МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
39
The opinion
(Пикир)
Аўа
Yes
The reason
(Себеп)
Инглиз тили бүгинги күн дүньясын үйрениўде жүдә әҳмийетли орын
тутады, ол арқалы оқыўшыларда түрли нәрселер ҳаққында жаңа образ-
лар пайда болады. Сондай-ақ, инглиз тили әтираптағы қубылыс ҳәм
ҳәдийселерди түсиниў ушын кўрал болып хызмет қылады.
English is very important to learn of nowadays world, pupils about it appeared
new various models. So, English is the means to understand different
appearances of the environment.
The example
(Мысал)
Сырт ел ҳәм оның халқы ҳаққында анық бир мағлыўмат алмақшы болсақ
ямаса түсиникке ийе болыўды қәлесек инглиз тили бул мәселеде ең пай-
далы усыл болып табылады.
If you want to take a certain information or conception English is most useful
way to know foreign countries and their nations.
The summary
(Жуўмақ)
Бүгинги күн дүньясын инглиз тилисиз көз алдыға келтирип болмайды.
Its impossible imagine nowadays world without English.
«Жуўмақлаў» методы.
Методтың мақсети: Бул метод қурамалы, көп тармақлы, проблемалы харак-
териндеги темаларды үйрениўге қаратылған. Методтың әҳмийети соннан ибарат,
бунда теманың ҳәр қыйлы тармақлары бойынша бир түрдеги хабар бериледи ҳәм
сол ўақытта олардың ҳәр бири түрли көз қарасларда додаланады. Мәселен, проблема
унамлы ҳәм унамсыз, жетискенлик ҳәм кемшиликлери, пайда ҳәм зыян тәроеплери
бойынша үйрениледи. Бул интерактив метод критикалық, анализли, анық логикалық
пикирлеўди раўажландырыўға ҳәмде оқыўшылардың еркин пикирлерин жазба
ҳәм аўызеки түрде системалы баян етиў, қорғаўға имканият жаратады. Бул метод
улыўма теманың айырым тармақаларын додалаўшы киши топарлардың, ҳәр бир
қатнасыўшының, класстың актив ислеўине қаратылған.
Бул метод теманы үйрениўдиң түрли басқышларында қолланылыўы мүмкин:
•Шынығыў басында: өз билимлерин еркин активлестириў;
•Теманы үйрениў процессинде: оның тийкарларын терең түсинип әнлап
жетиў;
•Жуўмақлаўшы басқышта: алынған билимлерди тәртипке салыў.
Әдебиятлар:
1.Б.зиёмухамедов, М.Тожиев Педагогик технология –замонавий ўзбек модели.Иошкент-2009.
2. Р.Джураев, А.зуннунов Таълим жараёнида ўқув фанларини интеграциялаш. Тошкент-2005.
РЕзЮМЕ
Ушбу мақолада инглиз тили дарсларида ҳар ҳил методлардан фойдаланган ҳолда дарс ўтиш
усуллари айтилган.
РЕзЮМЕ
В данной статье рассматриваются разные методы используемые на уроках англиского языка.
SUMMARY
In this article informed about interactive methods of teaching English.
Do'stlaringiz bilan baham: |