Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
9
Баяғы Жәйҳун, бурынғы ағыс,
Жүз жылдан кейин көрсең де солай,
Әййемги гия, әййемги жағыс,
Қәдимги дәрья, қәдимги тоғай.
Биреўи келип, биреўи кетип,
Ағылған ағым сездирме өзин.
Издеги менен толады кетик,
Алдайды сөйтип адамның көзин.
Өмир де ағыс булқынған мудам,
Бағы келбет, баяғы көрки,
Көрсең де қашан түп-түўел адам,
Қәйғылы жылаў, шадлықлы күлки.
Залымлық сирә қурталмай елди,
Перзентлер өсти, анадан дөреп,
Минекей жаңа дәўранға келди,
Сандығын сырдың ашпағым керек.
Неше бир сөзлер тарады елге,
Аралдан ескен самалдай болып,
Өтипти сансыз ақыллы ер де,
Сөзлери тири, қалса да солып….
(Т. Жумамуратов. Шығармалар жыйнағының 3 томлығы. 
1-том. Мәкария сулыў. 130-бет).
Дәстан қатарларын оқып, оны тереңирек уға басласақ, онда қандай да бир 
толғаныслы сезимлерди, ана топырақ, туўылған жерге, оның тәбият гөззалығына 
болған айрықша муҳаббат пенен берилген қатарлардан оқыймыз. Дәстаннан мысал 
келтирейик:
Қуяш күлип, аспан жерге нур төкти,
Сәўле шашып, жарқыратты жер-көкти,
Жәйҳун дәрья сылдыр-сылдыр атылып,
Боз жорғадай секириўин үдетти…
Ҳәзлик леби шымбыр-шымбыр сезилип,
Қырғаўыллар таранады сүзилип,
Үйрек, ғазлар кәрўан тартыа баратыр,
Көк моншақтай қатар-қатар дизилип,…
Сонда, 210-бет
.
Дәстанда дослықтың жоқары көтериңкиилик қатнасы, қыз сезимлериниң 
толғаныслары, дәстүрге айналған поэтикалық қатарлар арқәлы шеберлик пенен 
бериледи:
Бир күни турса сол қонақ жайда,
Бир орыс қызы болыпты пайда,
Узатқан екен ионанлы қызды,
Мәкария менен татысты дузды.
Бирине бири көринди ысық,
Алысты әлпи қолларын қысып,. 
Отырды бираз булғарша сөйлеп,
Саўғаға берди шатыраш көйлек.
Мәкария жаста алғанда билим,
Үйренген еди орыстың тилин,
Жатлығып кем-кем болыпты қанық,
Пикирин толық билдирди анық
Сонда. 139-бет.
Шайыр муҳаббат, ашықлық сезимлерди жоқары руўхланыўшылық дәрежесинде 
тәрийплеп, Мәкарияның садықлығы, жан-тәни менен берилген сезимлерге бай 
муҳаббатын сөз етеди, жырлайды ҳәм поэзиялық нәзик жол менен баянлаў арқалы 
эпик қаҳарманның лирикалық ышқы сезимлериниң драматизмге бай екенлигин 
шеберлик пенен байланыстырып сүўретлеўге ериседи:
Қыз жигитке көз астынан қарайды,
Қаршығадай қыялланған наз бенен,
Уўылжыған полат дене, шырайлы,
Таў бүркиттей жигит отыр қыз бенен.
Бир –бирине мыйық тартып күлимлеп,
Уялшақлаў қыямайлап қарасқан,
Ара-тура:-Ал енди Сиз жүриң-деп,
Әлипайым сөзлери де жарасқан.
Сонда. 143-бет.
Т. Жумамуратов Мәкария образы арқалы дәстүрий эпик дәстанлар қәҳарманлары 
болған Алпамыс дәстанындағы Гүлпаршынның, Ғәрип ашық дәстанындағы 
Шахсанемниң, Ләйли ҳәм Мажнун дәстанындағы Ләйли Юсуп ҳәм зулейха 
дәстанындағы зулейха ҳ.т.б. дәстан қаҳарманларының дәстүрий образлары үлгисинде 



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish