Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Мүрəжатлардың түрлери



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

5-статья. Мүрəжатлардың түрлери
Мүрəжатлар арзалар, усыныслар ҳəм шағымлар 
түринде болыўы мүмкин.
Арза – ҳуқықларды, еркинликлерди ҳəм нызамлы 
мəплерди əмелге асырыўда жəрдем көрсетиў ҳаққындағы 
илтимас баян етилген мүрəжат.
Усыныс – мəмлекет ҳəм жəмийет искерлигин 
жетилистириўге тийисли усынысларды өз ишине алған 
мүрəжат.
Шағым – бузылған ҳуқықларды, еркинликлерди тиклеў 
ҳəм нызамлы мəплерди қорғаў ҳаққында талап баян етил-
ген мүрəжат.
Мүрəжатлар, олардың түри ҳəм формасына қарамастан, 
бирдей əҳмийетке ийе.
1. Мүрəжатлардың түрлери.


32
Түсиник берилип атырған статья мүрəжатлардың үш түрин 
белгилейди: 
– арза;
– усыныс;
– шағым.
Юридикалық ҳүжжетлерде қолланылатуғын терминология-
ның анық болыўы ҳуқықый түсиниклерди дурыс қолланыўға 
ҳəм орынлаўға, пуқаралардың өз ҳуқықларынан жақсырақ 
пайдаланыўына ҳəм өзлерине жүкленген миннетлер-
ди орынлаўына жəрдем береди. Нызам ҳүжжетлеринде 
мүрəжатлардың ҳəр қыйлы түрлериниң айқын ажыратылыўы 
оларды көрип шығыўды тəртипке салыўға, нызамлылықтың 
улыўма жағдайындағы тенденцияларды, шахслардың талапла-
рын қанаатландырыў дəрежесин анықлаў ҳəм т.б. мақсетлерде 
бундай ислерди терең талқылаўға унамлы тəсир етеди. 
Мүрəжатлардың ҳəр бир түри өзине тəн өзгешеликке, демек, 
нормативлик жақтан анықланыўы тийис болған статусқа ийе.
1.1. Арза.
Түсиник берилип атырған статьяның екинши бөлими 
«арза» түсинигине ҳуқықларды, еркинликлерди ҳəм нызамлы 
мəплерди əмелге асырыўда жəрдем көрсетиў ҳаққындағы илти-
мас баян етилген мүрəжат, деп анықлама береди.
Арза түриндеги мүрəжат еки мақсетти гөзлеп берилиўи 
мүмкин: унамлы ҳəм унамсыз. Арза бериўшиге ямаса басқа 
шахсларға қандай да бир конституциялық ҳуқықлар яки ер-
кинликлерди əмелге асырыўда жəрдем көрсетиўди илти-
мас етиў – унамлы мақсет болып есапланады. Нызамлардың 
ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң бузылғанлығы, 
мəмлекетлик органлардың, пуқаралардың өзин өзи басқарыў 
органларының ҳəм лаўазымлы шахслардың жумысларындағы 
кемшиликлер ҳаққындағы мəлимлеме, яки көрсетилген ор-
ганлар менен лаўазымлы шахслардың искерлигин сынға алыў 


33
– унамсыз мақсетке жатады. Лекин буны шəртли түрде ғана 
унамсыз деп атаў мүмкин, себеби бундай арзалар тийкарынан 
нызамшылықты, мəмлекетлик органлардың, пуқаралардың 
өзин өзи басқарыў органларының ҳəм лаўазымлы шахслардың 
жумысларын оптималластырыў, жетилистириў мақсетин 
гөзлейди.
Унамлы мазмундағы арзаларға мысал ретинде квартира 
ҳақысын төлеў ушын субсидиялар ажыратыўды сорап социаллық 
тəмийнат органларына берилген арзаны, юридикалық шахс 
шөлкемлестирилгенлиги ҳаққында салық инспекциясы орган-
ларына берилген арзаны келтириў мүмкин. Нызамшылықтың 
бузылғанлығы ямаса пуқараның яки юридикалық шахстың 
ҳуқық ҳəм еркинликлериниң бузылғанлығы ҳаққында прокура-
тура органларына берилген арза унамсыз арза болып есаплана-
ды.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish