“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
Еслетпе
: Бул шынығыўды әмелге асырыўда пайдаланылатуғын сораўлар барлық
топарларға бирдей қыйынлық дәрежесинде таярланған болыўы итибарға алынады ҳәм
сораўлар әпиўайыдан қурамалыға қарап барыў талап етиледи.
Бул шынығыўды барлық классларда басқа пәнлерде де сабақтың жаңа теманы
беккемлеў басқышында пайдалансақ болады.
Шынығыўдың абзаллығы сонда,
бириншиден оқытыўшыдан артықша ресурс талап етпейди, тахта менен ислесиў
имканиятын береди, екиншиден, тема мазмунын толық қамтып алыўға болады,
үшиншиден, оқыўшылардың есте сақлаў қәбилетлерин раўажландырып, оқытыўшыға
теманы беккемлеўге жәрдем береди, төртиншиден, класс оқыўшыларын толық қамтып
алып, класста өзара жарыс руўхын пайда етеди, бесиншиден, оқыўшылардың өзин-өзи
баҳалаўға тийкар жаратады.
«Қәте» технологиясы
.
Бул технологияның мақсети - сабақ процессинде оқыўшыларды еркин, сын
пикирлеўге, излениўге, пикирлерин жәмлеп салыстырыў методы жәрдеминде тема
мазмунынан келип шыққан ҳалда машқаланың шешимин табыў, өз бетинше орынлаған
жумысларын еркин баян ете алыў, өзин-өзи баҳалаў, басқалар пикирине ҳүрмет пенен
қараў, керекли пикирди өз орнында билдире алыў ҳәм берилген ҳәр бир жуўапты
дәлийллеп бериўге үйретиў есапланады [3, Исмайлов А. 45-46-б].
Бул технологияны әмелге асырыў ушын оқыўшыларға тема мазмунынан келип
шыққан ҳалда қысқаша текст формасында, яки сораўларға жуўапларды аралас формада
бериў мақсетке муўапық болады. Оқыўшылар берилген тапсырмада қәте берилген
мағлыўматты анализлеў жәрдеминде табады.
Технологияның ең әҳмийетли тәрепи, оқыўшы тәрепинен ийеленген билимниң
нәтийжеси қай дәрежеде екенлигин ҳәмде керекли пайытта билимге таянған ҳалда тез
қарар қабыл етиўге үйретиў есапланады. Анығырақ айтқанда, қәтелерди анықлаў арқалы
дурыс жуўапты (ҳақыйқатты) излеп табыўға ерисиў мүмкинлигин аңлап жетеди,
оқыўшылардың ойлаў, пикирлеў қәбилетлерин раўажландырады, мағлыўматларды
анализлеўге, оқыўшыларды ѳз пикирлерин қорғаў ҳәм басқаларға ѳткизе алыўға
үйретеди, дискуссияға шақырады, оқытыўшыға болса оқыўшылар менен жеке ҳәм
топарларда ислеў имканиятын жаратып береди.
Усыныс етилген интерактив методларды тарийх сабақларында барлық классларда
тема мазмунынан келип шыққан ҳалда, сабақтың өтилген теманы тәкирарлаў, беккемлеў
этапларында пайдаланыў мүмкин.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир оқытыўшы өзиниң педагогикалық искерлигинде
заманагөй технологияларды қолланыўды жолға қойыўы менен оның кәсиплик
шеберлиги арттырып барыўы сөзсиз. Бул өз гезегинде оқыўшыға жеткерип берилетуғын
билимниң сыпатының артыўына тийкар жаратады. Соның менен бирге оқыўшының
пәнге деген қызығыўшылығының артыўына ҳәм билимге умтылыўшылық ҳәрекетлерин
раўажландырыўға хызмет қылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |