МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
76
Валиева Ж.
НМПИ үлкен оқытыўшысы
Қошқарбаева Р.
ассистент оқытыўшы
Даниярова C.m.
«Прогресс» БҳРО қәнийгелестирилген мектеп математика пәни оқытыўшысы
ТАлАБАлАРдың ОҚыў иСКЕРлиГиН ШӨлКЕМлЕСТиРиўдЕ
Өз БЕТиНШЕ ЖуМыСлАРдың әҳМийЕТи
Tayanсh so`zlаr:
мустақил ишлар, дарс, ўқитиш методы, олим Ю. Бабанский.
Ключевые слова:
Cамостоятельная работа, урок, метод обучения, ученый Ю.
Бабанский.
Key words:
Independent work, lesson, the method of teaching, scientist Yu.
Babanskiy.
Республикамыз билимлендириў системасы алдында турған тийкарғы ўазыйпа ҳәр
тәреплеме раўажланған, сап денели, қәбилетли, өз ўатаны ҳәм халқына садық инсан-
ларды тәрбиялаўдан ибарат. Бул мақсетти әмелге асырыў ушын билимлендириў систе-
масына қараслы барлық педагог қәнийгелерден өз исине дөретиўшилик қатнасты, ҳәр
бир сабақта жоқары нәтийжелерге ерисиўди, ҳәр қыйлы методикалық усыллардан
пайдаланыўды талап етеди.
Буннан 3500 жыл алдын Конфуций «еситгенимди ядымнан шығараман,
көргенимди еслеп қаламан, өзим ислесем түсинип аламан» деген екен. Ҳәзирги күнде
педагогтың тийкарғы ўазыйпасы таяр билимлерди бериў емес ал оларға билимлерди
өзинше ийелеўине көмеклесиўден ибарат. Буның ушын талабалардың өз қәбилети
ҳәм имканиятларын толық көрсете алыў ҳәм барлық күш-ғайратын билим алыўға
қаратыўы ушын имкан беретуғын дәрежеде тәлим-тәрбия процессин раўажландырыў
зәрүр.
Дәстүрий оқытыў методында талабаның билим алыўындағы жаңа информа-
циялар алыў дереги оқытыўшының аўызеки баянлаўы ҳәм түсиндириўи болса,
талабаның өзбетинше жумыслары китаплар ҳәм қолланбалар, интернет пенен
ислесиўди шөлкемлестирип, талабаның өзлестириў тезлиги ҳәм көлемин, оның
қәбилети, қызығыўшылығы сыяқлы өзгешеликлерин белгилейди. Китап пенен
ислесиў талабаның өз бетинше ислеў искерлигин асырады.
Оқыўшылардың билиў искерлигин асырыў, оларды оқыўға қызықтырыў ҳәм
оларда өз бетинше билим алыў көнликпелерин қәлиплестириў, бүгинги күнниң
актуал мәселелеринен болып саналады.
Үйрениў бул оқыўшылардың жаңа билимлерди өзлестириў процесси оның оқыў
искерлиги дәрежесине көтерилиўи ушын талабалар билимлерди ийелеў даўамында
оларды байытатуғын, өзбетинше оқыў тапсырмаларын белгилеўи, өз-өзин бақлаўы
ҳәм өз жеке искерлигин баҳалаў өлшемлерин билиўлери керек.
Талабалардың өз бетинше жумыслары-бул оқытыўшының қатнасығысыз
бирақ белгиленген ўақытта оның тапсырмасы бойынша орынланатуғын жумыслар
болып, өзбетинше ислеў методлары оқытыўдың билим бериўши, тәрбиялаўшы ҳәм
раўажландырыўшы ўазыйпаларын әмелге асырыўға жәрдем береди.
Билим бериўде бул методлар теориялық билим, әмелий көнликпелерди өзбетинше
ийелеўге, оларды тәкирарлаў, беккемлеў ҳәм тереңлестириўге жәрдем береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |