Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
https://uza.uz/uz/posts/ozbekiston-respublikasi-suv-xozhaligi-vazirligi-faoliyatini-yanada-takomillashtirish-chora-tadbirlari-togrisida_255634
КИНО КӨРКЕМ ӨНЕРИ ҲӘМ САНААТЫН ЖАҢА БАСҚЫШҚА АЛЫП ШЫҒЫЎ, ТАРАЎДЫ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ СИСТЕМАСЫН ЖӘНЕ ДЕ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
https://uza.uz/uz/posts/kino-sanati-va-sanoatini-yangi-bosqichga-olib-chiqish-sohani-davlat-tomonidan-qollab-quvvatlash-tizimini-yanada-takomillashtirish-togrisida_255688
КИНЕМАТОГРАФИЯ ТАРАЎЫНДА МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲӘМ ДЕ ТАРАЎ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ ДӨРЕТИЎШИЛИК ИСКЕРЛИГИ УШЫН МҮНӘСИП ШАРАЯТ ЖАРАТЫЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
https://uza.uz/uz/posts/kinematografiya-sohasida-davlat-boshqaruvi-tizimini-takomillashtirish-hamda-soha-vakillarining-izhodiy-faoliyati-uchun-munosib-sharoit-yaratish-togrisida_255693
МҮБӘРЕК РАМАЗАН АЙЫН МҮНӘСИП ТӘРИЗДЕ ӨТКЕРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары
https://uza.uz/uz/posts/muborak-ramazon-oyini-munosib-tarzda-otkazish-togrisida_255981
ТУРИЗМ ҲӘМ СПОРТ МИНИСТРЛИГИ ДҮЗИЛДИ
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманды имзалады.
Пәрманға тийкарынан, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги ҳәм де Туризмди раўажландырыў мәмлекет комитети негизинде Туризм ҳәм спорт министрлиги дүзилди.
Туризм ҳәм спорт министрлиги туризм, дене тәрбиясы, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында бирден-бир мәмлекет сиясатын әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў органы есапланады.
Министрлик өз ўәкилликлери шеңберинде улыўма мәжбүрий болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыллаўға ҳақылы. Туризм, дене тәрбиясы, спорт ҳәм мәдений мийрас мәселелерине тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары мәжбүрий тәртипте Туризм ҳәм спорт министрлиги менен келисиледи.
Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң атқарыўшы структурасында:
Бас министр орынбасары - Туризмди раўажландырыў мәмлекет комитети баслығы лаўазымы сапластырылды;
Бас министр орынбасары - туризм ҳәм спорт министри лаўазымы киргизилди;
Спорт ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери хаткерлиги Туризм, спорт, мәденият ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери секретариаты етип қайта аталды ҳәм оның басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 15 етип белгиленди;
Тәлим, денсаўлықты сақлаў, мәденият, жаслар, руўхыйлық ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери хаткерлиги Тәлим, денсаўлықты сақлаў, жаслар, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери секретариаты етип қайта аталды ҳәм оның басқарыўшы хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 18 етип белгиленди;
Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаменти етип қайта аталды ҳәм оның басқарыўшы хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 7 етип белгиленди;
10 штат бирлигинен ибарат Мәдений мийрасларды қорғаў инспекциясы дүзилди. Мәдений мийрасларды қорғаў инспекциясы штат бирликлери Өзбекстанға тийисли шет елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының 10 штат бирлигин кемейтиў есабынан қәлиплестириледи.
Туризм ҳәм спорт министрлиги Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги ҳәм де Туризмди раўажландырыў мәмлекет комитетиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, сондай-ақ халық аралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланыўы белгиленди.
Do'stlaringiz bilan baham: |