“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında islewdegi mashqalalar hám sheshimler”


САЛАМАТ ӘӮЛАД ТӘРБИЯСЫНДА МИЙНЕТ ТӘРБИЯСЫНЫҢ



Download 3 Mb.
Pdf ko'rish
bet162/303
Sana14.06.2022
Hajmi3 Mb.
#667762
1   ...   158   159   160   161   162   163   164   165   ...   303
Bog'liq
KONFERENCIYA 18.11.2021 рюда

 
САЛАМАТ ӘӮЛАД ТӘРБИЯСЫНДА МИЙНЕТ ТӘРБИЯСЫНЫҢ 
ӘҲМИЙЕТИ 
Қурмангалиева А. - НМПИ МШТ факультети 3 «б» дефектология бағдары 
талабасы 
 
Қарақалпақ халық педагогикасы бала тәрбиясында мийнет етиў дәстүрин жоқары 
баҳалап, баланы ерте жастан мийнет етиўге тәрбиялап келди. Барлық ўақытта 
тәрбияны мийнет тәрбиясы менен биргеликте жүргизиўди нәсиятлаған. Мийнет 
тәрбиясы миллий илимий педагогикамызда да саламат әўладты ҳәр тәреплеме 
үйлесикли 
раўажландырыўдың 
тийкарғы 
факторларынан 
бири. 
[Қ.Қосназаров,А.Пазылов,А.Тилегенов:42]. Адамлар мийнетиниң гөззаллығын 
таныўымыз шәрт. Бундай әҳмийетли ўазыйпаны шешиў жаңа адамды тәрбиялаўдың 
бир бөлеги болғанлықтан адам баласы туўылғаннан баслап қолға алынады. 
Мийнет социаллық раўажланыўдың тийкарғы дереги болып, барлық материаллық ҳәм 
руўхый ыхтияжларды қандырыўдың тийкарғы шәрт-шәраяты, соның менен бирге 
инсанның турмыслық хызметиниң тийкарғы формасы. Адамның өмириниң мазмуны, 
ҳәр бир жәмийет ағзасының ўазыйпасы, шахстың раўажланыўының тийкары. Мийнет 
бул жәмийеттиң әдеп- икрамлылық принципи болып есапланып келинген. Жәнеде тек 
ғана жеке материаллық жақтан жақсы жасаўдың дереги болып қалмастан, халыққа 
хызмет етиўши, ўатанымыздың гүллеп-жаснаўыныңда тийкары болып табылады. 
Соның менен бир қатарда шахсты ҳәр тәреплеме раўажландырыўдың тийкарғы 


Qaraqalpaqstan 
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin 
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
148 
“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında 
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
қуралы. Мийнет процессинде адамгершиликтиң жоқары дәрежеде пайда болыўы ушын 
ең қолайлы шәраятлар жаратылады ҳәм ҳәр бир адамда руўхый азықланыў сезимлери 
пайда болады. Соның ушында ҳәр бир бала мектепке шекемги тәрбия жасынан баслап-
ақ мийнетке тартылыўы керек. Балалар бақшасында, шаңарақта орынлайтуғын онша 
қыйын емес, ҳәр күнги тапсырмасы болыўы керек. Ҳәм ол оның ҳәр күнги ўазыйпасына 
айланыўы шәрт. Бала мийнеттиң әҳмийети ҳәм мәнисин түсинип жетиўи ушын 
тәрбияшы апасы үлкенлердиң мийнетин, өзлери орынлай алатуғын мийнет түрлерин 
бақлаўға экскурсиялар шөлкемлестирип барыўлары лазым. Бундай ҳәрекетлер 
балаларды мийнетке үйретиўге жәрдем береди. Мийнет процессинде бала өзиниң 
жумыс ислеў, ҳәрекет етиў ыхтияжларын қандырады, ҳәрекетлериниң анық, уйғын 
болыўын тәмийнлейди. Жәнеде бала организиминиң улыўма шыдамлылығы артып 
барады. 
Мийнет балалардан дықкатлы болыў, зийреклилик, тапқырлық, билип алған 
тәжирийбе ҳәм көнликпелерин әмелиятта қоллай алыў, дөретиўшилик қәбилетлерин 
талап етеди. Жәнеде балалар мийнет ислеў менен бир қатарда айырым жумысларды 
(қағазды бүклеў, өлшеў, қыйыў) бир қанша түсиниклер ҳәм атамалардан пайдаланыўға, 
ислеген жумысларынын избе-из айтып бериўине туўра келеди. Ал, булардың ҳәммеси 
баланың тилин таза сөзлер менен байытады, оның ойлаў процесси менен байланыслы 
ҳалда грамматикалық жақтан дурыс сөйлеўине имканият жаратады. Мийнет ҳәр бир 
баланы өзиниң мийнетиниң социаллық әҳмийетин түсиниўге, оның жәмийетке, өмирге 
кирип келеўине, өзин усы жәмийеттиң ағзасы деп есаплаўға имканият жаратып береди. 
Жас әўладқа мийнет тарбиясын бериў мәселеси ҳәзирги күнде ең актуал мәселелердиң 
бири болып есапланады. Себеби, мийнет ҳәр бир инсанның камалға келиўинде ҳәм 
улыўма жәмийеттиң раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе мектепке 
шекемги жастағы балаларды физикалық, ақлый, әдеп-икрамлылық ҳәм эстетикалық 
тәрбия бериўде мийнет тәрбиясы үлкен әҳмийетке ийе. Мийнетке үйретиўде 
балалардын жас өзгешеликлери, жеке өзгешеликлерин есапқа алып шөлкемлестириў 
керек, ҳәм оған дурыс басшылық етилгенде ғана жақсы нәтийже көриўге болады. 
Балаларды жәмийетшилик ҳәм жәмәәт алдында мийнет сүйиўшилик, өз миннетин 
сезиниў руўхында тәрбиялаў ҳәзирги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен болып 
есапланады. Бала өмириндеги мийнет ҳаққындағы дәслепки көз- қарасларын дурыс 
қәлиплестириў баланың өмири ушын үлкен әҳмийетке ийе. Ана-ўатанымыздағы 
материал ҳәм руўхый байлықлардың барлығы халқымыздың маңлай тери, 
дөретиўшилик пенен ислеген ҳадал мийнети тийкарында жаратылған. Мийнеткеш 
халкымыз 
жасларды 
мийнет 
процессинде 
камалға 
келтирген. 
[Қ.Қосназаров,А.Пазылов,А.Тилегенов:41].
Жуўмақлап айтқанда мийнет тәжирийбелерине үйретиўде көрсетпе бериў усылы оғада 
әҳмийетли. Ҳәмме үйретиў усыллары ҳәм методларынан үнемли пайдаланыў 
балалардың мийнет тәрбиясында үлкен нәтийже береди. Балаларға мийнет етиў 
тәрбиясы дурыс берилиўи ушын билимлендириў мекемелери, шаңарақ өз- ара 
биргеликте жумыс алып барыўы зәрүр. Ана- 

Download 3 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   158   159   160   161   162   163   164   165   ...   303




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish