Разведкалық изертлеў (зондажлық ямаса пилотажлық) - саўаллар жыйындысын, бақлаў ҳәм документлерди анализлеў процедураларын, таңлаў моделлериниң сапасын баҳалаў, оларға зәрүрли өзгерислер киргизиў ушын өткерилетуғын конкрет социологиялық изертлеўдиң түрине айтамыз. Бул изертлеўлер социологиялық анализдиң жүдә әпиўайы түрлеринен болып есапланады. Олар мазмуны бойынша шекленген дәрежедеги мәселелерди шешетуғын болғанлықтан көпшилик жағдайларда көлеми бойынша кищкене болған изертлеў жыйындыларын өз ишине алады ҳәм әпиўайыластырылған программаға, инструментарийге тийкарланады. Разведкалық изертлеўлер масштаблы ҳәм терң дәрежедеги изертлеўлердиң алдыңғы басқышы сыпатында қолланылыўы мүмкин. Бундай изертлеўлерге болған талап изертлеў предмети бизге онша анық емес ямаса белгисиз болған жағдайларда келип шығады. Соның менен бирге бундай изертлеўлер объект ҳәм предмет ҳаққындағы қосымша информацияны алыў ушын, гипотеза ҳәм ўазыйпаларды еледе анықлаў ушын, кең масштабтағы изертлеўлерде изертленип атырған жыйындының шегарасын, инструментарийин анықлаў ушын, изертлеў өткериў процессинде ушырасатуғын қыйыншылықларды анықлаў ушын табыслы түрде қолланылады. Исленип шығылған анкетаның дәслепки вариантын тексериў мүмкиншилигин бере отырып разведкалық изертлеўлерден кейин сол анкетаға өзгерис киргизиў мүмкиншилигине ийе боламыз. Бундай изертлеўлердиң нәтийжеси болып дәслепки мағлуматларды жыйнаўды шөлкемлестириў ҳәм таңлаў бойынша инструкциялардың ақырғы варианты болған методикалық жумыс документлери болып табылады.
Сүўретлеўшилик изертлеўи - өзиниң мәқсет хам ўазыйпалары бойынша изертленип атырған қубылыс ямаса процесс ҳаққында ҳәм олардың структуралық элементлери ҳаққында қандайда бир тутас көринисти беретуғын тәжрийбелик мағлуматларды алыўды нәзерде тутатуғын конкрет социологиялық изертлеўдиң түри. Бундай изетлеўлер толық, жеткиликли дәрежеде ислеп шығылған программа ҳәм методикалық жақтан жақсы тексерилип шығылған инструментарий базасы тийкарында әмелге асырылады. Олардың методологиялық ҳәм методикалық анық ҳәм толық тәмийинлениўи, қуралландырылыўы, изертленип атырған объекттиң элементлерин, изертленип атырған проблемаға байланыслы әҳмийетке ийе деп анықланған характеристикасы бойынша группаластырыў ҳәм классификациялаў мүмкиншилигин береди. Сүўретлеўшилик изертлеўлери әдетте анализлеў объекти ҳәр қыйлы характеристика ҳәм белгилер менен өзгешеленетуғын қандайда бир адамлардың үлкен бирлиги ямаса топары болғанда қолланылады. Мәселен ҳәр қыйлы жастағы ҳәм кәсиптеги адамлар мийнет етип атырған үлкен кәрхана болыўы мүмкин. Бундай жағдайларда үйренилип атырған объекттиң дүзилисиндеги қандайда бир тақлеттеги группаларды бөлип көрсетиў, изертлеўшини қызықтырған характеристикаларды гезек пенен баҳалаў,оларды өз-ара салыстырыў, соның менен бирге олар арасындағы байланыслардың бар ямаса жоқ екенин анықлаў мүмкиншиликлерин береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |