5
) терминлер сөзлик қурамдағы ең ҳәрекетшең ҳәм удайы өзгерислер енип отыратуғын
айрықша сөзлик қатламды қурайды~
6
) терминде әдетте қосымша мәни образлығы, қосымша мәнилик бояў жоқ, бийтәреп
функционаллық жақтан арнаўлы турмыс, тараўына белгили ҳәм таңлап қолланылады~
7
) терминлер рәсмийлестирилген лексикалық бирликлер, жәмийетлик бақлаў арқалы
тәртиплестирилип барыўға мүтәж, т.б.
Ҳәзирги күнде қарапалпақ терминологиясы системасында терминлик атамалардың жасалыў
жоллары да нызамлылық сыпатында қәлиплескен. Олар төмендегише:
1
) Лексикалық-семантикалық усыл
2
) Морфологиялық усыл
3
) Синтаксислик усыл
4
) Өзге тилден сөз аўысыўы арқалы
Лексикалық-семантикалық усыл арқалы сөзлик қурамда бурыннан бар анаў я мынаў сөзге
қосымша терминлик мәни жүкленеди, сөз терминлеседи. Мәселен, күш, гәп, гүрриң, қаҳарман,
ултан, мийнет усаған сөзлер әдетте көп мәнили сөзлер ретинде тилде әзелден қолланылып киятыр.
Ал соңғы дәўирде түрли илим тараўларында пайда болған жаңа илимий уғымларды дәл
анықлаўшы терминлик мәнилерди қабыл еткенлигин көремиз:
күш, физика, гәп, лингвистика,
гүрриң, әдебияттаныў, қаҳарман, арза гүўалық, ултан, геометрия, мийнет, илим
т.б.
Бундай терминлик мәнилерди қабыл етиў тийкарында лексикалық-семантикалық усыл
арқалы жасалған терминлер тилимизде оғада көп.
Морфологиялық усылдың жәрдеми менен қосымталар қосылыў арқалы терминлер
жасалады: шын-лық (филос) тез-лик, (физика) теңлик, тең-сизлик (сиясий) сызық-ша (линг) ата-
лық, ана-лық (биол) ерит-пе (химия) бирик-пе (химия) көнлик-пе т.б.
Синтаксислик усыл арқалы жасалған терминлер сөз дизбеклери түринде қәлиплеседи,
терминлик бир мәнини аңлатады: жәмийетлик қатнас (сиясий), зат алмасыў (биол), асқазан асты
безлери (физиол), хожалық есап (экономика), өнимниң қуны (экономика), көрсетпели қураллары
(пед).
Өзге тилден аўысыў усылы. Терминлер пайда болады. Бул усыл арнаўлы белгилеп өтиўди
керек етеди.
Соңғы дәўирде басқа миллет тиллери сыяқлы қарапалпақ әдебий тилиниң сөзлик қурамына
орыс ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден терминлердиң аўысыўы оғада жедел ҳәм жийи
қубылысқа айналды. Орыс халқы менен экономикалық, сиясий ҳәм мәдений байланыслар, орыс
тилиниң жәмийетлик өрисиниң кеңейиўи, оның миллетлер аралық қатнаста қолланылыўы орыс
тилинен лексикалық бирликлердиң аўысыў исин, интернационаллық топарының көбейиўи әдеўир
тезлетип жиберди. Көрнекли тюрколог Н.А.Баскаков белгилеп өткениндей, қарақалпақ тилиниң
сөзлик қурамы орыс ҳәм интернационаллық лексиканың, әсиресе илимий терминологиялық келип
кириўи кем-кемнен көбейди. Ҳәзирги қарақалпақ тилиниң илимий ҳәм жәмийетлик
сиясий
терминологиясы тараўында аўысқан лексикалық бирликлер ҳәттеки қарақалпақлардың өзлик
терминлеринен артық келеди.
Ҳақыйқатында да қарақалпақ терминологиясы системасында орыс тилинен,
орыс тили
арқалы баса тиллерден терминлерди қабыл етиў оғада өнимли сыпат алып отыр. Қайсы
терминологиялық тармақты алып қарасаң да, онда орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа
индиевропа тиллеринен келип кирген сөзлерди көплеп ушыратыўға болады.
Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден терминлердиң аўысыў жағдайына
лингвистикалық көз-қарастан нәзер аўдарсақ, олардың улыўма үш усылда қабыл етилгенин
байқаймыз.
1.
Do'stlaringiz bilan baham: