ЖЕККЕЛИК
Намаз оқылады жәмәәт пенен,
Тойларға барасақ жалғыз ат пенен,
Қосык, жазылмайды мәсләҳәт пенен,
Деп өзиқди мақулладыц жеккелик.
«Арал әтирапында анадан туўып,
Тециз толқынына бетимди жуўып,
Қосық қоян болса тазы боп қуўып»,
Саятым сазаўар болтан жеккелик.
Машҳур аўыл-елим, халқым далада,
Мен әўере-сарсац еки арада,
Усы, неғып жүрмен, қапырық қалада,
Қара басты қацғалатқан жеккелик.
Қатар қызлар қосығыма табынған,
Досларым қаяқта кеўлим сағынған,
Қосық айтсам намам болды «Адьщнан»,
Гүзар жолда ыцырандырған жеккелик.
Жеккелик жарасқан Алла-таалаға,
Ол мәжбүрий муцлас жетим балаға,
Жеккеликтиц дәртин меннен сорама,
Жүйкемди жуқартты жаўыз жеккелик.
ЖАНЫМ СҮЙГЕН ТУЙҒЫЛАР
Маған тротуар тарлық етеди,
Ҳәтте көкирегимди қысып кетеди,
4 — Ә. Әжиниязов
49
Тар жердей журт тығылысып өтеди,
Кецисликти күсер жүрегим мениц.
Кеқ жерде кец, тыныс алып жүремен,
Кецликти анамдай жақсы көремен,
Қолдан келсе кеқлеў жерде өлемен,
Тар жерге талпынып ҳәлегим
1
уш н и ц
.
Мазам қашар күнниц жүзин булт басса,
Гүцгиртти, солғынды сүймеймен ҳасла,
Қой сүйиклим! Мени жақтыға басла,
Көзицдей рәўшан тилегим мениц.
О дүньяднан излемеймен жәннетти,
Сүйемен халық сүйген жақсы әдетти,
Мен қудайдан тилеп жүрмен мәдетти,
Халқым, ата-анам қудайым мениц.
Бир жанан жанымды қыйнап жүрипти,
Бир қосық уйқымды урлап жүрипти,
Шалыс уйқас пенен «сыйлап жүрипти»,
Анша жақсы емес жағдайым мениц.
Шүкир еле дослар меннен безген жоқ,
«Қой оны» - деп ала жипти үзген жоқ,
Кемшиликтиқ бәрин түўел сезген жоқ,
Толық төгилген жоқ абройым мениц.
САДЫҚЛЫҚ
«Нызам бөркин» кийип, кастан қәтелик,
Әдалат туншығып, жатты жөтелип,
Көз бояўшы, жермен, парахорларға,
«Кеншилик» жасалды аброй әперип.
Токсаўыл тутылып жүйрик желлерге,
Зақым жетти из түспеген гүллерге,
Намақул қубылыслар үстем күш алып,
Мөр басылды ҳағын айтқан тиллерге.
Биреўлер бийдәрек байлық топлады,
Биреўлер солардыц жағын жақлады,
Түлки-төре, порсық, шағал-бий болып,
Бөлтириктиц абройын сақлады.
Көтерицки сөз айтылды минберден,
Қуўатланды жақын-жуўық көз көрген,
Әдилликтиц тәрезиси алдында —
Басым келди парықламай пул берген.
Пайда болды «өли наряд» дегенлер,
Масайрады мийнетсиз нан жегенлер,
Көз көреки, мәмлекетти алдаған —
Жалатайлар — есапланды қеменгер.
Даққпаразлар марапатқа малынды,
Ҳәкимшилик игри жолға салынды,
План фонд-фонд болып қағаз жүзинде,
Гөш планға «бажы пулы» алынды.
Орынланса пахта, салы планы,
Басқасы пакизе былай болады:
Бир аўыз сөз — жоқтан барды дөретип,
Қәпелимде барлық план толады.
Бунық бәрин мәмлекеттен жасырды,
Әбжил ойлап тапты түрли тәсилди,
Деген менен жақсы адамлар жәмлесип,
Жайып салды шынлық деген ҳасылды.
Сыр ашылды, жөн болған өз гезинде,
Ҳақыйқатлық жецип шықты изинде,
Тезлестириў, шынын айтыў курсы,
Мақулланды пүткил дүнья жүзинде.
Енди жол қоймайық қәтеликлерге,
Гүл көгертиў керек, саҳра шөллерге,
Әдалатлық халқымыздыц қәлеўи,
Сени тәрийплеймен елден-еллерге.
Do'stlaringiz bilan baham: |