11
Кыраттыц баўрайына, ығырақ жерге тигилген, кийиз бенен иши- сырты жабылған қара үй уядай жыллы еди. Уйқыдан оянған Кайыр қулағын түрди. Тысқарыда малларды өриске айдап, олай-былай ерсили-қарсылы жүргенлердиц аяғы астында қар ғарш-ғарш етип, сес шығарып, күнниц әдеўир аяз екенлигинен дәрек берди.
Жигитти жол үстинен тапқан хорезмли саўдагер адайлар ишиндеги Жарқынбай атлы тамырыньщ үйинде қалдырып кеткенинен берли бир-еки қыс өткен болса керек, қанша екенин Кайыр еслей алмайды.
Ҳәзир жаралары жазылып, өзин тиклеп жүре алатуғын болған, атта да отыра алады, тепсе темир үзгендей күш-ғайраты да өзине қайтты, тек өзине ец кереклиси, оны инсан етип танытатуғыны— ол да болса ақыл-еси өзине қайтпады. Бул турысында оны ақылы кемис деп те айтыў қыйын, себеби ыссыны-суўқты, ашшыны- душшыны, керек болса жақсы-жаманды да парқлай алады, кемислиги: өзи ким, кимниц улы, туўған-туўысқанлары ким екенлигин, аўыл- ели қайдалығын ҳеш еслей алмайды.
Кыслаўдыц ақсақалы Жарқынбай баўыры кец, сақый адам екен. Жигит өзине келип, аяғына турғанша «кимсец», деп сорамады, ол пайытларда жазылмаған жаралары оныц қарақшылар таманынан тоналғанын, жәбир көргенин айтып турар еди. Бәрибир жөн-жосақ соралыўы дәркар, «адам тиллескенше, мал мөцирескенше», деп бийкар айтылмаған.
Шарўа жазлаўға шыққан күнлердиц биринде жылқыларды түўеллеп, барлаўға атланған Кайыр, бул ўақытлары оған қолынан келгендей жумыслар тапсырылған, төбешикке шығып, әтирапқа көз салды. Жылқылар қысы менен қар, жамғыр суўлары жайылып ызғары мол болған, сол ушын бәҳәрде көк шөби қалыц өскен түбекте жайылар еди. Аттан түсип, пәске қарап отырып қыял сүрди. «Мен киммен өзи, ата-анам ким, Ўатаным, журтым қай таманда?» деген ойлар қыйнады. Карақалпақ екенлиги, қалмақ ишинен таўып алынғаны, саўдагер кәрўанбасыныц сөзинен мәлим, бирақ қарақалпақлардыц мәканыныц қай таманларда екенлигин өзгелердиц айтқанына қарай дусмаллайды. Шалқалап жатып, узақ түнлер ец болмаса узақ балалығынан, бәлки бул да бала болғандур, ол гүмансыз, бирер ўақыяны есине алғысы, анасыныц, әкесиниц келбетин ядына алғысы келип ойласа да ҳеш нәрсени ядына түсире алмай, қыйналады. «Ҳеш
331
нәрсени», десек пүткиллей дурыс емесдур, рас сондай пайытларда көз алдына өнир моншақ таққан, тулымшағы салбыраған, орта бойлы, талдырмаш қыздын сүўрети елеслейди, қыялы менен қыздын бет- әлпетин еслегиси, атын ядына түсиргиси келип қыйналады, бирақ шырайлы ма, шырайсыз ба жүзи сәўлеленбейди, аты ядына түспейди. Барлы-жоқлы санасы зорығып, ақырында уйқыға кетеди. Ким екенлигим, қыздын елесинин ким екенлиги түслериме кирер, деп үмит етеди, бирақ қалмақ ишиндеги ўақыядан берли түс көрмейтуғын болған.
Аттын оқыранғанын еситип, изине бурылып еди, Жарқынбайдьщ дәдеги екен.
Ҳей қалпақ, деп даўыслады төменде турып. Сени Жарқынбай шақырып жатыр.
Ҳәзир қай жерде ол?
Қай жерде болар еди? Отаўында. Жазлаўда. Өзин жол таўып бара аларсан?
Хызметкердин сөзлеринен буны есаўас санап турғанын анғарған жигиттин ашыўы келди. Бирақ хызметкерге ҳеш нәрсе демеди. Ишинен «өз атын еслей алмаған адамды есиўас демей ким десин?» деп ойлап:
Болады. Ҳәзир келеди, — деп айт. Тоқтап тур, усы сенин атын ким еди?
Шалабай! Сенин нешинши сораўын, менин нешинши айтыўым, еслеп қал! — деди өзине «Шалабай» деп ат қойған ата-анасына наразы болған хызметкер жигит.
Енди еслеймен, Шалабай.
Бирақ Жарқынбайдын үйин таўып барса да, есикте хызметте турған Шалабайдын атын тағы умытты.
Кел жигит, дизе бүк, — деди Жарқынбай Қайырға.
Сон даўыслады.
Қымыз әкелинлер.
Ҳәзир, ҳәзир...
Киширек ыдыста қымыз әкелинди. Изинен гүмис тенгелердин сынғырлысы еситилип еди, ийеси де есикте көринди, узын бойлы, ақсары, шамасы он жети-он сегизлерге кирген қыз дастурхан жайып, ағаш зеренлерди қойып, шығып кетти. Гүмис тенгелердин сынғырлысы жигиттин ядына әлле нәрселерди түсиргендей болды. Қайырдын қыялындағы, лийкин жүзин көре алмайтуғын қыз бенен ақсары қыз ортасында қандайдур уқсаслық бар сыяқлы, туйылды.
Шалабай, қайда кеттин? Қымыз қуймайсан ба?
332
«Бағанағы жигит», деп ядқа алды Қайыр. «Атым Шалабай, деген еди».
Шалабай кирип, қымыз қуйды. Жигиттиц жүзинен наразылықты анласа болар еди.
Қымыздан ал, жигит, — деди Жарқынбай. Жылқы көкке тойынды, шамасы, қымыздан көк шөп ийиси кете баслапты. Өзиме, садаған кетейин қымыз бенен шубаттан бурқырап шығатуғын қыр шөбинин ийиси унайды. Өзгелер не ушын «көктин ийиси шығып тур», деп мурын жыйыратуғынына мен түсинбеймен. Үй ийеси бул гәплерди кимге қарата айтқаны намәлимлигинше қалды.
Ал, жигит, деп гәп баслады қымызға қанған Жарқынбай, сени ҳештенени еслей алмайды, өз атын да билмейди, деп жүрипти. Адам баласынын басына нелер түспейди, бәлки өзиннин ким екенинди, өтмишинди жасырып жүрген, әлле қандай ис қылып, душпанларьщнан қашып, бас саўғалап жүрген шығарсац? Ондай болса шынын айт, мен сени ҳеш кимге байлап бермеймен. Жарқынбай өз сөзинин ийеси, сөз айтса орынлайды, исенебер. Ол жигитке сораўлы нәзер менен тигилди.
Жигиттен жуўап күтер еди.
Жасыратуғын сырым бар ма, биреўлерден қашып бас саўғалап жүриппен бе, ен болмағанда өзимнин атым ким екенлиги ҳаққындағы саўаллар мени де ҳәр күни қыйнайды, — деди Қайыр басын төмен салып. Билгенимде жасырып отырмас едим.
Айтпақшы жана қымыз қуятуғын ыдыс әкелген қыз сизин қызыныз ба, аты ким?
Менин қызым. Аты Жарқынай, — деди жигиттин ҳәрекетине танланған Жарқынбай.
Өтмишимнен қыялымда бир қыздын елеси қалған, онын менен сизин қызыныз ортасында уқсаслық бардай, — деди жигит.
Қандай уқсаслық екен?
Билмедим.
Мейли, — деди өтмишин умытқан жигитти шын кеўилден аяған Жарқынбай. Өтмишинди бир күн саўалғанда еслеп аларсан. Ҳәзир мениц қонағымсац, емин-еркин усында жасай бер, зериксец жылқыны айланып, көцил сергитерсец.
Өз қыяллары менен бәнт болған жигит Жарқынбайдын сөзин мақуллап бас ийзеди.
Отаўдан шығып баратырып сыртта, ошақ дөгерегинде анасына көмеклесип жүрген қызды тағы гезлестирди. Не ушындур оған тигилип турып қалды. Соц шеткеридеги өзи туратуғын үйге қарай кетти.
333
Еси енип киятыр ма деймен, — деди қыздын анасы, бийшара әнедей жигит-ақ.
Онын еси жайында, — деди қыз. Тек өткендегилерин ядлай алмайды. Маған тигилип қалғанын көрдин бе? Биреўге шырамытты ма екен?
Қәйдем?
Яки мен оған унап қалдым ба? Қыз сьщғырлап күлди.
Әдеўир алыслаған жигит күлкини еситти. Иркилип, изине қарады.
Ненидур еслегиси келген сыяқлы басын услады.
Бийшаранын үстинен күлме! — деди анасы қызға. Қудай мийнет берген шығар.
Күлип атырғаным жоқ, ана, — деди қыз. Сенинше мени ҳеш ким унатпаўы керек пе?
Сени оннан да зорлары унатады, алтыным. Аланламай, етти атана алып кир.
Ишкериде, ана менен баланын сөйлескенин еситип отырған Жарқынбай муртынан күлип қойды.
Жарқынбай өтмишин еследи.
...Жарқынбайдын анасы табыннын ен сулыў қызларынан еди. Аўлақта ушырасып, кеўлиндегисин айтып еди, Толғанай адайдын бир тентегине атастырылғанын айтты. Той-тойлап, ән шырқап, төгилген сазы менен журтты аўзына қаратып жүрген Жарқынбай қызды алып қашты. Аўылын ерегирекке, тениз таманға көширип, той берип, хожалық болды. «Жесиримизди бер», деп келгенлер азшылық екен, қуры қол қайтты, қыз ушын төлеген қалынын қайтармақшы еди, «Қалынды саған төлемедик, қыз атасына төледик, берсен жесиримизди әкетейик» дегенлер ишлеринен тислерин қайрап кеткен екен. Арадан көп өтпей, қызық қуўалап кеткен Жарқынбай араға еки-үш ай салып, аўылға оралса сүйиклиси Толғанай жоқ. Жылап-сықлап отырған анасынан сорады:
Толғанай қәне?
Барымталап кетти!
Ким?
Баяғы жесир қуўып келгенлер.
Ол пайытларда Жарқынбай Толғанайсыз өмирди көз алдына келтире алмас еди. Тамырларында қаны көпирип қайнады, өзи басласа 334
өлимге де туўры барғандай дослары менен аўылласларын атландырып, өзи бас болып, Толғанайды излеўге кетти. Сорастыра-сорастыра дәрегин тапты, анлып жүрип аўылға бас салды, келиншегин әкеткен жигитти таяққа жығып, басқаларына қол қатпай, бир тышқақ ылағын ҳәм талан қылмай елге қайтты. Аўылын қарақалпаққа әкетпекши болды, душпанынан гүманлы еди, ақсақаллары менен ақылласты, «айтқаньщ жөн, ол жақта да ағайин көп, деген менен бир қазақ бир қазақтан қорқып, журт алмастырды», деген сөз қалмасын деп, усы таманларға келген еди.
Арадан көп өтпей екиқабат Толғанай жас босанып, қызлы болып, атын Жарқынай қойды.
Қайтып алып келинген Толғанай алдынғы күнлери есинен аўысқандай болып жүрди. Арадан бир-еки ҳәпте өткенде кешқурын келиншегинин жанына кирип еди, Толғанай:
Мен саған ҳарам болдым, — деп жылап жанына жолатпады.
Бундай ҳал көпке шекем даўам етип, жигит те, келиншек те
көп азапларды бастан кеширди.
Анасы аўыл ақсақаллары менен ойласыпты. Кешқурын баласын шақырып алып:
Билемен, келин де, сен де азап шегип жүрипсен. Байғаний ақсақал менен ойласып едим. Мусылманшылықта бул истин шешими бар екен, молланын алдында келиншегинди талақ қылып, сонынан гүўалар алдында қайта неке қыйдырса барлығы орнына түсер екен. Солай етейик, уллы истин уяты жоқ, балам, деп ақыл айтты.
Байғаний ақсақалдын ақылы пайда берди ме, я жигит пенен келиншек: «өткен иске салаўат», деп жаман күнлерге қол силтеп, өтмишти умытты ма, әйтеўир қайта неке қыйдырған сон ерли- зайыплылар татыў-татлы жасап кеткен еди. Тунғыш қыз Жарқынай туўылғанда келиншегинен көре жигит көбирек қуўанды. Арадан жыллар өтти. Жарқынайдан сон да талай перзент көрди.
Бир күни анасынын: «Усы Жарқынай кимге усаған өзи, қыз бала бола тура ул баладай өжет», деген, әйтеўир айтыла салған сөзи Жарқынбайдын жүрегин тилип өткендей болды.
«Жарқынай кимге усаған!?».
Гүманлы, кеўилсиз күнлерди ядқа салатуғын аўыр саўал еди.
335
Анасы менен қызынын әнгимеси Жарқынбайдын ядына сол гүманлы саўалларды әкелип, ашық аспан янлы кеўлинде бәҳәрдин аўыр бултларындай салмақлы ойларды пайда етти.
Оннан берли де арадан бир-еки жыл өтти. Қәдимгидей адамларға араласып кеткен менен өзинин өтмишин еслей алмағаны Қайырға аўыр батар, шашларына гүмис тенгелер тағылған, өнириндеги ҳәйкелде гүмис қоныраўлары шынғырлаған қыз қыялынан кетпесе де, оньщ жүзин еслей алмас еди.
Бир сапары алысырақ жайлаўдағы қонсы аўылға тойға атланды. Қасында өзи тенлес қызлар менен жигитлер болса да Жарқынайдын әкеси қыздын жанына гүзетши ҳәм хызметши сыпатында Қайырды қосып жиберди. Бул ўақытларда жигит өзинин туўры сөзли, ҳадаллығы менен көпшиликтин исенимине кирген еди.
Қайтарсын әдейи иркилди ме, көпшилик жөнеп кетпегенше қандайдур тағыншағын жоғалтқан Жарқынай қонақ болған отаўында иркиле берди, асықтырғанларға: «ҳәзир изинизден жетемиз, жөней беринлер», деген сон жигит-желенлер қосық айтып, әнлетип, кен даланы басына көтерип, кете барды. Отаўдын ишинде Жарқынай, тысқарыда атларды услаған Қайыр қалды.
— Әзер таптым, жоғалтқаным мынаў еди, — деп қуйма гүмис билезикти услаған қыз отаўдан шыққанда тойдан қайтқан қыз- жигитлер қыр асып кеткен еди.
Булар да атларға минип, жигит алдында, қыз изинде келе берди. Кеткенлердин қарасы көринбеди.
Жолға шыққанда аспан ашық еди, қәпелимде әлле қайлардан самал айдап келген қап-қара түнерген бултлар көкти қаплады, алысларда жарқ-журқ еткен найзағай бултлардын көксин тилип-тилип өтти, изинен гүркиреген сес жерди титиркендирип жибергендей болды. Аз ғанадан сон булардын төбесинде аспан қақ жарылғандай, көк гүркиреди дейсен, шақмақтын жасыл сәўлесинен жолаўшылардын көзлери қамасып, ҳәдсиз шыққан қатты даўыстан атлар үркип, дизгин тартқанына қарамастан басы аўған таманға қарай шаба жөнелди. Жигит пенен қыздын жүзине дәслепки тамшылар тамғаны да сол, изинен сондай етип нөсер қуйды. Атлар да қулақларын жымыйтып бир орында турып алды. Әтирап ашық, айдала, паналағандай ҳеш 336
нәрсе көзге тасланбас, егер ондай нәрсе: ески дийўал, пута, жар болғанда да әтирапты өз кушағына алған нөсердиц қалыц пердесиниц артына жасырынғанлықтан оны көриўдиц илажы болмас еди.
Әлемде ўақыт та, қуяш та, жуўырған андар менен адамлар да бир орында тоқтап қалғандай, ҳәммесиниц үстинен тек бәҳәр нөсери ғана хүкимдарлық ететуғындай туйылды. Арадан қанша өткени белгисиз, мәгар қолға усланған кесе толы қымызды симирип, жец менен муртқа ерген қымыз жуғын артып қойыўға қанша ўақыт сарыпланатуғын болса, сонша ўақыт нөсер жаўғандур, бәлки оннан көбирек ўақыт даўам еткендур, қулласы нөсер қалай етип күтилмегенде басланған болса, тап сондай күтилмегенде тосыннан, тап пышақ кескендей тыйылды. Буларды жаўратып өткен қара булт төбеден көшип барар, найзағай алысларда көкти тилкимлер, дөгеректе бәленттен пәске қарай аққан жамғыр суўларыньщ шарылдысы қулаққа шалынар еди. Айдалада тоқтаған еки атлыныц үстиндеги кийимлери сығып алғандай, тәбияттыц бул тентеклигине ҳайран болып бир-бирине қарасып қойды.
Жигиттиц түйе жүнинен тоқылған жуқа шекпени суў болса да етине жабыспапты. Қыздыц қынама бел мақпал бешпентиниц астындағы жуқа ҳәм нәзик матадан тигилген ақ көйлеги етине жабысып, толысып, жетилискен сийнесиндеги анарлары көзге тасланып, басындағы үкили сәўкеледен шығып турған бурымларынан суў тамып турар еди.
Ағатай, — деди қыз сыцғырлаған қуўнақ даўыс пенен. Көзден панарақ жай қыдырайық, үстимиздеги кийимлеримизди сығып алмасақ болмас.
Аз ғана жүрип, бир төбешиктиц етегинде иркилди. Ҳеш бир тири жан көзге тасланбас еди.
Атты усла, — деди қыз аттан түсип атырып. Өзиц де кийим- лерицниц суўын сықпайсац ба?
Ҳәзир. Жигит аттан түсип, еки атты услады.
Ары қарацыз, уяламан, әйтпесе...
Жигит терис қарады. Қыз бешпентин сықпақшы еди, суў сицип, аўырласып қалған мақпалды сығымлаўға нәзик қоллардыц күши келмеди. Ақырында бешпентти жигитке усынды.
22 — Ағабий 337
Қыз таманға арқасын қаратып турған жигиттин күшли қоллары ҳөлленген матаны сығымлап-сығымлап, қызға узатып еди, узатылған бешпентти услағандай қол созылмады. Ақырында жигит қыздын ескертиўин умытып, мойнын арқа таманға бурды.
Етине жабысып қалған бәтийин көйлегин үстинен шешип алып сығып турған қызға көзи түскен жигит лал болып қалды. Қыз жигиттин бурылғанын, жаланаш денесине көзи түсип турғанын абайласа да, тикленип қарамады. Көйлегин сығымлай берди.
Бешпентинди ал, — деди ақырын даўыс пенен.
Аттын үстине таслай сал, ағатай.
Қыздын жағымлы даўысынан өзине келген жигит еле жақсы таныс болмаған бир гөззал әлемге қәдем қойғандай болды, жүреги алып ушып, тилсимли, әжайып әлле нәрсеге талпынар еди. Ол не нәрсе еди, өзи? Көз алдына өнир моншағы сынғырлаған қыздын келбети келип тура қалды. Жүзи, жүзи қандай еди?
Күтилмеген ўақыя жүз берди. Жыллар бойы қандайдур думанлы перде артына тасланып, жүзин көрсетпей киятырған, өнир моншақ- ларындағы гүмис қоныраўлары жағымлы сынғырлайтуғын қыз Қайырға күлимсиреп қарап турар еди. Сол, сол қыз...деп ыныранды жигит. Бәниў-ғой! Аўа онын аты Бәниў еди! Қайыр кен даланы басына көтерип қышқырды.
Таныдым! Таныдым! Ядыма түсти! Онын аты Бәниў!
Жигиттин шаўқымынан шоршып түскен Жарқынай бәтийин
көйлегин кийип алды. Қос анары ығал матаны көтерип, анық билинип турар еди.
Нени таптын ағатай? Бәниў дегенин ким?
Бәниў, Бәниў!— деп тәкирарлар еди жигит. Мен оны излеп қалмақ ишине барған едим. Дорджи қалмақ. Онын уры көзли баласы, сол мени тонаған. Әлле нелерди ядына түсирип, иркилди. Думан перделеген көзлерин Жарқынайға тикти.
Сенин атын ким?
Менин атым ба? Жарқынай-ғой!
Жарқынай! Қандай сулыў ат! Жарқынай, сенин әнарларын...
338
Қайдағы әнарды айтасыз, — деп қыз пинҳамы күлди. Сон жигиттин кен қушағына өзин таслады.— Тонып кеттим, ағатай, жылытынызшы!
Өтмиши, қайғылы өтмишин неше жыллар бойы жоғалтып, жоғалтқан сунқарын тапқан саят киби далбыған жигит жыларын да, күлерин де билмес, ер адамньщ нәзери түспеген, бойжеткен қыздьщ денесин көргенде санасында қалғып жатырған ықлас пенен меҳир оянған ба, қушағына кирген қызды баўырына басып толғанар еди.
Мен таптым, таптым, билесен бе Жарқынай?
Нени ташъщыз, ағатай?
Өзимди таптым, Жарқынай, өзимди!
Өзимди дегениниз неси?
Атымды таптым!
Атыныз ким, ендеше?
Қайыр, менин атым, — деди мақтаныш пенен Әрепбайдын улы, Қайыр, темиршинин шәкирти, Қайыр!
Мен сизди ағатай деп билемен, Сизди ағатай деп айта берсем өкпелемейсиз бе?
Яқ, өкпелемеймен, Жарқынай.
Ондаше атланайық, — деди өзине келген қыз.
Дурыс айтасан, атланайық. Өзгелердин биз ҳаққында нелерди ойлап атырғанын қудай билсин?
Қай жердедур пошша торғай сайрай баслады. Атланғанлардын жүзин жыллы самал сыйпап өтти. «Самал көп өтпей үстимизди кептиреди», деп ойлады Қайыр. Сон Бәниў ҳаққында ойлады. Қыялында қабақ көтерип, шашбаўындағы гүмис тенгелер шынғырлап, суў алмаға баратырған қыздын келбети жанланды. Енди ол жүзин Қайырдан жасырмас, қыр мурыны менен сәл қыйықлаў қара көзлерин анық еследи. «Қайларда екен Бәниў, әҳ Бәниў?»
Жарқынбай аўылынын еситкен дәслепки жаналығы қонсы аўылда болып өткен тойдын тамашасы ҳаққында емес, ал буннан бир неше жыллар бурын қонысқа келип, ҳәммелерге таныс болып кеткен, бирақ аты-жөнин ҳеш ким, ҳәттеки өзи де билмегенликтен журт «қалпақ», деп шақыратуғын жигиттин өтмишин ядқа түсиргени ҳаққындағы жаналық болып, оны Жарқынбай ақсақалға өз қызы хабарлаған еди.
339
Қызыньщ жүрис-турысынан, онын кеўлинде қандайдур өзгерислер болғанын байқаған әке: «Жарқынай жигитке ашық болып қалмаса жарар еди», деп ойлады. Сонынан: «ашық болса неси бар» деген ой келди.
Жигитти отаўына шақырып әнгимелескен аўыл ақсақалы онын өтмишин тынлап отырып, гә басын шайқап түнерер, гә көзлеринде жас айланар, әдети бойынша еле басым болмаса да ақ араласып үлгерген сақалын тутамлап қояр еди. Бой-сыны келискен, палўан келбетли, баладай ақ кеўил жигиттин өтмишин ядына түсирип, өзине келиўи ақсақалды қуўандырды. Шымбай шәҳәринин ақсақалы Юсуп қызы Бәниў ҳаққында ойлады, сон өз ойын жигитке баян етти.
Қыздын тәғдири қыйын болған екен, не илаж, оны кимгедур сатып жиберген, қалын қалмақтын қай шетинен табасан? Арадан жыллар өтти, енди оны тапқанда да баяғыны қайтарып болмайды. Бас аман болса, қыз табылар, — деп жубатқан болды. Сон Шалабайды шақырып, тапсырма берди.
Үйирден қысыр бийе әкелип сойынлар, Қайырдын еси өзине оралыўын тойлаймыз. Атынды азлап өзгертемиз. Бурын Қайыр болсан, енди Қайырберди боласан, қүдирети күшли аллағой, ақыл-сананды өзине қайтарған. Жана атын кутлы болсын, деди Жарқынбай ақсақал толқынланып.
Көп нәрселер өзгерген еди. Ойлап-ойлап, Жарқынбайдын айтқаны туўры екенлигине көзи жеткендей болды. Кеўлинин бир жағы босап қалды, деген менен Бәниўди умытыў кереклигин, аўылда қалған, мәгар неше жыллар улын күтип есикке телмирген анасы ҳаққы, ен жақын қәдирданы Ережеп ҳаққы қыялындағы қызды умытыў кереклигин уғынғандай еди. «Анам сорлы тири ме екен? Ережеп узын бойлы жигит болғандур? Юсуп ақсақалдын ҳалы не кешти екен? Ақыры ол сүйикли қызы Бәниўден тирилей айрылды», деген ойлар ақшамлары мазасын алып, уйқысын қашырар еди.
Жарқынбай ақсақалдын ерке қызы Жарқынайдын Қайырға ашық болып қалғанын көкирек көзи соқырлардан басқалардын барлығы анғарған, жигит оны тойдан қайтқан күни-ақ билип алған, сол ушын, бул жөнинде ойламағаны мақул.
340
Аўыл ет жеп, қымыз ишип, бир жепинип қалды. Жигит-желец Қайыр менен қайтадан танысып, «енди қалпақ деп емес, ал Қайырберди деп шақырамыз!», десип, көкирек түйистирип, көрисип атты. Олардьщ ишинде Жарқынайдан тәмедарлар да баршылық болып, олар ишлеринен: «есине келмегени жақсы-ақ еди», деген ойға барған болса да әжеп емес.
Мереке қызған пайытта, палўанлар алысып, әншилер менен күйшилер кимиси көмекейинен, кими домбыраға жан ендиретуғын он бармағынан төгилген әсем сазы менен көпшиликтиц қулағыныц қурышын қандырып атырған майданға Жарқынбайдыц өзи де бир топар ақсақаллар менен кирип келди.
Халайық, қулақ салыцлар, деп даўыслады мерекени басқарып турған жигит. Жарқанбай ағамыздыц айтатуғын сөзи бар екен. Соны тыцлайық!
Қосықлар менен сазлар тынды. Палўанлар алысыўдан тоқтады. Қулақлар түрилди.
Халайық, деп жағымлы даўысы менен тынышлықты бузған Жарқынбай сөз баслады. Қазақ атамныц дәстүрин билесизлер, жылына бир-ақ рет, онда да Наўрызда төс тийгизип көриседи. Қайырберди, бери кел, сен қайта туўылдыц, соныц ушын уллы дәстүрди бузып, сениц менен көриссек ҳештецемиз кетпес!
Узын бойлы, қайыц денели, жасы қырқтан асқан, сақал-шашына ақ араласса да қыймылы жецил Жарқынбай менен узын бойлы, оныц үстине темиршилерге мегзеген ири денели, жигирмадан енди өтип жүрген жас жигиттиц қушақласып көрискени көпшиликтиц кеўлин елжиретти.
Әне, көрисип те алдық, — деп сөзин даўамлады Жарқынбай. Көпшилик биледи, бул жигитти хорезмли тамырымыз жарасы аўыр болғанлықтан бизге қалдырып кетип еди. Соннан берли де арадан жыллар өтти, бирақ алланыц ҳәмири менен күни бүгинге шекем оныц қарақалпақ екенинен өзге ҳеш биримиз, ҳәттеки оныц өзи де, ол ҳаққында ҳеш нәрсе биле алмадық. Бирақ қарақалпақ бойында, тәғдиринде қут, берекети бар адам болып шықты, ол келгели малымыз шығынсыз, жут пенен уры-қарыдан аман, жайлаўларымызда от мол,
341
өзимиз де ул перзентли болып, атын «Қалпақбай» қойдық. Енди ол аты-жөни жоқ «қалпақ» емес, ал бүгиннен баслап Қайырберди болды, өзин таныды, өтмишин ядына түсирди. Алла аяған шығар. Қалған жағында арамызда қаламан десе, еситип қойьщлар, биз бенен қаламан, десе өзим отаў тигип, мал бөлип берип, оц жағыма отырғызаман, ал елиме қайтаман, журтыма қайтаман десе, оған да қарсылығым жоқ, деп аз ғана иркилди. Соц даўамлады.
Уллы истиц уяты жоқ, — дейди бабам қазақ. Қудайдан жасыра алмаған соц, адамнан жасырып қәйттик. Қызым Жарқынайдыц Қайырбердини унататуғынын жалғыз мен емес, халық билип отыр. Егер оған Қайырбердиниц ықласы болса, пәтиямды бериўден басқа ойым жоқ, көрип турғаныцыздай ол бир ҳаялды хор қылмайтуғындай жигит, деп исенемен...
Соцғы гәпти биразлар хошлап, биразлар наразы кейипте күтип алды. Қыздыц қолынан тәмедарлар аз емес екени айқынласты. Жарқынбай оц қолын бәлент көтерип, шаўқымды басты.
Билесизлер, мениц сөзим сөз, Жарқынбай сөзин желге айтпайды, ол өз сөзиниц ийеси...
Билемиз, билемиз, — деп ғаўырласты көпшилик.
Буннан кейин саз-сәўбет бурынғыдай шалқымады. Әцгимениц тийкарғы ацғары Қайырберди атын алған Қайыр менен ақсақалдыц ерке қызы Жарқынай дөгерегине бурылған еди.
Тойдан соц Қайыр өзи ушын тигилген үйдиц шацарағына тигилип, шалқасына жатып, узақ ойланды.
Өтмиш алысларда қалған еди. Бәниўди умыта алмаслығын аттан анық түсинди. Бирақ Бәниўдиц енди санада, шийрин әрманлар менен азаплы еске түсириўде ғана жасайтуғыны, оннан қандайдур жақсы хабар еситиўден үмитдар болыўдыц өзи қыйын екенлиги түсиникли емес пе? Шетсиз-шексиз далалардыц қайсы мүйешиндеги жайлаўда шоры болып жүрген екен, сорлы Бәниў? Қайырдыц өзи емес пе еди, Бәниўсиз жасамаўды шешип, әжел излеген? Хорезм кәрўаны қалмақ арасынан таўып алмағанда өз шешимин иске асырған, дала қузғынлары көзин шоқып, белгисиз өликке айланып, ац-қусқа жем болғанда әрманына ерискен болар ма еди? Я алланыц өзи оны кәрўанға
342
гезикгирип, Жарқынайдай сулыўдын; дийдарын көриў бахтын сыйлады ма екен?
Қайсы ойыньщ дурыс екенлигине көз жеткере алмай уйқылап кетипти. Түс көрди. Өтмишин ядқа түсиргеннен берли көрген биринши түси еди. Дордж қалмақтыц қыслаўы емиш. Не ушындур бир неше мүйешли пәскелтек отаўды көрипти, отаўлардыц мүйеши болмайды, мүйеш дийўал өжирелерде болмайтуғын ба еди, деп ойлап үлгергенин, ишкериден қолына ыдыс көгерип, қандай ыдыслығын анық айыра алмады, дүц бе, гүзе ме, қабақ па, намәлим, бир ҳаял шығып өзине гуўры келе берди, қараса Бәниў!
— Бәниў, деп еки қолын созып умгылады, ал ҳаял ҳаўадан да жецил ме, яки бир елес пе, қолын созып қаншелли жуўырса да еки ортадағы аралық қысқармайды, я узармайды, елес жуўап га бермейди, сәл қыйықлаў қара көзлер тилсиз сөйлей баслайды, илажсыз, шарасыз тигиледи. Жигит елесген: «Қутқар, мени қутқар!» деген сөзди есигемен бе, деп пүткил денеси қулаққа айланып, күтеди, бирақ елес кем- кем алыслап, көзден ғайып болады. Жигит қолын созып, жер тепсинип жылайды, «Бәниў, Бәниў!» деп қышқырады. Өз даўысынан оянып кетеди.
Түргелип, түсин ядына түсирип, өзи жорый баслады. Не ушын Бәниў елеске айланды? Не ушын атын айтып қанша қышқырсам жуўап бермеди? Не ушын? Көкирекке ақырынлап суўық ҳәм қорқынышлы гүдик урланып кире берди. Ол, ол өлген... Бул пикиринен өзи шоршынып кетти. Жоқ, ол өлмеген. Сүйикли, гөззал, ец қәдирдан адамын өлимге қыйғысы келмеди. Санасында бир саўал бас көтерди. Күцликке, шорылыққа, тоқаллыққа қыяр ма едиц?
Оннан жаслай болса да өлип кеткени абзал, — деген шешимге келди. Заман әдалатсыз ба? Я адамлар ма? Анық жуўапты табыў ацсат емес еди.
«Ол өлген, ол елеске айланыпты... Тири болғанда сес берген болар еди». Ол өлген деген шешим басында орнығып қалды.
Арадан ҳәптелер өтти, қыз жигиттен үмитин үзбеди. Әкеси сырды сәл ертерек паш етпеди ме екен?
Ақырында жигит бир шешимге келди. Сәскеде анасыныц қасында, ошақ басында жүрген қызды ымлап шақырды.
343
Мен саған үйленбекшимен, — деди сыбырлап. Разымысан?
Қыз басын төмен салды. Жүреги дүрсилдеп, тайдай шапқылап
соға баслады. Ол жигиттен бул сөзлерди күткени қашшан. Бирақ «разыман», деп жигиттин мойнына асылыўға қызлық намысы жол қоймады. Билинер-билинбес етип, бас ийзеп қоя қойды.
Қыздьщ разы екенлигин анғарып үлгерген жигит Жарқынбайдьщ отаўына қарай кетти. Жигит кеўлиндегисин түўел айтты. Гүзде елине атланып, тойды сол жақта бермекши екенлигин қосып қойды.
Жарқынбай қызын жүги менен узатты. Бир түйеге отаў жүкленди. Бир үйир жылқы, боталы түйе, бир отар қой айдаған көшти аўыл жигитлери бир неше күнде Үстирттен аман-саў өткерип, Қонырат шәҳәринин төбесин көрип, излерине қайтты.
Сүйиклиси ушын қурбан болыўды, онысыз Шымбай шәҳәрине тири оралмаўды шешип, әжелге басын тиккен кешеги Қайыр— бүгин Қайырберди болып, бай көшти баслап, Қаракөл бойындағы қыпшақ аўылына асығар еди. «Пәлектин исине пәлен деп болмас», деп аталарымыз бийкар айтпаған қусайды...
Do'stlaringiz bilan baham: |