Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
03.12.2014-ж.
№ ЗРУ-378
ФИЗИКАЛЫҚ ҲƏМ ЮРИДИКАЛЫҚ 
ШАХСЛАРДЫҢ МҮРƏЖАТЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық па-
латасы тəрепинен 2014-жыл 29-октябрьде қабыл етилген. Өзбекистан 
Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тəрепинен 2014-жыл 
13-ноябрьде мақулланған. Өзбекистан Республикасы Президенти 
тəрепинен 2014-жыл 3-декабрьде имзаланған. 2014-жыл 4-декабрь-
ден баслап күшке кирген.
I бап. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
I бапта Нызамның мақсетин (1-ст.), мүрəжат етиў ҳуқықын 
(3-ст.), мүрəжат формаларын ҳəм түрлерин (4-5-ст.) белги-
леп бериўши улыўма режелер бекитилген. Усы баптағы жүдə 
əҳмийетли режелер қатарына 6-статьяда мүрəжатларға, соның 
ишинде ғалаба хабар қуралларына келип түскен мүрəжатларға 
(7-ст.) қойылатуғын талаплардың белгилениўи киреди.
8-статьяда регламентленген физикалық шахсларды ҳəм 
юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў тəртиби 
мүрəжат етиўшилерди қабыллаў процедурасын, физикалық 
шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин 
қабыллаўға жуўапкер болған арнаўлы қурам дүзилмелерин 
дүзиўди ҳəм лаўазымлы шахсларды белгилеўди нəзерде тута-
ды.
1-статья. Усы Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети мəмлекетлик органларға 
ҳəм мəмлекетлик мəкемелерге (буннан былай текстте 
мəмлекетликк органлар деп жүритиледи) физикалық 
ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары (буннан бы-


11
лай текстте мүрəжатлар деп жүритиледи) тараўындағы 
қатнасықларды тəртипке салыўдан ибарат.
1. Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мəмле-
кетлик органларға мүрəжат етиў ҳуқықының нызамшылық 
тийкарлары.
1992-жылы 8-декабрьде 
Өзбекистан 
Республикасы 
Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясында қабыл етилген 
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 35-статьясы 
ҳəр бир адамның тиккелей өзи ҳəм басқалар менен биргеликте 
ўəкилликли мəмлекетлик органларға, мəкемелерге яки халық 
ўəкиллерине арза, усыныс ҳəм шағымлар менен мүрəжат етиў 
ҳуқықын белгилеп берди.
Арзалар, усыныслар ҳəм шағымлар нызамда белгиленген 
тəртипте ҳəм мүддетлерде көрип шығылыўы шəрт.
1
«Пуқаралардың ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын 
ис-ҳəрекетлер ҳəм қарарлар үстинен судқа шағым етиў 
ҳаққында»ғы Нызамның 1-статьясына муўапық, ҳəр бир пуқара 
мəмлекетлик органлар, кəрханалар, мəкемелер, шөлкемлер, 
пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары яки лаўазымлы 
шахслардың нызамсыз ис-ҳəрекетлери (қарарлары) менен өз 
ҳуқықлары яки еркинликлери бузылған деп есапласа, шағым 
менен судқа мүрəжат етиў ҳуқықына ийе.
2
2014-жыл 4-декабрьде қабыл етилген «Физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққында»ғы Ны-
зам физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мəмлекетлик 
органларға ҳəм пуқаралардың өзин өзи басқарыў органла-
рына мүрəжат етиў ҳуқықын əдеўир дəрежеде кеңейтеди 
ҳəм беккемлейди. Жаңа Нызамның бурын ҳəрекетте болған 
1
Өзбекистан Республикасының Конституциясы.– Т.: Өзбекистан, 2014. – 14-б.
2
1995-ж. 30-августта қабыл етилген «Пуқаралардың ҳуқықларын ҳəм еркинликле-
рин бузатуғын ис-ҳəрекетлер ҳəм қарарлар үстинен судқа шағым етиў ҳаққында»ғы 
Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1995, № 9, 
183-ст.


12
нызам ҳүжжетлеринен өзгешелиги соннан ибарат, онда 
юридикалық шахсларға да мүрəжат етиў ҳуқықы берилген. Бул 
мəмлекетшиликтиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў тараўында 
физикалық ҳəм юридикалық шахслардың конституциялық 
ҳуқықларын ҳəм нызамлы мəплерин қорғаўдың судтан тысқары 
формаларын жетилистириўге бағдарланған нəўбеттеги қəдем 
болып есапланады. Жаңа Нызам физикалық ҳəм юридикалық 
шахсларды жəмийет ҳəм мəмлекет ислерин басқарыўда бел-
сенди қатнасыўын тəминлеўди ғана емес, ал демократиялық 
процесслерди буннан былай да раўажландырыўды, пуқаралық 
жəмийети институтларын қəлиплестириўди де нəзерде тутады.
Мүрəжат етиў ҳуқықы физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың ҳуқық ҳəм еркинликлерин əмелге асырыў ҳəм 
қорғаў қуралы ғана емес, ал мəмлекетлик органлардың, 
пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларының искерлиги 
үстинен жəмийетлик қадағалаў жүргизиўдиң жанапай формасы 
да, сондай-ақ, усы органлар искерлигин оптималластырыўдың 
жүдə нəтийжели усылы да болып есапланады.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish