Араб тилинен келип кирген сөзлер қарақалпақ тилиниң лексикасына аўызеки ҳәм жазба
түрде қоңсы халықлардың тиллери арқалы, сондай-ақ тиккелей аўысты. Олар сөзлик хордан орын
алды. Мәселен,
қәлем әдебият,миллиет, мүддет
усаған сөзлер түпкиликли сөзлердей жеделликке
ийе. Бундай сөзлердиң араб тилинен кирген сөзлер екенлиги күнделикли турмыста қолланылыў
жағдайында ҳеш қандай сезилмейди.
Араб тилинен айырым сөзлердиң ҳәм терминлердиң аўысыў қубылысы динниң халық
көпшилигиниң турмысында оғада күшли түрде сиңип кетиўине байланыслы. Ҳәзир жийи түрде
кең қолланылып киятырған араблық шығысқа ийе сөзлер ҳәм терминлер тилдиң лексикасында сол
жеделлиги менен қалды да, ал жаңа түсиниклердиң пайда болыўы менен гөнерип, әҳмийетин
жойылтқан айырым араб сөзлери қолланылыў жеделлигинен айырылып, сөзлик қурамнан дерлик
шығып баратыр. Мәселен,
иблис, ўақым
усаған сөзлер дерлик қолланылыўын жойылтып
баратырған сөзлерден ибарат.
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамындағы араблық шығысқа ийе сөзлер
менен терминлер турмыстың көпшилик тәреплерин өз ишине алады. Олардың бир қатары диний
түсиниклерге байланыслы болса, екиншилери саўда ислерине, үшиншилери илим ҳәм мәдениятқа,
т.б. байланыслы сөзлер болып келеди. Олар төмендегилерден ибарат:
медресе, алым, илим,
тарийх, муғаллим, мақала, ҳәрип, усыл, нама, нағыс, миллет, минбер, нәсил, халық, мақлуқат,
руўх, садақа, парыз, әзирейил, дуўа, зикир, қуран, сүннет, жин, иблис, шайтан, әўлийе, ақырет,
жаназа, ийман, молла, инам, жаббар, аўмийин, ҳайўан, маймыл, пақыр, пикир, ғайрат, қыял,
қымбат, қазы, арза, дәреже, шәрият, ўәкил, жәллат, ўәзир, даў, жәмийет, ўатан, зулым, әскер,
қарар, есап, мәни, мектеп, мәжилис, әжайып, арза, сапар, ҳалўа, рахмет, несип, аманат, аўҳал,
ҳәмир, нәпес, саат, саўал, сүўрет, фән, хызмет, мийнет, хат, аўқат, ҳаял, мәнзил, бәле, пайда,
себеп, қәреп, кәрамат, рәҳәт, өмир, дәреже, заман,
т.б.
Қарақалпақ тилинде араб тилинен аўысқан адам атлары да ушырасады. Мысалы:
Аббаз,
Әлий, Ҳамзе, Әнийпа, Асан, Әмет, Маҳмуд, Оспан,
т.б. Сондай-ақ араб тилинде адам атын
билдирмейтуғын, тек ғана әпиўайы сөзлер сыпатында қолланылатуғын жағдайлары да бар.
Мәселен:
Әдил, Дәўлет, Мақсет, Қурбан, Сабыр, Садық, Сапар
т.б. Бундай жай сөзлер сыпатында
да адам атлары орнында да келе береди.
Араб тилинен аўысқан сөзлер, тийкарынан алғанда, атлық сөзлер болып келеди, сийрегирек
келбетликлер де ушырайды. Буған жоқарыда келтирип өткен сөзлердиң улыўма топары дәлил
бола алады. Ал басқа сөз шақаплары бойынша араб сөзлери тилимизде ушыраса бермейди.
Сонлықтан да олардың түркий тиллердеги бул өзгешелигин көрсетип, профессор Н.А.Баскаков
араб сөзлериниң аўысыўындағы елеўли белги ретинде олардың түркий тиллерде атлықлар, жекке-
сийрек келбетликлер түринде гезлесетуғынын, бирли-ярым қосарлы фейиллер қурамындағы
гейпара сөзлерди есапқа алмағанда басқа атаўыш сөзлердиң түркий тиллер тәрепинен
өзлестирилмегенин белгилеп өтеди.
Солай етип, қарақалпақ тилинде араб тилинен аўысқан сөзлер әдеўир муғдарда ушырайды.
Олардың көпшилиги ҳәзирги күнде түпкиликли сөзлердей болып кеткен, күнделикли сөйлеў ҳәм
жазыў тәжирийбесинде аўысқан сөзлер екенлиги сезилмейди. Көпшилик араблық шығысқа ийе
сөзлер турмыс мүтәжлығынан айырылыўы нәтийжесинде сөзлик қурамнан шығып та қалды.
Do'stlaringiz bilan baham: