Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары, Нөкис, Қарақалпақстан, 1987.
2. Жәримбетов.Қ XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық
қәсийетлери ӽәм раўажланыў тарийхы. Билим, 2004.
БЕРДАҚ ҲӘМ ӘБДИҚӘДИР ШАЙЫР ДӨРЕТИЎШИЛИГИНДЕ
ЭСТЕТИКАЛЫҚ ҚӘДИРИЯТЛАРДЫҢ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ
М.Оразымбетова ҚМУ оқытыўшысы
XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы қарақалпақ әдебияты
қарақалпақ классикалық әдебиятының дәстүрий даўамы болып
есапланады. Усы дәўир шайырларының жасаған дәўири, тарийхый шараят,
мәдений, әдебий орталығы бир. Халық шайырлары Күнхожа, Әжинияз,
Бердақ шайырларды өзлерине устаз деп билген, олардың көркем
дөретиўшилик усылларын үйренген. Әсиресе, Аяпберген, Әбдиқәдир,
36
Омар, Қулмурат шайыр поэзиясында классик шайырлардың көркем
дәстүрлери раўажланған.
Бердақтың дөретиўшилигинде қарақалпақ халқының эстетикалық
қәдириятлары көркем сәўлелениўин тапқан. Шайыр өз дәўириндеги
жәмийетлик, тарийхый-социаллық турмысқа өз көзқарасын билдиреди.
Әсиресе, шайырдың дидактикалық мазмундағы қосықларында улыўма
инсаният ушын қәдирли болған теңлик, еркинлик, жақсылық,
ҳақыйқатлық, әдалатлық, мәденият сыяқлы басқа да түсиниклер
жырланады. XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлерин
изертлеген илимпаз Қ.Жәримбетов бул дәўирдеги шайырлардың
дидактикалық мазмундағы қосықларнының жанрлық ҳәм көркемлик
өзгешеликлерин изертлей отырып оның көркем дәреклери ҳәм сағаларына
айрықша тоқтап өтеди. «Күнхожаның, Әжинияздың, Бердақтың, Өтештиң
дидактикалық ой-пикирлери мәзи шайырлық йоштан туўылған
субъективлик қыяллардан емес, олардың турмыслық, көркемлик,
идеологиялық сағалары ҳәм тиреклери бар. Қарақалпақ шайырлары
дидактикалық ой-пикирлерди ең биринши гезекте өзлери жасап турған
орталықтан, жәмийетлик дүзимнен, конкрет турмыстың талапларынан,
өзгешеликлеринен келип шығып алға сүреди » [1:66].
Шынында да, қарақалпақ классик шайырларының дидактикалық
мазмундағы қосықларында жәмийеттеги әдалатсызлыклар, социаллық
қатламлар ортасындағы теңсизликлер этикалық көзқарастан жырланады.
Яғный шайырлар өзлериниң дидактикалық ой-пикирлери арқалы
жәмийетлик қатнасықларды тәртипке шақырыў, ел басшыларының халық
алдындағы ўазыйпаларын ескертип өтеди. Бердақтың «Ким айтар»
қосығындағы дидактикалық ой-пикирлер тарийхый шараяттан келип
шығады, яғный шайыр халықлық мәпти баслы орынға шығарады.
Халыққа нәзер салмаса,
Бостанлық, жайлық қылмаса,
Әдиллик пенен турмаса,
Оны басшы деп ким айтар?
Айтқан арызлар питпесе,
Дады патшаға жетпесе,
Дуўры төрелик етпесе,
Оны төре деп ким айтар? [2:96 ]
Шайырдың
көзқарасы,
пикирлери
улыўма
инсаныйлық
қәдириятларды улығлаўға қаратылған. Жәмийетте әдалатлық орнататуғын,
тийкарынан елдиң басшылары, булар халықтың ишинде болып, олардың
дәртин тыңласа, мәпин гөзлесе, бундай жәмийетте тынышлық,
ҳақыйқатлық, теңлик ҳүким сүреди, халқы абадан, бахытлы турмыста
жасайды. Усындай пикирлер XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы
қарақалпақ әдебиятында да жырланды. Әсиресе, өз дәўириниң озық ойлы,
37
ағартыўшы шайыры Әбдиқәдир Бекимбет улының қосықларында
жәмийеттеги теңсизликлер, әдалатсызлықлар айқын сәўлеленген. Шайыр
жәмийеттиң раўажланыўында, халықтың пәраўан турмыста жасаўында
тийкарынан ел басшыларының ислейтуғын ислерине, олардың
ўазыйпаларына айрықша итибар қаратады. Ол өзиниң қосықларында
әдалатсыз, халқына қайырсыз, диянатсыз патшаларды, байларды, бийлерди
қатты сынға алады, олардың халық алдындағы ўазыйпаларын белгилеп
береди.
Журтына ким етсе зулым жәбирин,
Азап берип орынлатса ҳәмирин,
Ылайласа елдиң тынық өмирин,
Буныңдай басшының қуны не болар.
Патша тахт үстинде әдил болмаса,
Дат деп келгенлердиң кеўли толмаса,
Ғәрипти зарлатып, байды алдаса,
Бәдбақ бундай басшы ол неге дәркар. [3:109]
Әбдиқәдир Бекимбет улы өз дәўириниң белгили оқыў орынларының
бири Айымбет ийшан медресесинде тәлим алған. Ол, қарақалпақ аўызеки
әдебияты үлгилерин терең өзлестириў менен бирге Шығыс көркем сөз
өнерин, қарақалпақ классик шайырлары Күнхожа, Әжинияз, Бердақ
дөретиўшилиги менен жақыннан таныс болған. Шайырдың «Ол неге
дәркар», «Болар», «Жақсыды», «Керек», «Мегзер» қосықларының көркем
дәреклери классик шайырлардың дөретиўшилиги болғаны айқын сезилип
турады. Мәселен, шайырдың «Болар» қосығы идеялық-тематикалық ҳәм
көркемлиги жағынан Бердақтың «Жақсырақ» қосығы менен үнлес келеди.
