527
10
биргеликте бир неше руўхый-ағартыўшылық илажларды әмелге асырады. Мәселен, улыўма
билим бериў мектеплери оқыўшылары ортасында «Мениӊ ҳуқық ҳәм миннетлерим»,
академиялық лицей оқыўшылары ортасында «Сиз нызамды билесиз бе?», жоқары оқыў
орынлары студентлери ортасында «Ҳуқық билимданлары» сыяқлы бир неше республикалық
көрик-таӊлаўларды бирге ислесиў тийкарында ҳәр жылы өткерип киятырғаны, бундағы
мақсет жаслардыӊ ҳуқықый мәдениятын асырыў, коррупция ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы
гүресиў сезимин қәлиплестириў, жәмийетте орнатылған ҳуқықларды ҳүрмет етиў сези-
минде тәрбиялаўдан ибарат. Академиялық лицей оқыўшылары ҳәр жылы өткерилетуғын
ҳуқық пенен байланыслы таӊлаўларда қатнасады ҳәм өзлериниӊ ҳуқықый саўатлылығын
асырады, өз теӊлеслери менен пикир алмасады, билимлерин беккемлейди.
Академиялық лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын асырыўда
сиясий
партиялардыӊ да хызмети үлкен. Сиясий партия — көзқараслар, мәплер ҳәм мақсетлердиң
бирлиги тийкарында дүзилген ҳәм өз алдына ҳәкимияттың мәмлекетлик органларын
қәлиплестириў ҳәм де олардың жумысында қатнасыўды мақсет етип қойған пуқаралардың
еркли бирлеспеси. Сиясий партиялар жәмийет ҳәм мәмлекет раўажына хызмет етеди. Сия-
сий партиялар ықтыярыйлық, тең ҳуқықлық, өзин-өзи басқарыў, нызамлылық, әшкаралық
принциплерине әмел етеди [4]. Сиясий партиялар жаслардыӊ сиясий ҳәм ҳуқықый
мәдениятын жетилистириўде, олардыӊ өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин аӊлап жетиўинде,
сондай-ақ елимиз нызамларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда билимлендириў мәкемелери
менен бирге ислесиўди жолға қойған. Мәселен, «Адолат» СДП ҳәр жылы академиялық
лицей оқыўшылары арасында «Адалат билимданы» таӊлаўын өткереди. Бул таӊлаўға ҳәр
жылы республика көлеминда бир қанша лицей оқыўшылары қатнасады ҳәм ҳуқықый би-
лимлерин асырып келеди. Партия академиялық лицейлер менен буннан басқа да бирқанша
илажлар өткереди, бундағы мақсет ҳәр тәреплеме билимли, жетик инсанды тәрбиялаў еса-
планады. Тек ғана «Адолат» СДП емес, елимиздеги басқада партияларда билимлендириў
мәкемелери менен бирге ислесип келмекте.
Академиялық лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын асырыўда ҳуқықый
үгит-нәсият жумысларын жүргизиўде ғалаба хабар қуралларыныӊ орны айрықша. Се-
беби, қабыл етилип атырған нызамларды, пәрман ҳәм қарарларды халыққа жеткериўде,
сондай-ақ ҳуқықый үгит-нәсиятларды жүргизиў арқалы жаслардыӊ өз ҳуқық ҳәм мин-
нетлемелерин түсинип жетиўи, түрли машқалаларына ҳуқықый шешим табыўда, әсиресе
интернет ҳәм социаллық тармақ арқалы
жаслар ишине кирип барып, олардыӊ ҳуқықый
саўатлылығын асырыўға байланыслы ҳуқықый материалларды берип барыўда хызметлери
бар. Ғалаба хабар қуралларыныӊ ҳуқықый хабар менен тәмийинлеўдеги ролин асырыў,
ҳуқықый үгит-нәсияттыӊ инновациялық усылларынан кеӊ пайдаланыў, соныӊ ишинде,
веб-технологияларды қоллаўды кеӊейтириў мақсетке муўапық екенлигин атап өтиў зәрүр.
Жуўмақластырып айтқанда, академиялық лицей оқыўшыларыныӊ ҳуқықый мәдениятын
асырыўда ҳуқықый үгит-нәсият илажларын турақлы өткериў, ҳуқықый саўатлылығын
асырыўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый үгит-нәсияттыӊ
инновациялық усылларынан кеӊ пайдаланыў, ҳуқықый бағдардағы веб-сайтларды көбейтиў
ҳәм нәтийжели әмелге асырыў талап етиледи.
Пайдаланылған әдебиятлар.
1. Жамиятда ҳуқуқий онг ва ҳуқуқий маданиятни юксалтириш тизимини тубдан
такомиллаштириш тўғрисида ПФ-5618-сон, 2019 йил 9
январь
2. Бородин И.И. Понятие, система, стороны и субъекты социального партнерства (срав-
нительно-правовое исследование) // «Трудовое право», 2006,
3. «Ижтимоий шериклик тўғрисида»ги Ўзбекистон Республикаси қонуни 2014 й
4. «Сиёсий партиялар тўғрисида»ги Ўзбекистон Республикаси қонуни 1996 й