|
XХII-бап. Хызмет сапарындағы хызметкерлердиң
|
bet | 54/69 | Sana | 18.07.2022 | Hajmi | 0,81 Mb. | | #821367 |
| Bog'liq 2 5402436682131707811
XХII-бап. Хызмет сапарындағы хызметкерлердиң
орынлайтуғын жумыслары.
513. Хызмет сапарындағы хызметкерлер деп «Өзбекэнерго» МАК ҳәм оның қәрханалары-
ның хызмет, бөлимлери хам «Өздавэнергонозарат» Мәмлекетлик инспекциясы хызмет-керлери ҳәмде энергетика системасын эксплуатация, оңлаў ҳәм регулировкалаў кәрха-наларының (электростанция, электр ҳәм ыссылық тармақлары, оңлаў заводлары, электр регулировкалаў кәрханалары), илим изертлеў институтларының, завод-тәмийинлеўши-лери басқа ведомост ҳәм тутыныўшыларының электростанция, электр ҳәм ыссылық кәрханаларының ислеп турған электр үскенелеринде жумыс ислеўи ушын жиберилген ҳәм усы кәрхана штат дизиминде болмаған хызметкерлер есапланады.
Ислеп турған электр үскенелеринде ислеў ушын жиберилген қурылыс монтаж шөлкем-лериниң хызметкерлери де хызмет сапарындағы хызметкер қатарына қосылады. Бул хызметкерлерди хызмет сапарындағы хызметкерге теңлестириў туўрысындағы қарарды электр үскенелерин эксплуатация етиўши кәрхананың бас инженери менен келисилген ҳалда қурылыс монтаж шөлкеми баслығы қабыл етеди.
514. Хызмет сапарындағы хызметкердиң электр үскенелеринде ислеўге рухсат усы қағый-даға муўапық әмелге асырылады. Хызмет сапарындағы хызметкерлерде хызмет сапа-рына жиберген кәрхана (шөлкем) тәрепинен берилген усы қағыйда бойынша билими тексерилген ҳәм электр қәўипсизлиги бойынша маманлық топарына ийе болған рәсмий формадағы гуўақнамасы болыўы шәрт.
515. Хызмет сапарына жиберилип атырған кәрхана, жумыс басшысы, жумыс алып барыў-шы, бақлап барыўшы ҳәм бригада ағзалары етип таярланыўы мүмкин болған ҳызмет-керлерди сондай-ақ узақ мүддетли жумысларға наряд бериў ҳуқықы берилген хызметкер-лерди жазба түрде көрсетиўи зәрүр.
516. Ислеп турған электр үскенелеринде хызмет сапарындағы хызметкерлерге жумыс бас-шысы, жумыс алып барыўшы ҳәм бригада ағзалары сыпатында ислеў ҳуқықын электр үскенелерин эксплуатация ислеўши кәрхана басшысы хызмет сапарына жиберген кәр-хана хатында көрсеткен көрсетпеси ямаса арнаўлы жазба көрсетпе менен рәсмийлес-тирилиўи мүмкин. Наряд ҳәм бийлик бериў ҳуқықы болса электр үскенелерин экс-плуатация ислеўши кәрхана басшысының жазба көрсетпеси менен рәсмийлестирилиўи шәрт.
517. Хызмет сапарындағы хызметкер, хызмет сапарына келген кәрханадағы жумыс ислеў керек болған жайдағы элект үскенелериниң жағдайын есапқа алған ҳалда электр қәўип-сизлиги бойынша көрсетпе алыўы шәрт. Наряд бериўши, жумыс басшысы ҳәм жумыс алып барыўшы ўазыйпасын атқарыў ҳуқықы тапсырылған хызметкерлер усы электр үскенелериниң схемалары бойынша көрсетпе алыўы зәрүр.
Көрсетпе, көрсетпелерди есапқа алыў журналында көрсетпе алған ҳәм жол-жоба бер-ген хызметкердиң қоллары менен рәсмийлестириледи.
518. Хызмет сапарындағы хызметкерлерге көрсетпе эксплуатация ислеў кәрханаларының V-топарға ийе болған ҳәкимшилик техник хызметкерлери, IV-топарға ийе болған нәў-бетшиси ямаса тез-ара оңлаў хызметкери бериўи лазым.
Көрсетпениң мазмуны орынланатуғын жумыс характерине қарай электр үскенелери-ниң схемасына, жумыстың қурамалылығына ҳәм түрлерине қарай жол-жоба бериўши хызметкер белгилейди.
519. Хызмет сапарына жиберген кәрхана хызмет сапарындағы хызметкерлердиң электр қәўипсизлиги топарына ҳәм оларға берилген ҳуқықларға ылайық екенлигине ҳәм хызметкерлер усы қағыйданы орынлаўларына жуўап береди.
520. Ислеп турган электр үскенелеринде хызмет сапарындағы хызметкерлер ислеп атырған кәрхана электр тогинан зәрерлениўине қарсы ҳәм ислеп турған электр үскенелери тәси-ринен пайда болатуғын кернеўден ислеўшилерди сақлаў ушын қәўипсизлик илажларын орынлаўға жуўап береди.
521. Электр үскенелери арнаўлы оңлаў кәрхана бөлимлери тәрепинен турақлы эксплуатация ислейтуғын кәрхана, кәрханалар менен келискен ҳалда оңлаў кәрханаларының бөлим хызметкерлери энергетика кәрханалары ҳәм шөлкемлери хызметкерлери менен жумыс-ты шөлкемлестириў бойынша басшылық көрсетпесине тийкар таярланғаннан соң олар-ға тез-ара оңлаў хызметкери ҳуқықын бериўи мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|