Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамы да мине усындай сыпатқа ийе.
Тилдиң сөзлик қурамы ҳаққында халықтың экономикалық, мәдений ҳәм сиясий
турмысының өзгериўи ҳәм раўажланыўы менен тиккелей байланыста болатуғынлығы белгили.
Усыған байланыслы тилдиң ишки раўажланыў нызамлары арқалы ишки ҳәм сыртқы дереклер
тийкарында жаңа түсиниклерди аңлататуғын жаңа сөзлер сөзлик қурамға енип, ал турмыс
қәжетлилигинен айрылған түсиниклерди билдиретуғын сөзлер гөнерип, гейпаралары ҳәттеки
сөзлик қурамнан шығып қалып та отырады.
Қарақалпақ тили, тийкарынан алғанда, мине усындай сөзлердиң есабынан өзиниң сөзлик
қурамын раўажландырып киятыр. Мәселен,
өндирис, қурылыс, баслама, кәрхана, талқылаў,
санаат, миннетлеме, үндеў, бағдарлама,
усыған сөзлер қарақалпақ тилиниң лексикасына соңғы
жыллар ишинде жаңадан кирген сөзлер болып табылады. Ал
гүле, шарық, ҳәйкел, ҳалқа, әребек,
болыс, ояз
усаған сөзлер гөнерген сөзлер.
Ҳәзирги қарақалпақ тилиниң лексикасы турмыстың барлық тәреплерин өз ишине алатуғын
бай сөзлик ғәзийнеден турады. Ол тилдиң ишки раўажланыў нызамларына сәйкес сөздиң пайда
болыў, жасалыў усыллары, сондай-ақ басқа халықлар менен қатнас нәтийжесинде сөз аўысыўы
арқалы кеңейип, жетилисип киятыр. Мәселен, бас деген сөздиң қосымта қосыў арқалы қосыў
усылы арқалы
баслық, басшы, басшылық, баслама, баслаўшы, басқарма, ис
деген сөзден
ислеў,
искер
усаған екинши бир жаңа сөзлер пайда болған. Ал журт деген сөз ҳәзир
халық
деген сөздиң
мәнисинде де көшип кеткен елдиң, үйдиң орны мәнисинде де, мәкан деген мәниде де
қолланылады:
1
. Ата журтым Түркистан,
Ондада паян етпеди,
Күни-түни қыйналып,
Он еки айда тапқаны,
Қыс азыққа жетпеди.
(Жийен жыраў, «Посқан ел»).
2
. Тарийх бир мың үш жүз отыз үшинде,
Заман ҳәр тәрепке дөне баслады,
Журт жыласып Николайдың тусында,
Ҳәр түрли ҳүкимге көне баслады.
(А.Муўсаев, «Бола баслады»).
Бул жерде журт деген мәниде де халық деген мәниде де жумсалып тур. Олар бир-бирине
жақынласпайтуғын омонимлер.
Бул сөздиң бурын тек орын деген мәниде ғана қолланылғанлығын көремиз. Журт-баланд
жойларда сақланиб қалған бино излари, девор таги, қурғон аломати ва бошқалар
2
.
Демек, семантикалық мәни өзгериси нәтийжесинде еки түрли сөз пайда болып отыр.
Усы жоқарыдағы сөзлердиң барлығы да жеке сөзлер сыпатында қарақалпақ тилиниң сөзлик
қурамында өз орнына ийе.
Сондай-ақ,
мақлуқат, жәмийет, нәсил
усаған араб тилинен аўысқан сөзлер,
зергер
,
дәрт,
үмит
усаған парсы тилинен аўысқан сөзлер,
класс, партия
усаған орыс тили арқалы аўысқан
сөзлер қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамына қарақалпақ халқының усы халықлар менен тарийхый
қатнасықлары нәтийжесинде дөреген.
Енди биз қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамы тарийхый шығысы бойынша қандай сөзлер
топарынан туратуғынлығын көрейик.
Do'stlaringiz bilan baham: