даў
), айб (
айып
), қәрар (
қарар
), әмийин (
аўмийин
), ахди (
келисим,
договор
), эътибар (
итибар
), ант (
ант
), мәўләт (
мәўлет
), дәрежәли (
дәрежели
) ҳәм тағы басқалар.
Қарақалпақлардың орыс халқы менен экономикалық ҳәм мәдений байланысчлары әдеўир
кеңейе баслаўы менен орыс тили арқалы қарақалпақ тилине орыс ҳәм басқа да тиллерден жаңа
сөзлер менен терминлер аўыса баслады. Олардың белгили бир бөлеги рәсмий ис қағазларына тән
бирликлерден ибарат, фәўәскә (
повестка
), расхот (
расход
), исбийке (
список, дизим
), нөмир
тилграм (
телеграмма
), дәбирнәс (
доверенность
), приказ пркәз (
приказ
), буйрық (
указ
), рафорт
(
рапорт
) т.б.
Әдебий тилдиң раўажланыўы менен жазба естеликлер арқалы бизге келип жеткен барлық
рәсмий ис қағазлары элементлери өзлериниң улыўма халықлық қолланылыў нормасына ийе
болды. Олар турмыс талабына сәйкес халық талғаўынан өтти, өзгерислерге ушырап, ысылды ҳәм
жетилисти, ҳәттеки гейпаралары қолланыўдан шығып та қалды. Мәселен, жазба ҳүжжетлердеги
ариза-аризнамә, төбен-төмәнги сөзлерин ысылып,
арза, төмендеги
түринде қәлиплесип кетти.
Сондай-ақ ис қағазларына тән, пәка термини әдебий тилдиң сөзлик қурамында
неке
түринде
қәлиплесип кетти. Бирақ ол дәслепки мәнисинде емес, ал пүткиллей жаңа социаллық мазмунға ийе
болды.
Октябрьден соңғы жыллар ишинде рәсмий ис қағазлары услубы функционаллық жақтан
кеңейди. Халық хожалығын раўажландырыўдың барлық тараўлары бойынша бирге ислесиўдиң,
өндирислик байланыслар менен қатнасықлардың мийнетти шөлкемлестириўдиң жедел қуралына
айналды. Турмыс талапларына сәйкес рәсмий ис қағазлары услубының ишки тараўларында жаңа
услублық шақапшалар пайда болды. Булардың барлығы да тилге ис қағазларына тән арнаўлы сөз
ҳәм терминлердиң дөреўине ҳәм кеңейиўине себепши болды. Тилимиздиң сөзлик қурамында
бурыннан бар көп ғана лексикалық бирликлердиң жазба услубтың усы тараўында қолланылыўы
бойынша турақлы формалар қәлиплести:
қарар, протокол, даўыс, даўыс бериў, даўысқа қойыў,
буйрық, бийтәреп, реже, сыпатлама, усыныс, мәлимлеме, пәрман, нота, деклорация, шақырық,
мирәәт, усыныс, өмирбаян, гүўалық, ҳүким, бюллетень, келисим, шәртнама, бәнт, параграф, акт,
регламент, ескертиў, қошаметлеў, жоба, сөгис, телеграмма, ордер, хат, дизим, мағлыўмат, есап
бериў, төмендегише, жүкленсин, тапсырылсын, қарап шығылсын, ҳүким етеди, ескертеди,
бийкар етеди, есаплансын, билдиреди, хабарлайды, шақырады, усынады, усыныс етеди,
бийкарлайды, соранаман, өтинемен, белгиленсин, сайлансын, тастыйықлансын, сыйлықлансын,
сол себепли, төмендегише, мыналарды, төменедегилерди, қатнасыўшылар, қол қойыў, қол
қойыўшылар, көширме, нусқа, сөз сөйлеў, дағаза, анкета, қарар етеди, тыңланды, мәселе
ҳәм
тағы басқалар.
Ески рәсмий ис қағазлары ҳүжжетлеринде фейиллерге байланыслы тарийхый жазба әдебий
тилге тән морфологиялық формалардың орнына улыўма халықлық формалар қәлиплескен норма
болып отыр (
соранаман, тыңланды, шақырады, жүкленсин).
Қарақалпақ әдебий тилиниң сөзлик қурамында рәсмий ис қағазлары услубының
раўажланыўы менен фразеологиялық сөз дизбеклери түриндеги арнаўлы бирликлер де көбейди:
күн тәртиби, ашық даўыс, даўыс бериў, қол көтериў, жарыс сөз, кирис сөз
ҳәм т.б.
Рәсмий ис қағазлары лексикасы арнаўлы түрде қолланылатуғын бай қатламға ийе. Ол әдебий
тилдиң сөзлик қурамын байытыўда тийкарғы дереклердиң бири хызметин атқарады.
Do'stlaringiz bilan baham: |