Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet93/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
93
Ғәрезсизлик жылларында Өзбекистан Республикасының Биринши Прези-
денти Ислам Каримовтың тиккелей қоллап-қуўатлаўында жәҳән цивилизациясын 
раўажландырыўға үлкен үлес қосқан мәнаўий мийрасымыздың, соның ишинде 
ислам философиясының уллы дөретиўшилериниң атлары қайта тикленди, олар 
дөреткен бийбаҳа мийрас халқымызға қайтарылды, юбилейлик сәнелери мәмлекет 
ҳәм халықаралық көлемде кең түрде белгиленди, шығармалары басып шығарылды. 
Сол ғәрезсизлик жәрияланған 1991-жылдың сентябринде 550 жыллық юбилей-
ине арнап Ташкент қаласының орайында Алишер Наўайы ҳәйкели ҳәм миллий бағ 
дөретилди. Оның ашылыў салтанатында Биринши Президентимиз «Наўайы руўхы 
мәдеткер болғай» атлы жалынлы сөз сөйледи. 1992-жылы Бабарахим Машрабтың 350 
жыллық юбилейи белгиленди. Уллы ойшыл Баҳаўаддин Нақшбандтың 675 жыллығын 
белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилди. 1998-жылы Ҳәдис илиминиң султаны Имам 
әл-Бухарийдиң туўылған күниниң 1225 жыллығы, 1990-жылы Имам ат-Термизийдиң 
1200 жыллық, 1993-жылы Ахмед Яссаўийдиң 950 жыллық, 2000-жылы Бурханиддин 
Марғинанийдиң 910 жыллық юбилейлери белгиленди. 2002-жылы Қарақалпақстан 
Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен тәсәўўиф философиясының 
атақлы ўәкили Ҳәким-ата Сулайман Бақырғанийдиң юбилейи белгиленди, Қоңырат 
қаласында оған арналған илимий әнжуман өткерилди.
Бул юбилейлердиң айрымларына ЮНЕСКО ғамхорлық етти, дерлик барлығының 
жуўмақлаўшы салтанатлы әнжуманларына Биринши Президентимиз Ислам 
Каримовтың өзи қатнасты, ҳүкиметимиз қарарына муўапық журтымыздың ҳәмме 
жерлеринде ядтан шықпас унамлы тәрбиялық мәнаўий-мәрипий илажлар әмелге асы-
рылды, естеликлер орнатылды.
Әййемнен киятырған миллий байрамымыз «Наўрыз» қайта тикленди, ол мәнаўий-
мәдений турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланды. 1993-жылы «Наўрыз – 
улыўмахалықлық байрам» – деп жәриялаў ҳаққында Президент қарары шықты ҳәм 
соннан берли ҳәр жылы өткерилип келмекте.
Ғәрезсизлик жылларында миллий мәнаўиятымыздың ажыралмас бөлеги болған 
диний қәдириятымыз қайта тикленыў менен бирге, адамларымызға ҳүждан ҳәм диний 
исеним еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар әмелге асырылды. Мәмлекетимиз 
Ислам Каримовтың тиккелей қатнасында жаратылған өзиниң Тийкарғы нызамы – Кон-
ституциясы ҳәм басқа да ҳуқықый ҳүжжетлери арқалы барлық пуқараларға ҳүждан 
еркинлигине ийе болыўға кепиллик берди. Ҳәр бир адам өзи қәлеген динине исениўи 
яки ҳеш бир динге исенбеўи мүмкинлиги анық белгилеп қойылды. Соның менен бирге 
динниң жәмийеттеги орны, тәрбиялық роли, руўхый-мәнаўий тиклениўдеги әҳмийети 
ашық түрде тән алынды. 1991-жылы, соңынан жаңа редакцияда 1998-жылы 1-майда 
«Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында» Өзбекистан Республикасы 
Нызамы қабыл етилди. Ораза ҳәм Қурбан Ҳайытлары улыўмахалықлық байрам – 
дем алыс күнлери деп дағазаланды. Ғәрезсизлик шарапаты менен қайта оңланған яки 
жаңадан қурылған 2000нан артық мешитлер мөмин-мусылманларға хызмет етпекте. 
Имам Бухарий атындағы Ташкент ислам институты ҳәм 9 орта арнаўлы ислам оқыў 
орны (оның 2 ҳаял-қызлар ушын арналған) жасларға тәлим бермекте. Ислам институты 
талабаларына бакалавр дәрежеси ҳәм стипендия берилетуғын болды. 
Ғәрезсизлик жылларында Ҳаж сапарын әмелге асырыўдың барлық қолайлы 
жағдайлары дөретилди. Совет ҳәкимияты жыллары тек ғана 130 адам Ҳаж зыяра-
тын әмелге асырған болса, ҳәзир соңғы жыллары ҳәр жылы 5 мың, ал 2017 жылы 
7 мыңнан аслам ўатанласларымыз Ҳаж зыяратын орынлаў мүмкиншилигине ийе 
болды. ЮНЕСКО шөлкеми менен бирликте ислам мәдениятында уллы из қалдырған 



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish