Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарақалпақ МӘмлекетлик университети


– 22 – VI. БОЯН ӨСИМЛИГИНИҢ ӨНИМЛЕРИН



Download 3,31 Mb.
Pdf ko'rish
bet15/18
Sana31.03.2022
Hajmi3,31 Mb.
#522187
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
БОЯН ӨСИМЛИГИН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ ҲӘМ ЖЕТИСТИРИЎ АГРОТЕХНОЛОГИЯСЫ

– 22 –
VI. БОЯН ӨСИМЛИГИНИҢ ӨНИМЛЕРИН 
ЖЫЙНАП АЛЫЎ ТЕХНОЛОГИЯСЫ
6.1 Тамыр шийки затын жыйнап алыў усыллары
Боян өсимлигиниң тамыр шийки заты бәҳәр ҳәм гүз айларында 
жыйнап алынады. Киши көлемли қыйтақларда кетпен ҳәм беллер 
жәрдеминде қолда жыйналады. Санаатлық мақсетте жыйналғанда С-100, 
Т-120 тракторларына тиркелген АКЛ-70 плуглары жәрдеминде жыйнап 
алынады (4, 5-сүўретлер). Канал, жап, салма бойларындағы тәбийий боян 
тамыры Doosan W-60, Doosan W-140 экскаваторлары жәрдеминде қазып 
алынады [8,21]. Қолда терилип ҳәм сараланып, соң қырманға жайып 
қойылады. (8, 9-сүўретлер). 
8­сүўрет Өсимлик тамырын жыйнаўда жерди сүриў
9­сүўрет Өсимлик тамырын жыйнап алыўда қолланылатуғын үскенелер.


– 23 –
Өсимликтиң тамырын жап-каналлар жағаларынан жыйнап алыўда 
бийтәртипликлер ушырасып турады (10-сүўрет). Тамыр жыйнап 
алынғаннан кейин жап-канал ернеклерин (шеллерин) қайта қәлпине 
келтириў жумыслары алып барылмайтуғын жағдайларды да ушыратыўға 
болады.
10­сүўрет. Өсимликтиң тамырын жыйнап алыўдағы бийтәртипликлер
11­сүўрет. Боян тамырды 
қолда жыйнаў
12­сүўрет Жыйналған тамырларды 
жыйнаў, кептириў


– 24 –
Өсимликтиң тамырын қазып жыйнаўда өсимликлердиң жайласқан 
орнына ҳәмде топырақтың механикалық қурамына қарап сүрим 
тереңлиги ретлестирип барылады. «Қарақалпақбоян» ААЖниң 
5-участкасында сүрим терең лигиниң тамыр өним дарлығына тәсири 
үйренилди. Бунда боян зарлықтан тамыр жыйнап алыў ушын 30, 40, 50, 
60, 70 см тереңликдеги топырақ қатламы сүрилди ҳәм тамырлар жыйнап 
алынды. Топырақ қатламын 60-70 см тереңликте сүрилген майданлардан 
3,3-3,5 т/га қурғақ тамырлар жыйнап алынды, ал топырақ қатламының 
30-40 см тереңликте сүрилгенде 2,2-2,3 т/га тамырлар жыйнап алынды 
(13-сүўрет).
13­сүўрет Боян тамырын жыйнап алыўда сүрим тереңлигин анықлаў
Демек боян тамырларын жыйнап алыўда топырақ қатламын 60-70 см 
тереңликте сүриў жақсы нәтийжелер беретуғынлығы анықланды.



Download 3,31 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish