Ескертиў: Студенттиң тилек ҳәм усынысларын есапқа алып пәнге ийисли басқа темаларды студент өзине алыўы мүмкин.
VI. Студенттиң өзбетинше жумыслары
Усынылып атырған өзбетинше жумыслар темалары тиккелей студент тәрепинен орынланады, оны қадағалаў реферат жазыў, таңланған тема бойынша баянат ислеў, басқа студентлер қатнасында дискуссия шөлкемлестириў, бул темаларды аралық баҳалаў ушын киргизиў арқалы болады.
Студент өзбетинше жумыты орынлағанда пәннниң өзгешеликлерин есапқа алып төмендеги формаларды пайдаланыўы усыныс етиледи:
- Оқыў қолланбалары ҳәм оқыў-методикалық комплекс бойынша пәнниң баплары ҳәм темаларын үйрениў;
- арнаўлы әдебитлар боынша пәннниң бөлимлерин ямаса темаларын үйрениў;
- баянат ислеў;
- өз-ара саўал жуўап дискуссия өткериў.
VII . Пән бойынша студент билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў
Қадағалаў түрлери ҳәм формалары
Қадағалаў түрлери
|
Қадағалаў формасы
|
Ўақты
|
Жуўапкер
|
Аралық 1
|
Жазба жумыс, тест, аўызша сораў, коллоквиум ҳәм т.б.
|
10 ҳәптеде
|
Əмелий ҳәм лекция сабақларын өтиўши оқытыўшылар
|
Аралық 2
|
Билет сораўларына жазба жуўап болыў шәрти менен аўызша сәўбет
|
17 ҳәптеде
|
Əмелий ҳәм лекция сабақларын өтиўши оқытыўшылар
|
Жуўмақлаўшы
|
Жазба жумыс
|
20 ҳафта,
|
Бул пән бойынша оқыу сабақларын алып бармаған оқытыўшы
|
Студент билимин баҳалаў критериясы
баҳа
|
Критерия
|
«5»
|
- студент теманы терең ҳәм ҳәр тәреплеме өзлестирген;
- теманы исенимли түрде, логикалык түрде, избе излик пенен ҳәм саўатлы баянлаған;
- тийкарғы ҳәм қосымша әдебиятларда келтирилген мағлыўматларға сүйенген түрде өзлестирген илимий режелерди әмелий искерлик пенен байланыстыра алған;
- идеяларды дурыс тийкарлаған ҳәм дәлиллеген;
- жуўмақ ҳәм қарарлар ислей алады;
- тема бойынша берилген барлық саўалларға исеним менен жуўап бере алады.
|
«4»
|
- студент теманы анық биледи ҳәм оның мазмунын тийкарғы әдебиятларға тийкарланып баянлай алады;
- анық көринетуғын қәтелерге жол қоймаған,
- өзлестирген билимлерин әмелий искерлик пенен байланыстыра алады;
-илимий режелерди дәлиллейди;
- жуўмақ ҳәм қарар қабыл ете алады;
- тийкарғы түсиниклер системасын меңгерген.
|
«3»
|
- тема жеткиликли дәрежеде толық ашылмаған, оны тек ғана тийкарғы әдебиятлар көлеминде биледи;
- жүдә қопал емес қәтелер ҳәм анық емесликлерге жол қойған;
- билимниң әмелде қолланылыўын көрсетиўге қыйналады;
- жуўмақ ҳәм қарарларды айтыўда қыйналады;
-түсиниклер системасын толық емес меңгерген.
|
«2»
|
-темалардың көп бөлегин өзлестирмеген;
- теманы баянлаўда үлкен қәтелер ҳәм анық емесликлерге жол берген;
-билимлердиң әмелде қолланылыўын билмейди;
-илимий режелерди дәлиллеп билмейди;
-жуўмақ ҳәм қарар ислей алмайды;
-түсиниклер аппаратына ийе емес.
|
Do'stlaringiz bilan baham: |