Корреляциялық анализ жәрдеминде тийкарынан төмендеги еки түрдеги мәселе шешиледи:
Белгилер ортасындағы байланысты дәлийлеўши регрессия теңлемесин анықлаў ҳәм оны мәлим итималлық (исеним дәрежеси) пенен баҳалаў;
Байланыс тығызлығын анықлаў
Регрессиялық ҳәм корреляциялық анализди қолланыў ушын статистикалық топлам төмендеги бир неше талапларға жуўап бериўи керек:
Нәтийжелик белгиниң орташа муғдары жалған болмаслығы лазым;
Үлкен санлар нызамына тийкарланып тосынарлық қәтелердиң тәсири дерлик жоғалып кетиўи ушын топламның муғдары жетерлише үлкен болыўы зәрүр;
Топламның бирликлери өз-ара байланыспаған болыўы керек;
Нәтийжелик белги факторларының барлық мәнислеринде нормал бөлистириў нызамына бойсыныў яки оған жақын болыўы зәрүр.
Do'stlaringiz bilan baham: |