Биринши PC бириктириў платасы 08.1981 жылы шығарылған биринши IBM PC ге орнатылды. Baby-AT 1983-1996 жылларда системалы платалар ушын белгили формфактор болды. 1996 жылдан баслап Baby-AT орнына ATX формфакторы пайдалана баслады. 1996 жылдан баслап көпшилик компьютер системаларында ATX, microATX ямаса NLX формфакторлы системалы платалар пайдалана баслады. Baby-AT системалы платаларының ески моделлеринде USB, DIMM ҳәм AGP разъёмлары жоқ еди. Айырым Baby-AT классындағы системалар 6-контактлы киши өлшемли mini-DIN разъемы менен тәмийнленген (әдетте PS/2 ямаса мышь разъёмы депте аталады).

IBM PC системалы платасы (1981-жыл)
Baby-AT формфакторлы системалы плата
ATX формфакторы Intel компаниясы тәрепинен 07.1995 жылы усынылды. ATX конструкциясы Baby-AT ҳәм LPX стандартларының жетилистирилген формасы. Бул конструкциядағы системада системалы плата дисководларды орнатыўда толық жаўылып қалмайды, бул системаның ҳәр қыйлы компонентлерине (мәселен процессор, яд модуллери, дисководлардың ишки разъёмларына) ҳәм шина разъёмларына еркин доступты тәмийнлейди. Буннан басқа Intel компаниясы усындай корпуста орнатылатуғын mini-ATX конструкциясын усынды, сондай-ақ ATX системалы платасының microATX ҳәм FlexATX деп аталатуғын еки киширейтилген версиясы бар.

02.1997 жылы ATX спецификациясының 2.01 версиясы пайда болды. 05. 2000 жылы ATX спецификациясының кейинги 2.03 версиясы шығарылды. Ҳәзирги ўақытта ATX көпшилик жаңа системаларда пайдаланатуғын, системалы платалар ушын кең тарқалған формфактор болып есапланады.