Дүньяға шыққан соң бахтың ашылса,
Душпанларың аяғыңа бас урса,
Жаў бағынып еки қолын қаўсырса,
Көзди алартқаннан иззет жақсырақ [1:15].
Дүньяға шыққан соң ашылса бахтың,
Душпаныңнан ҳеш ўақ сынбаса сақтың,
Ели-журтың менен хош болса ўақтың,
Ғош жигиттиң бир әрманы сол болар [3:108].
Әбдиқәдирдиң дидактикалық ойлары, теңлик, бахытлы турмыс,
жақсылық ҳаққындағы пикирлери, қосықларының мазмуны Бердақтың
көркемлик дүньясына жақын екенлиги, оның жолын даўам еттиргени
менен баҳалы.
Әбдиқәдир
шайыр
өзиниң
дидактикалық
қосықларында
адамгершилик, инсап, диянат, елге хызмет етиў усаған идеяларды алға
сүреди. Бундай пикирлер Бердақтың «Жақсырақ» қосығында толық
жәмленген. Мысалы:
38
Ҳеш ўақыт досларың болмасын ҳайран,
Қолдан келсе салың душпанға ўайран,
Ел-халық бир болып, әйлеңиз сайран,
Туўылған жер ушын ҳүрмет жақсырақ [2:14].
Шайыр аўызбиршилик, татыўлық, дослық сыяқлы инсаный
қәдириятларды улығлайды, олардың халық мәпи, туўылған жер ушын
хызмет етиўин нәсиятлайды. Әбдиқәдир шайырдың қосықларында да
халықтың бахты-ығбалы ушын бирлесип гүресиў зәрүрлиги уқтырылады.
Жаслықты өткермей гүлдей жайнатып,
Шықсақ арғымаққа суўлық шайнатып,
Халықты езгенлердиң сорын қайнатып,
Дәккисин бермесек ол неге дәркар? [3:107]
Дидактикалық шығармаларда адамгершилик, әдеп-икрамлылық
өлшемлери көбирек сөз етиледи. Жақсы адамның ис-ҳәрекетлери, минез-
қулқы, өзин услап тутыўы, жүрис-турысы, сөйлеген сөзи ҳәммеге мақул
болады да, ал жаман адамның ис-ҳәрекетлери унамсыз болады,
адамгершилик өлшемлерине туўра келмейди. Бердақтың «Халық ушын»,
«Жақсырақ», «Қашан рәҳәтланадурсаң», «Ким айтар», «Надан болма»,
«Балам» қосықларында жақсы менен жаман түсиниклери, олардың
айырмашылықлары
көркем
сәўлелениўин
тапқан.
Әбдиқәдирдиң
поэзиясында да жақсы ҳәм жаманды салыстырып сүўретлеў, жақсының
абзаллығы, оның ҳәрекетлериниң халық мәпи ушын бағдарланғанын
жырлаў бар. Мысалы, Бердақ шайыр:
Жаман жолдас пайдасына илдирер,
Жақсы жолдас адамгершилик билдирер.
Ал, Әбдиқәдир шайыр:
Жақсыға жумысың түссе питирер,
Жаманға жумысың түссе житирер.
Сондай-ақ, Бердақ пенен Әбдиқәдирдиң ағартыўшылық ой-пикирлери
үнлес келеди. Бердақ өзиниң қосықларында билимлиликти жоқары
баҳалайды.
Инсанды
жетикликке
бағдарлайтуғын,
кәмилликке
еристиретуғын билим деп есаплайды, жасларды билим ийелеўге
нәсиятлайды. Халықтың бахытлы, абаданлықта жасаўының тийкары
билимде, жәмийеттиң раўажланыўы илимли болыўында деп биледи.
Ақылы кәмил, илими зор,
Билимли ел болмайды хор.
Әбдиқәдир ағартыўшы шайыр сыпатында өзиниң шығармаларында
билим ийелеў, өнерли болыўды сөз етеди. Бундай пикирлер шайырдың
«Болар» қосығында өзиниң көркем сәўлелениўин тапқан ҳәм олар
Бердақтың пикирлери менен сәйкес келеди.
Алымлық қашады китап ашпаса,
Шыққан күн батады, шуғла шашпаса,
Көкке ушар қыйынлықтан қашпаса,
39
Билимлилер қатарынан зор болар.
Билгир, әдил жигит болсаң жол басла,
Билимлиниң етер иси сол болар.
Солай етип, Бердақ ҳәм Әбдиқәдир шайырдың теңлик, еркинлик,
жақсылық, ҳақыйқатлық, әдалатлық, марифат, мәденият ҳаққындағы
көзқараслары бир-бирине жүдә үнлес келеди. Себеби, Әбдиқәдир шайыр
Бердақты өзиниң устазы сыпатында оннан үлги алған, нәтийжеде уллы
көркем сөз шебериниң көркемлик дәстүрлерин ылайықлы даўам еткен.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Жәримбетов. Қ. XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық
қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы. Нөкис, Билим, 2004.
2. Бердақ. Сайланды шығармалары, Нөкис, Қарақалпақстан, 1997.
3. Каримов А., Қожықбаев Ә., Халық шайырлары, Нөкис,
Қарақалпақстан, 1982.
Do'stlaringiz bilan baham: |