Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

Ал 
юридикалық 
шахстың 
мүрəжатында 
болса 
төмендегилер шəртли түрде көрсетилиўи тийис:
бириншиден, юридикалық шахстың толық аты;
екиншиден, оның жайласқан орны (почта мəнзили) туўралы 
мағлыўматлар;
үшиншиден, мүрəжаттың мазмуны баян етилген болыўы.
ПКниң 39-статьясына муўапық,
1
өз меншигинде, хожалық 
жүргизиўинде яки оператив басқарыўында өз алдына мал-
мүлкке ийе болған ҳəм өз миннетлемелери бойынша усы мал-
мүлк пенен жуўап беретуғын, өз атынан мүлклик яки жеке 
мүлклик емес ҳуқықларға ийе бола алатуғын, миннетлемелерди 
орынлай алатуғын, судта даўагер ҳəм жуўапкер бола алатуғын 
шөлкем юридикалық шахс болып есапланады. Юридикалық 
шахслар өз алдына балансына яки сметасына ийе болыўы ке-
рек.
Юридикалық шахс өзиниң шөлкемлестириў-ҳуқықый фор-
масын билдиретуғын атамасына ийе болады. Коммерциялық 
емес шөлкемлердиң, унитар кəрханалардың атамалары, нызам-
да нəзерде тутылған жағдайларда болса – басқа коммерциялық 
шөлкемлердиң атамалары да юридикалық шахс искерлигиниң 
характерин көрсетиўи керек.
Юридикалық шахстың жайласқан жери, егер нызамға 
муўапық юридикалық шахстың шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде 
басқаша тəртип белгиленген болмаса, ол мəмлекетлик дизимнен 
өткерилген жер менен белгиленеди.
Юридикалық шахс өзи менен байланыс əмелге асырылатуғын 
почта мəнзилине ийе болыўы лазым ҳəм өзиниң почта мəнзили 
өзгергенлиги туўралы ўəкилликли мəмлекетлик органларын 
хабардар етиўи шəрт (ПКниң 46-статьясы).
2
Физикалық шахстың жасаў орны яки юридикалық шахстың 
жайласқан жери (почта мəнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар 
1
Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. –Т.: Адолат, 2012. – 23-б.
2
Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. –Т.: Адолат, 2012. – 27-б.


41
кейнинен тийисли физикалық яки юридикалық шахсқа жуўап 
жибериў ямаса мүрəжаттың басқа мəнзилге жиберилгенин 
хабарлаў ушын зəрүр. Буннан тысқары, мүрəжатта олар менен 
байланысыў ушын телефонлар да көрсетилиўи көрсетилиўи 
мүмкин.
Мүрəжаттың тийкарғы бөлиминде физикалық яки 
юридикалық шахс билдирип атырған машқаланың мазму-
ны, илтимас ҳəм усыныслар ушын тийкар болатуғын ўəжлер, 
сондай-ақ, илтимаслар менен усыныслардың өзи баян етиледи.
Мүрəжатта баян етилген жағдайлар ҳəм талапларды 
тастыйықлаўшы ҳəр қандай ҳүжжетлер ҳəм материаллар яки 
ҳүжжетлердиң түп нусқалары қоса тигилип, олар қосымшалар 
дизиминде көрсетилиўи керек.
Түсиник берилип атырған Нызамның 16-статьясы үшинши 
бөлиминде көрсетилгениндей, мүрəжатқа ол бойынша бурын 
қабыл етилген бар қарарлар яки олардың көширме нусқалары, 
сондай-ақ, оны көрип шығыў ушын зəрүр болған басқа 
ҳүжжетлер қоса тигилиўи мүмкин, мүрəжат етиўши олар-
ды қайтарыў туўралы жазба арза берген жағдайлардан басқа 
ҳалатларда бул ҳүжжетлер қайтарылмайды. Мүрəжат тийис-
лилиги бойынша басқа мəмлекетлик органға жиберилгенде, 
көрсетип өтилген ҳүжжетлер оған қоса тигилиўи керек.
Жазба мүрəжатларды еки нусқада таярлаў абзалырақ 
болады – екинши нусқаға мүрəжатты қаабыл етип алған 
шахстың (əдетте, мəмлекетлик орган секретариатының яки 
канцеляриясының, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органының 
хызметкери) имзасы қойылады.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish