Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги



Download 219 Kb.
bet12/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

Ә д е б и я т л а р
1. Абдусаттаров Р. Халқ севган радио. Т., 1993
2. В диапозоне современности. Составители В.Зверев, В. Ружников. М., 1985
3. Исмайлова К. Ф. Специфика радиовещания на зарубеж. Т., 1999
4. Исмайлова К. Ф. Радиожурналистика асослари. Тошкент, 2000.
5. Мадреймов Т, Мадреймов К. Ҳәр бир заттың өз тарийхы бар. Нөкис, 1994.
6. Основы радиожурналистики. Под ред. Э.Г. Багирова, В.Н. Ружникова. М., 1984
7. Смирнов В.В. Практическая журналистика. Ростов-на-Дону, 1997
8. Смирнов В.В. Радиоочерк. Ростов-на-Дону. 1984
9. Пока не включен микрофон. М., 1991.
10. Рэндалл Д. Универсальный журналист. Алматы, 1996.
11. Шкопоров Н.П. Как психологически правильно брать интервью. М., 1996
12. Щербатюк В. Радиорепортаж. М., 1970
13. Ярошенко В. Информационные жанры радиожурналистики. М., 1976.
14. «Ўзбекистон матбуоти» журналында кейинги жыллары басылған радиожурналистикаға тән мақалалар.


Тема: Кирисиў


Жобасы:

1. Телевидениеге шекемги көринислер


2. Телевидениениң ғалаба хабар қураллары системасындағы тутқан орны
3. Телевидениениң имканиятлары

Адамлар әййемги заманлардан бери бийик таўлар, тынық ҳәм тасқын дәрьялар, жап-жасыл тоғайлар, шексиз шөлистанлықлар артындағы мәмлекетлер, көк теңизлер түбин, аспандағы жулдызларды жақыннан көриўди арзыў әрман етип келген. Өзиниң бундай әрман ҳәм мақсетлерин түрли ертек ҳәм әпсаналарда баян еткен. Ҳәзирги заман телевизорларына уқсас әжайып сыйқырлы айна ҳаққындағы әпсаналарды түрли миллетке тийисли аўызеки әдебиятында, ағартыўшылар, илимпазлар ҳәмде жазыўшылардың илимий мийнетлеринде басынан кеширген ўақыяларға бай шығармаларында ушыратамыз.


Әййемги дүнья тарийхынан белгили, бизиң эрамыздан алдыңғы 185-жылы Сострат атлы алым ҳәм архитектор Нил дәрьясының төменги ағымындағы Форос атаўында бәлентлиги 120 метрге тең столба қурып, оның төбесине әжайып айна орнатқан. Нәтийжеде, оның жәрдеминде әпиўайы көз бенен көриў қыйын болған жүдә алыстағы кемелерди анық көриў имканияты туўылған. Бул айналар системасын тарийхтағы антик телевидение деп атасақта болады.
Әййемги дәўирде адамлардың әрманлары, дүньяның ҳәмме мүйешин көрсетип турыўшы айна «Бағдат урысы», «Синдбадтың жетинши саяхаты» сыяқлы көркем фильмлер қаҳарманларының қолларында болғаны сүўретленди.
Кең халық жәмийетшилиги ҳәм жазыўшылар әпсаналар жаратар екен, ондағы идеялар заманлар өтиўи менен ҳақыйқатқа айланыўына қатты исенген еди. Шынында да олардың арзыў үмитлери зая кетпеди халық ақыл зәкаўаты,данышпанлығы сиңдирилген бул әпсаналар бизиң дәўиримизге келип толық әмелге асырылды.
Телевидениениң байланыс қуралы сыпатындағы дәслепки дәўири өткен әсирдиң ортасы ҳәм ХХ әсирдиң басларына барып тақалады 1880-1900 жыллар даўамында түрли мәмлекетлерде көринисти узатыў бойынша жүзден аслам жойбарлар ислеп шығылғанлығы мәлим. Талантлы иззертлеўши алым Б. Л. Розинг ҳәзирги заман электро телевидениесине теориалық жақтан тийкар салған еди. Алым телевидениениң келешегин алдыннан көрип әсиримиз басында былай деп жазған:
«Гумансыз сондай дәўир келеди, сол ўақытта электр телескопия кең тарқалып, ҳәзирги телефон сыяқлы турмыслық дәўирликке айланады. Миллионлаған сондай әсбап «электр көзлер» жәмийетлик ҳәм жеке өмирде, пәмде, техникада, санаатта, медицинада, аўыл хожалығында хызмет көрсете баслайды». Ҳәзирги жәмийетлик турмысымызда, оның раўажланыўына және адамзат сана-сезиминиң, ой-өрисиниң өсиўинде ғалаба хабар қуралларының соның ишинде, телевидениениң хызмети оғада жоқары. Телевидение-ғалаба хабар қураллары арасында өзиниң оперативлиги, тәсиршеңлиги ҳәм бир ўақытта көпшиликти қамтыўы менен айрықша әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, ол күнделикли руўхый өмиримиздиң ажыралмас бөлеги.
Ғалаба хабар қураллары арасында телевидение ең жас тараў. Пайда болғанына енди ярым әсир ўақыт болғанынан қарамастан, ол өз аудиториясының кеңлиги менен де, оперативлиги менен де үлкен мүмкиншиликлерге ийе. Ол тек елдиң шегарасы менен шекленбестен космос кемеси арқалы жер шарының қәлеген регионына қәлеген ўақытта көрсетиў бере алады.
Елимизде қуўатлы ТВ ҳәм радио еситтириў системасы дүзилген. Ол жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын қамтыўы менен бирге машқалаларды шешиўде, кемшиликлерди сапластырыўда, демократияны раўажландырыўда, мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўде халық жәрдемшиси болып табылады.
Бул исте ҳәзир экономикалық сиясатты түсиндириў, экономикалық реформаны ен жайдырыў ислерин үгит-нәсиятлаўда Қарақалпақстан телекомпаниясының журналистлери де аянбай нәтийжели мийнет етпекте.
1964-жылдың екинши ярымынан баслап Қарақалпақстан телевидениеси раўажланды. Оның материаллық техникалық базасы беккемленди. Бүгинги күнде телевидение халық қызығыўшылығының артыўына ғалаба хабар қураллары ретинде ролиниң күшейиўине байланыслы оның раўажланыў тарийхын изертлеў, ғалаба хабар қураллары арасында телевидениениң орнын, жанрлық өзгешелигин белгилеў тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта.
Орайлық Азия телевидениесиниң пайда болыўы ҳәм раўажланыў тарийхы, миллий өзгешелиги туўралы А. Каримовтың, А. Ф. Есинниң, К. А. Аманбаевтың, Н. А. Барманқуловтың, К. Азимовтың, Р. Рахмановтың, А. Р. Аўытовтың, С. Муратовтың, С. Ахаровтың илимий мийнетлери оқыў нәзерде тутылады. Қарақалпақстанда телевидениениң раўажланыўы туўралы бундай коллективли изертленген материаллар оғада аз. Тележурналистиканың пайда болыў дәреклери XVI әсирден басланған ҳәм оның дәслепки белгилери сол дәўирдеги саўда-сатық жумысларында, сатылған затлар ушын листовкалардан басланады. Китап баспасы технология сыпатында буннан мыңлаған жыллар алдын пайда болған. Ал, қағаз буннан ертеректе б.э.ш. 88 әсирде пайда болған. Бул жаңа ашылыўлар сол ўақыттағы жәмийеттиң раўажланыўына адамзаттың өз-ара қарым-қатнас жасаўларында әҳмийетли орын тута алмады. 1440-жылға келип Майнский, Патриций, Югонлар китап баспасының европаша усылларын баслады. «Каталикон» сөзлиги аз муғдарда тарқатылады. Бул китап ьаспасы да дәўир ушын жәмийеттиң талабын қанаатландырмады. Арадан тағы еки жүз жыл өткеннен соң сол дәўирдиң белгили искери француз Пиофраст Ринодо жәмийетшиликтиң ҳәр нәрседен хабардар болыўын айтты ҳәм qyeq жылы белгили «Ла газет» баспасы пайда болды. Газета белгили ўақытқа шекем абройлы болып күн ара шығып турды. Журналистиканың раўажланыў дәўири XIX әсирдиң басына туўра келеди. Бул пайытқа келип реаль турмысты айқын сәўлеленидириў басланды. Фотографияның дәслепки нәтийжелери көринеди, 60-70 жыллардан баслап фотожурналистика сырларының хызметин үйрениў қолланылды. Деген менен бул ўақытлары сес жазып алыў оны қайта еситтириў идеаллары шыға баслаған еди. Бул 1877-жылға келип әмелге асты. Америкалы ойлап табыўшы Томас Эльба Эдейсин тәрепинен усы жылы биринши рет сес жазып алыў ҳәм қайта еситтириў пайда болды. Қатып қалған фотографияның, сес жазып қайта еситтириў аппаратының пайда болыўы оны тағы да раўажландырыў илеалларын алға қояды. Нәтийжеде фотографияның пайда болыўының техникалық усылларын жетилистириў тийкарында киномотография пайда болды. Эдисон киномотографиясының техника ҳәм технологиясын терең изертлей отырып, қатып қалған сүўретлерде лента бойлап ҳәрекет етиў мүмкиншилигин пайда етти ҳәм оны «Кинотосков» деп атады. Кинотосков ҳәрекет етиўши объекти көрсетиўши аппарат болып, ол жеке адамның пайдаланыўына арналған. Киномотография техникасының олап табылыўы, технологиясының ашылыўы ҳәм иске асырылыўы сол дәўир ушын социаллық ямаса социаллық психология қубылысы ретинде қабыл етилмеген. Себеби, оның жәмийеттеги атқаратуғын хызмети кең көлемде емес еди. Ағайинли Агюсте Юн Юмерлер киномотографияны раўажландырып жаңа түрин тапты ҳәм көпшилик пенен көретуғын кино сеанс пайда болды.
Сөйтип, телевидениениң пайда болыў тарийхы радио еситтириў қурылысының сондай-ақ фотография, киномотография менен тығыз байланыслы. Усы тийкарда телевидение инженерлик ушқыр қыял, коллективлик ой-пикир ойлап табыўшылық ҳәрекеттиң раўажланыўы нәтийжесинде жүзеге келеди десек болады. Усы тийкарда телевизиялық көрсетиў qoeq жылы q-октябрьден басланды деп қабыл етилген. Бул тараўды раўажландырыўда Н. А. Вонч Руеевичтиң мийнети белгили. Ол сым өткизгишсиз ямаса байланыссыз ҳәрекет етиўши предметти ямаса сөйлеўшиниң бет-келбетин көре алыў мүмкиншилигин беретуғын радио телескоп приборын ойлап тапты ҳәм Москва радио узели сапалы телекөрсетиў таярлаўға кириседи. Әлбетте, дәслепки көрсетиўлер ҳәр қыйлы кемшиликлер менен берилди. Телевизиялық қабыл етиўши үскене киши экранлы болды. Технологиялық кемшиликлер болып турды. Деген менен, бул хабар халық аралық үлкен жетискенлик сыпатында қабыл етилди. qoet жылы «Кеше экран арқалы» «Гроза» пьесасының 25 минутлық үзинди оғада жақсы көрсетилди» деп жазды.
1936-жылы эфир арқалы 200 сааттан аслам көлемде 300 программа берилди. Телетамашагөйлер Москва театрындағы барлық спектакльлерди көре алды. Телевидение арқалы көплеген ҳүкимет басшылары шығып сөйледи.

Пайдаланылған әдебиятлар:


1. «Ўзбекистонниң ижтимоий тараққиетида телевидение ва радионинг ролини ошириш чора-тадбирлари тўғрисида». Ўзбекистон Республикасининг Президентининг фармони.


2. Мадреимов Т-»Телевидение-жәриялылық қуралы». Нөкис, 1989.
3. Акбаров Х-»Кино ва телевидение оламида». Тошкент, 1992.



Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish