Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


ды. 1. Мүрəжатларды көрип шығыў механизми



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet51/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

ды.
1. Мүрəжатларды көрип шығыў механизми.
Нызамда мəмлекетлик органлар менен олардың лаўазымлы 
шахсларының мүрəжатларды көрип шығыўға байланыслы 
əдеўир кең көлемдеги миннетлери нəзерде тутылған.
Мүрəжат етиўшиге итибарлы, жуўапкерли, əлпайым 
қатнаста болыўды тəминлеў, сондай-ақ, қағазпазлыққа, 
рəсмиятшылыққа, шубалаңқылыққа, қалыс болмаған, бийəдеп 


99
минез-қулққа жол қоймаў, мүрəжат етиўшилерге қопаллық ҳəм 
ҳүрметсизлик көрсетпеў биринши орынға қойылған.
Бул қағыйда мүрəжат етиўши менен өз-ара ҳүрмет мүнəси-
бетлериниң тийкарын салыўды, ҳəтте өз машқалалары менен 
мүрəжат еткен қатардағы, əпиўайы адам да мəмлекет атынан ис 
жүргизетуғын органлар ҳəм шөлкемлер ушын əҳмийетли екен-
лигин көрсетиўди нəзерде тутады.
Тилекке қарсы, ҳəзирги ўақытта лаўазымлы шахслар ҳəм 
т.б. тəрепинен мүрəжат етиўшилерге итибарсызлық, оларды 
менсинбеўшилик жағдайларын жийи-жийи ушыратыў мүмкин. 
Көплеген ҳəмелдарлар ҳəр бир жаңадан келген мүрəжат 
етиўшини тек қосымша жумыс ҳəм ол ис ҳақының муғдарына 
ҳəм ҳəмел дəрежесиниң көтерилиўине ҳеш қандай тəсир ет-
пейди деп есаплайды, сонлықтан да бундай ҳəмелдарлардың 
əдеттеги нийети – конкрет мүрəжат етиўшиниң машқалаларын 
шешиўден бас тартыў болып есапланады.
Мүрəжатларды толық, қалыс, ҳəр тəреплеме ҳəм өз 
ўақтында көрип шығыў илажларын көриў миннети де жүдə 
əҳмийетли. Мүрəжатларды көрип шығыўшы шөлкемлер менен 
лаўазымлы шахслар пассив төреши позициясында турып алып, 
машқалаларды дəлиллеп бериў миннетин мүрəжат етиўшиниң 
мойнына жүклемеместен, объектив ҳалатларды анықлаў ҳəм 
ҳəр тəреплеме ойлап-пишилген, қанаатландырарлық шешим 
қабыллаў ушын барынша тəсиршең илажлар көриўи керек.
2. Мəмлекетлик органлар ўəкилликлерин белгилеў 
қағыйдалары.
Түсиник берилип атырған статьяның биринши бөлиминде 
мүрəжатлар оларда қойылған мəселелерди шешиў өз 
ўəкилликлери шеңберине киретуғын мəмлекетлик органларға 
берилетуғыны нəзерде тутылған.
Нызамның бул талабын əмелий жүзеге шығарыў ушын 
мүрəжат етиўши өзи қойған мəселелерди қандай орган 


100
яки лаўазымлы шахс шешиў ўəкиллигине ийе екенлигини 
ҳаққында анық түсиникке ийе болыўы керек. Əдетте, өз шта-
тында юристлер болған юридикалық шахслар ушын бул оншел-
ли үлкен машқала емес, ал пуқаралар ушын əдеўир дəрежеде 
қыйыншылықлар туўдырыўы мүмкин. Көпшилик жағдайларда 
мүрəжат етиўши ол яки бул мəселе бойынша қай жерге мүрəжат 
етиўди, бул мəселе қандай орган арқалы шешилиўи мүмкин 
екенлигин билмейди де.
Соның менен бирге, мəселени шешиўге ўəкиллиги болмаған 
органларға мүрəжат етиўди келтирип шығарыўшы объектив се-
беплер менен бир қатарда, жүзеге келген бул жағдай белгили 
дəрежеде халық менталитетиниң өзгешеликлерине де байла-
ныслы. Халықтың көпшилик бөлеги, жоқары турыўшы орган-
лар машқала мазмунын жақсы түсинеди ҳəм əлбетте зəрүр ше-
шим қабыл етеди, деген нийетте имканы болғанынша жоқары 
турыўшы органларға мүрəжат етиўге умтылады. Жоқары 
турыўшы органларға мүрəжатлардың, соның ишинде оншелли 
əҳмийетли болмаған мəселелер бойынша да, оғада көп санда 
берилиўи де усыған байланыслы.
Соған қарамастан, мүрəжатларды ўəкилликли органларға 
бериў зəрүрлигин нəзерде тута отырып, Нызам бул талаптың 
орынланбағаны ушын ҳеш қандай жуўапкершилик белгилеме-
ген.
Түсиник берилип атырған статьяның екинши бөлиминде 
шөлкемге оның ўəкиллигине кирмейтуғын мүрəжатлар келип 
түскенде ислениўи мүмкин болған ҳəрекетлер ашып берил-
ген. Ҳəр бир жағдайда конкрет вариантты шөлкем басшысы 
таңлайды.
Шөлкемге оның ўəкиллигине кирмейтуғын жазба мүрəжат 
келип түскен жағдайда шөлкемниң төмендеги альтернатив им-
каниятлары бар:
– бес күнлик мүддет ишинде мүрəжатты көрип шығыў ушын 
басқа шөлкемлерге олардың ўəкилликлерине муўапық жибериў 


101
ҳəм усы мүддетте бул туўралы мүрəжат етиўшилерге хабар 
бериў. Мүрəжатлар жиберилиўи зəрүр болған органлардың 
ўəкилликлерин билип алыў ушын халық турмысының айы-
рым тараўларында мүрəжатлардың мазмунын көрип шығыўға 
жуўапкер мəмлекетлик органлар, басқа шөлкемлер дизиминде-
ги көрсетпелерди басшылыққа алыў керек.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish