Шөлкемлестириў илажлары


Наряд-рухсатнаманы толтырыў бойынша түсиник



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet67/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

Наряд-рухсатнаманы толтырыў бойынша түсиник
1. Нарядтағы жазыўлар анық болыўы керек. Нарядты қəлем менен толтырыў ҳəм текстлерге 
өзгертиўлер қиргизиў қадаған етиледи.
2. Нарядларды тəртип саны менен белгилеўди кəрхана басшысы белгилейди.
3. Сəне жазылғанда дəслеп күн, кейин ай ҳəм соңынан жылдың саны жазылады, мысалы: 
02.11.2004, 26.01.2005.
4. Нарядта көрсетилип атырған адамның фамилиясынан басқа оның аты, əкесиниң аты, электр 
қəўипсизлиги бойынша топары көрсетиледи.
5. Нарядта электр үскенелериниң, жалғамлардың, үскенелердиң диспетчерлик номери (белгиси) 
көрсетиледи.
6. Егер нарядты толтырыўда кестедеги бос қатарларға ҳəм текстке жазыў ушын орын 
же-тиспесе, жазыўды даўам еттириў ушын наряд бериўшиниң қолы менен, нарядтың тийкарғы 
нусқасына тəртип саны менен оған қосымша наряд бланка бириктириледи. Бунда нарядтың 
тийкарғы бланкадағы кестелериниң ақырғы қатарына ямаса даўам етилиў керек болған текст 
ақырына «Қосымша нарядқа қаралсын» деген жазыў жазылыўы керек.
Нарядтың биринши бети
7. «Бөлим» деп көрсетилген қатарға электр үскенеде жумыс алып барыў керек болған 
кəрхананың бөлими (цех, хызмет, район, бөлим) көрсетиледи.
8. Жумыс басшысы таярланбай орынланатуғын жумысларда «Жумыс басшысы» деген қа-тарға 
«Тайынланбайды» деп жазып қойылады.
9. «Иске қосыўшы» деген қатарға тез-ара оңлаў хызметкерлеринен ямаса жумыс алып 
ба-рыўшы тəрпинен иске қосыўшы ҳуқықын бириктириў жолы менен орынлаўға оңлаў 
хызмет-керлеринен таярланған адамның фамилиясы көрсетиледи.
Электр үскенелеринде иске қосыўшы ўазыйпасын нəўбетши орынлайтуғын болса, «иске 
қосыўшы» деген қатарға фамилиясын көрсетпестен «нəўбетши» деп жазып қойыў зəрүр.
10. «Бригада ағзалары» деген қатарларда бригада ағзаларының ҳəммеси жазылыўы зəрүр.


72
Егер жумыс автомобиллерден, механизмлерден, автокранлардан пайдаланып орынлайту-ғын 
болса, онда бригада ағзаларынан ким шофёр, крановчик, жүк илдириўши екени көрсетилиўи ҳəмде 
ислетилетуғын механизмниң ямаса автокранның түри көрсетилиўи зəрүр (мəселен Қурбанов А.С., 
II-топар, ТВ-26 телевышка айдаўшысы, Жолдасов П.М., II-топар, АК-51 кран крановщиги, 
Мадрейимов Б.Е., I-топар, жүк илдириўши). Бригада ағзаларының фамилиясы атлық сеплеўинде 
жазылыўы мүмкин.
11. « тапсырылады» деген қатарда:
электростанция, жəрдемши станциялардың электр үскенелеринде ҳəм кабель линияларын-да 
жумыс орынланатуғын жердиң электр үскенелериниң аты оның жалғамлары ҳəмде жумыстың 
мазмуны көрсетиледи, мəселен: Жəрдемши станция «Жулдыз», 110 кВ кернеўли ашық 
бөлистириўши үскене, шиналарды қосыўшы өширгиш (выключатель), өширгиш изоля-торларын 
алмастырыў. Қағыйданың 106-бəндине тийкарланып орынланатуғын жумысларда, тек электр 
үскене аты ҳəм жумыс мазмуны көрсетилиўи мүмкин;
Ҳаўа линияларында усы линияның аты ҳəм жумыс орынланыўы керек болған бөлим шегерасы 
(бағаналар қатар саны көрсетилип, қайсы бағанада ямаса бағаналар аралығында жумыс алып 
барылыўы, қайсы бағаналар аралығындағы сымларда ислеў, мəселен: ақырғы бағана менен ашық 
бөлистириў электр үскенеси порталы арасындағы сымда ҳəм т. б.) ҳəмде жумыстың мазмуны 
көрсетиледи, мəселен Наўайы ЫЭС - Самарканд ҳаўа линиясы, 14-20 бағаналардың сымларын 
жалғаў. Көп шынжырлы ҳаўа линияларында қосымша шынжыр-дың аты, фазба-фаз оңлаў болса 
бағаналарда фазалардың жайласыўы көрсетиўи зəрүр.
12. «Жумыс орынлансын» ҳəм «Жумыс тамамлансын» қатарларында усы наряд бойынша 
жумысты баслаў ҳам тамамлаў сəнеси ҳəмде ўақты көрсетиледи.
13. Электростанциялар, жəрдемши станциялар электр үскенелеринде ҳəм кабель линияларында 
жумыс орынланғанда, 1-кестеге төмендегилер жазылады:
1-кестеде коммутацион аппаратлар менен операция исленетуғын ҳəм жерге жалғашышты 
орнатыў зəрүр болған электр үскенелериниң атлары;
2-кестеде орынланыў зəрүр болған көммутацион аппаратлар, жалғамлар, əнжамлар, үскенелер 
атлары (белгилери) ҳəм жерге жалғағышты жалғаў зəрүр болған жерлери.
Екилемши шынжырларда, релелик қорғаў, автоматика, телемеханика байланыс 
қурылма-ларындағы өширилген жерлери 1-кестеде көрсетиў талап етилмейди. 
Бөлистириўши қурылмалардан оларды экплуатация ислемейтуғын хызметкерлер тəрепи-нен 
өширилип ҳəм жерге жалғағыш жалғанатуғын ҳаўа линиялары ҳəм кабель линиялары (мəселен: 
электростанция ҳам жəрдемши станция нəўбетшиси) ушын 1-кестеде төмендегилер толтырылады
1-графада электр узатыў линиясының өширилиўи зəрүр болған электростанция ямаса 
жəрдемши станция аты;
2- графада электростанция ямаса жəрдемши станция атына тийисли линия аты (белгиси).
14. Ҳаўа линияларында жумыс орынлаўда 1-кестеге төмендегилер көрсетиледи:
1-графада нарядтың «Төмендеги жумыс тапсырылады» деген қатарға жазылған линияның, 
шынжырдың, сымлардың аты, ҳəмде оңланып атырған ҳаўа линиясы ямаса шынжырдың оңлаў 
менен байланыслы өширилиўи ҳəм жерге жалғанғанлығы зəрүр болған басқа линия аты (мəселен: 
оңланып атырған линиясын кесип өткен ямаса оның жақын жеринен өткен ҳаўа линиясы, көп 
шынжырлы ҳаўа линиясының басқа шынжырлары ҳəм басқалар);
2-графада тез-ара хызметкерлерден таярланған ислеўшилерге рухсат бериўши тəрепинен 
өширилетуғын ҳəм жерге жалғағыш қойылатуғын ҳаўа линияның өзиндеги коммутацион 
аппаратлардың аты ҳəм жерге жалғағыш қойылыўы зəрүр болған бағананың тəртип саны. Соның 
менен бирге усы қағыйданың графадағы 169, 173-175, 177- бəндлерине тийкар жумыс орнында 
жумыс алып барыўшы сымлар ҳəм тросларға жерге жалғағыш отнатыў шəрт болған бағаналардың 
қатар санлары ямаса бағаналар аралығы көрсетилиўи керек. 
Егер наряд бериў ўақтында жерге жалғаш жалғаў керек болған жерди анықлаў мүмкин болмаса 
ямаса орнатылған жерге жалғағышты бир жерден екинши жерге көширип ислене-туғын болып 
қалса, графада «жумыс орынларында жерге жалғаў орнатылсын» деп жазы-лыўы зəрүр.
2-графада сондай ақ жумыс алып барыўшы тəрепинен оңланып атырған ҳаўа линиясы менен 
кесискен ямаса оның жанынан жақын жерден өткен ҳаўа линиясына орнатылыўы керек болған 
жерге жалғаныў жериде көрсетилиўи керек. Егер усы хаўа линиясы басқа кəрхана тəрепинен 


73
эксплуатация исленсе, нарядтың «Арнаўлы көрсетпелер» деген қатарына басқа кəрхана 
хызметкерлери тəрепинен орнатылатуғын жерге жалғағышты тексериў зəрүр-лиги көрсетилиўи 
керек.
15. 1-кестеге жумыс орнын таярлаў ушын керек болған коммутацион аппаратлар менен 
орынланатуғын операциялар киргизилиўи зəрүр. Жумыс орнын таярлаў ўақтында схемаға 
өзгерислер киргизиў менен байланыслы болған қайта жалғаўлар (бөлистириўши үскенелерде бир 
жалғамды өширип, басқа шиналар системасына өткериў, бөлистириў бөлимин бир деректен 
екинши дерекке өткизиў ҳəм басқалар) кестеге жазылмайды.
16. Тез-ара оңлаў хызметкерлеринен таярланған ислеўге рухсат етиўшиге, наряд бериў 
ўақтында алдыннан таярланған жумыс орнына бригаданы қойыў тапсырылған жағдайда
1-кестениң 2-графасына наряд бериўши жумыс орнын таярлаў ушын зəрүр болған өшири-лиўи 
ҳəм жерге жалғағыш қойылыўы керек болған операцияларды жазып, усы операция-лардан 
қайсылары орынланып қойылғанлығын көрсетип қойыўы керек.
Жумыс орнын таярлаў талап етилмейтуғын жумысларда 1-кесте графаларында «Талап 
етилмейди» деп жазып қойылады. 
17. «Арнаўлы көрсетпелер» қатарына төмендегилер жазылады: 
ислеўшилердиң қəўипсизлигин тəмийинлеўши қосымша илажлар (қоршаўлар орнатыў, жумыс 
орынланатуғын ханаларда водород жоқлығын тексериў, өртке қарсы қəўипсизлик илажлары ҳəм 
басқалар);
жумыс басшысының барқулла басшылығында орынланатуғын жумыстың басқышлары ямаса 
операциялары (усы қағыйданың 49-бəнди);
егер наряд бақлаўшы атына жазылса бригадаға басшылық етиўши жуўапкер адам (усы 
қағыйданың 54-бəнди); 
жумыс басшысы ямаса жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) бригаданы бир жумыс орнынан басқа 
жумыс орнына көшириўге ҳəм жумыс орнына қайта рухсат етиўге рухсат бериў (усы қағыйданың 
88, 94-бəнлери);
электр үскенелериниң ҳəммесин ямаса айырым бөлимин (айырым коммутацион аппарат-ларды) 
нəўбетшиден көрсетпе ямаса рухсат алмастан қосыўға рухсат бериў (усы қағыйданың 102-бəнди);
егер жерге жалғағышты ўақтынша алыўға рухсат бериў (усы қағыйданың 164-бəнди);
жумыс алып барыўшыға коммутацион аппаратлар менен операция ислеўге рухсат бериў (усы 
қағыйданың 480-бəнди);
кран менен жүклерди бир жерден екинши жерге көшириўде жумысты қəўипсиз орынлаў ушын 
жуўапкер адам таярлаў (усы қағыйданың 491-бəди);
басқа кəрханалардың ҳаўа линияларына қойылған жерге жалғағышларды тексериў зəрүр-лиги 
туўрысында көрсетпе (усы қағыйданың 14-бəнди); 
Наряд бериўшиниң еркине байланыслы, усы қатарға ислеўши қəўипсизлигин орынлаў менен 
байланыслы болған қосымша илажларды ҳəм жазыўға рухсат етиледи.
18. «Наряд берди» ҳəм «Наряд мүддети узайтырылды» деген қатарларға наряд бериўши оған 
қол қойған ўақтын ҳəм сəнесин көрсетиўи зəрүр.
Наряд бериўши ҳəм оның мүддетин узайтырыўшы адамлар қол қойыўдан тысқары өзлериниң 
фамилияларында көрсетиўлери зəрүр.
19. 2-кестеде жумыс орнын таярлаўға рухсат алыў ҳəм биринши мəрте ислеўге рухсат алыўда 
толтырылады.
1-графада жумыс орнын таярлаўшы ҳəм ислеўге рухсат етиўши адамлар жумыс орнын 
таярлаўға ҳəм ислеўге рухсат берген адамлардың лаўазымлары ҳəм фамилиялары көрсети-леди. 
Егер рухсат өзи берсе 1-графада рухсат бериўши қолын қойып, өз лаўазымын жазып қойыўы шəрт.
2-графада рухсат етилген ўақыт ҳəм сəне көрсетиледи.
3-графада жумыс орнын таярлаўға ҳəм ислеўге рухсат алған адамлар қол қойыўлары керек. 
Жумыс орнын бир неше хызметкерлер ямаса ҳəр қыйлы цех ислеўшилери таярласа,
3-графаға жумыс орнын таярлаған барлық адамлар қол қойыўлары шəрт.
Егер жумыс орнын таярлаўға ҳəм ислеўге рухсат етиўге рухсат ҳəр қыйлы ўақытта 
сорала-туғын болса, 2-кестениң еки қатары: биринши қатары жумыс орнын таярлаўға рухсат 
ушын, екиншиси болса жумыс ислеўге рухсат ушын толтырылады.


74

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish