығарылыўы ҳәм оларға болған талаптың өсиўи;
 агрегатлаў (стандарт түсиниклерден буйымды жыйнаў) тийкарында буйымды бир неше вариантларын алыў мүмкиншилиги;
 уқсас машина ҳәм масламалар мәмлекетте ҳәм шет эллерде ислеп шығарыў ҳәм ислетиў тәжирийбеси;
 бар стандартларды ҳәм техникалық ҳүжжетлерди.
Градация – параметрлик қатардың дүзилис нызамы.
Интервалларды таңлап алыныўна қарап төмендеги градация түрлери бар:
 барлық диапозонда бирдей интервал;
 параметрлердиң киши мәнислери ушын үлкен интервал;
 « - « киширек «;
 киши ҳәм үлкен мәнислер ушын ортадағы мәнислерге салыстырғанда киши интервал.
Мысал сыпатында балғалаў-пресслеў машиналарының бас параметрлери таңлап алыныўын көрип шығамыз.
Бул машиналардың параметрлерин төмендеги категорияларға бөлиўге болады: энергетикалық, күш ҳәм қуўатлылық, геометриялық ҳәм т.б. Параметрлик қатарды дүзиў ушын олардан машиналардың уазыйпасын толық көрсететуғынларын ажыратып алыў керек. Кривошипли балғалаў-пресслеў машиналары ушын бул бас параметр – килонютонда өлшенетуғын номинал күш, яғный бул күш машина бузылмастан бере алатуғын шегаралық күш.
Бас парамтердиң туўры таңлап алыныўы жоқары дәрежеде унификацияланатуғын ҳәм агрегатландырылатуғын балғалаў штамповкалаўшы машиналарды ислеп шығыўға алып келеди. Кейинги басқышта бул параметрдиң шегаралық мәнислери анықланады.
Балғалаў-пресслеў машиналары еки тийкарғы бир бирине қарсы бағдарда раўажланбақта: машиналар ирилеспекте (атом энергетикасы, ракета ҳәм самолет қурлысы) ҳәм машиналар кишилесип бармақта (радиоелекторника, әсбапсазлық). Шегаралық мәнислерин анықлаў ушын бул машиналарға ҳәзир ҳәм кейин болған талабы анализ қылынады.
Ақырында шегаралық мәнислери анықланғаннан соң бас парамтерлердиң қатары ҳәм интерваллары анықланады. Буның ушын ҳәзирги күнде ислеп шығарылып атырған балғалаў-пресслеў машиналарының бас параметрлериниң қатары анализ қылынады, бунда бас параметрлер Ра5 (φ=1,6) ҳәм Ра=10 (φ=1,25) қатарлар бойлап дүзилгени анықланады. Соның ушын усындай коеффицентлер менен қатарлар жаңа стандартлар бойынша машиналар ушын қабыл қылынды.
Жаңа стандартларды қабыл қылыныўы төмендеги артықмашылықларға алып келеди:
 стандартқа халық хожалығына керек болған балғалаў-пресслеў машиналарының барлық түрлери киреди;
 унификацияластырыў нәтийжесинде ең көп қолланылатуғын топарларда машиналардың типлик өлшемлери саны кемееди: бир кривошипли ашық пресслер (25 % ке шекем), лист шамповкалаўшы автоматлар (31 % ке шекем), лист ийиўши гидравликалық пресслер (35 % ке шекем) ҳәм т.б.
 бас параметрлерди стандартластырыў балғалаў-пресслеў машиналарын унификацияластырыўға тийкар болып агрегатластырыў ҳәм раўажландырыў.

Download 186,92 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish